Экономика ҳәм тынышлық институты (Institute for Economics and Peace) тәрепинен таярланған изертлеў нәтийжелерине бола, республика 0,114 баллға ийе болған, бул болса терроршылық қәўип-қәтерлериниң оғада төмен дәрежесин көрсетеди.

Қәўипсизликтиң жоқары дәрежеси мәмлекеттиң туризм тараўын раўажландырыўдың тийкарғы факторларынан бири болып қалмақта. Турақлы жәмийетлик-сиясий орталық сырт елли саяхатшылардың исениминиң артыўына, туристлик саяхатлар географиясының кеңейиўине, халықаралық илажлардың өткерилиўине, жаңа туристлик бағдарлардың қәлиплесиўине хызмет етпекте.

Онда Өзбекстанда аэропортлар, темир жол вокзаллары, метро станциялары, туристлик объектлер, орайлық көшелер ҳәм басқа да жәмиетлик орынларды қамтып алған қәўипсизликти тәмийинлеў системасы жаратылғаны әҳмийетли роль атқармақта. Бул арқалы республика саяхат ушын қолайлы ҳәм исенимли бағдар сыпатында абырайын беккемлемекте.

Бай тарийхый-мәдений мийрасы, раўажланған инфраструктурасы ҳәм миймандослық дәстүрлери менен туристлерди өзине тартып атырған Уллы жипек жолының қалалары - Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа, сондай-ақ, заманагөй Ташкентке жыл сайын көбирек сырт ел мийманлары келмекте.

Орайлық Азияның басқа мәмлекетлери - Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Түркменстан да жоқары қәўипсизлик көрсеткишлерин көрсетпекте. Региондағы қолайлы орталық трансшегаралық туризмди раўажландырыў, биргеликтеги туристлик маршрутларды қәлиплестириў, Орайлық Азияны қәўипсиз ҳәм тартымлы туристлик бағдар сыпатында алға қойыў ушын қосымша имканиятлар жаратпақта.

Global Terrorism Index 2026 нәтийжелери Өзбекстан туризм, бизнес ҳәм халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ушын қолайлы болған турақлы, исенимли ҳәм қәўипсиз мәмлекет статусын сақлап қалып атырғанын тастыйықлайды.