Системада кеминде 15 жыл ислеген хызметкерлердиң ипотека кредитиниң бир бөлегин қаплаў ушын 50 миллиард сум ажыратылды. Усы имканият арқалы келеси жылы 1 мың медицина хызметкери жаңа турақ жайға көшип өтеди.
Бул имканият жас кадрлар ушын да енгизиледи: ҳәр жылы 500 жас медицина хызметкериниң ипотека кредити басланғыш төлеминиң 25 проценти қаплап бериледи.
Келеси жылдан алыс аймақларда ислейтуғын барлық шыпакерлердиң айлық қосымша үстемеси 2 миллион сумнан 4,5 миллион сумға арттырылады. Бундай аймаққа жумысқа кирген шыпакерге 50 миллион сум бир мәртелик хошаметлеў пулы да бериледи.