Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў,
өз-ара туристлер ағымын көбейтиў, сондай-ақ, еки мәмлекет туризм тараўы
ўәкиллери арасындағы тиккелей байланысларды беккемлеў перспективалары
додаланды.
Тәреплер туризм тараўындағы маркетинг изертлеўлери ҳәм статистикалық
мағлыўматлар, сондай-ақ, өз-ара туристлер ағымын көбейтиўге қаратылған тийкарғы
тенденциялар бойынша турақлы мәлимлеме алмасыўды жолға қойыўға келисип алды.
Сөйлесиўлердиң даўамы сыпатында Ташкент ҳәм Манама арасында тиккелей
авиақатнаўларды жолға қойыў мәселеси додаланды.
Сондай-ақ,
тәреплер туризм тараўы ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын өз-ара инфотур
ҳәм пресс-турлар шөлкемлестириў бойынша жумысларды даўам еттириўге келисип
алды. Баҳрейн тәрепине 25-27-ноябрь күнлери Ташкент қаласында өткерилетуғын
"Жипек жолында туризм" Ташкент халықаралық туризм ярмаркасында,
сондай-ақ, 2027-жылдың Халықаралық турақлы ҳәм өмиршең туризм жылы деп
жәрияланыўына бағышланған илажларда қатнасыў усыныс етилди.