iPhone 18 Pro ҳәм
iPhone 18 Pro Max жаңа процессорға ийе болды. Чип 6 ядролы
орайлық процессор ҳәм 7 ядролы графикалық тезлеткиш пенен тәмийинленген. Apple мағлыўматларына бола, графикалық
өнимдарлық алдынғы әўладқа салыстырғанда 40 процентке шекем артқан, деп
жазбақта Rg.ru.
Компания жасалма интеллект функцияларына айрықша
итибар қаратты. A20 Pro
процессори қурылманың өзинде қурамалырақ модельлер менен ислесиўге
мөлшерленген. Жаңаланған Siri
қосымшалар менен терең интеграцияға ийе болды, пайдаланыўшы мағлыўматларын
қайта ислеў көбирек жергиликли түрде әмелге асырылады.
Әҳмийетли өзгерислер камераларға да тийисли болды. Еки
модель де өзгериўшең диафрагмаға ийе 48 мегапикселли тийкарғы камераға ийе
болды, ол кирип атырған жақтылық муғдары ҳәм кескинлик тереңлигин тәртипке
салыў имканиятын береди. Буннан тысқары, Apple смартфонлардың суўытыў системасын
қайта ислеп шықты ҳәм олардың автоном ислеў ўақтын көбейтти.
Быйылғы реңлер өткен жылғыға қарағанда сезилерли
дәрежеде тыныш: қара, гүмис рең, Glacier музлығы ҳәм жаңа Burgundy виносы.
Презентацияның тийкарғы күтилмеген жағдайы Apple компаниясының биринши бүкленетуғын
смартфоны - iPhone Duo
болды. Оның бүкленген жағдайында диагоналы 5,4 дюйм болған сыртқы дисплей
орнатылған. Ашылғаннан соң пайдаланыўшыға 7,6 дюйм диагоналдағы ишки экран
ашылады. Смартфон A20 Pro
процессорында ислейди ҳәм бир ўақыттың өзинде бир неше қосымшаны иске қосыў
арқалы көп жумыслылықты қоллап-қуўатлайды.
iPhone Duo
корпусы титан ҳәм керамикалық талшықлар жәрдеминде таярланған. Компания Face ID орнына қаптал түймеге
орнатылған Touch ID
бармақ излери сканеринен пайдаланған. Ишки дисплейдиң фронтал камерасы экранның
астында жайласқан. Смартфон IP68
стандарты бойынша суў ҳәм шаңнан қорғалған.
АҚШта iPhone
18 Pro
баҳасы 1199 доллардан, iPhone
18 Pro Max 1299 доллардан басланады. Ҳәр еки моделде 256 Гб, 512
Гб, 1 ТБ ҳәм 2 ТБ дисклер бар. Буйыртпалар 12-сентябрьден, сатыўлар болса
18-сентябрьден басланады.
Кейинирек iPhone Duo сатыўға шығарылады. Оның баҳасы 256
гигабайтлы версия ушын 1999 доллардан басланады. Топлағыштың максимал көлеми 2
ТБ болады. Буйыртпалар 16-октябрьден, сатыўлар болса 23-октябрьден басланады.
Apple
смартфонлардан тысқары Apple
Watch Series 12 ни таныстырды. Ақыллы саатлар жаңа S11 процессоры ҳәм жүрек соғыў тезлигин
тез-тез өлшеў имканиятын беретуғын жаңаланған сенсор системасына ийе болды.
Жаңа программалық имканиятлар қатарында жазылған
даўыстың ақырғы 15 секундына қайтыў ҳәм оның расшифровкасын алыў имканиятын
беретуғын Live Rewind
ҳәм Siri Recap
- күн даўамында алынған мағлыўматлар тийкарында сводкалар жаратыў имканияты да
бар екенлиги айтылды. Бул имканиятлар 2026-жылдың ақырында бета-версияда пайда
болады ҳәм дәслеп инглис тилинде болады.
Apple Watch Ultra
4,
сондай-ақ, S11
процессори ҳәм жаңаланған жүрек соққысы датчиклерине ийе болды. Автоном режимде
ислеў ўақты әпиўайы пайдаланыўда 50 саатқа шекем, энергия үнемлеўши режимде болса
84 саатқа шекем арттырылды.
АҚШта Apple
Watch Series 12 баҳасы 399 доллардан, Apple Watch Ultra 4 799 доллардан
басланады. Буйыртпалар алдыннан ашылған болып, ҳәр еки модельдиң сатылыўы
18-сентябрьден басланады.
Және бир жаңалық AirPods 5 болды. Apple акустикалық системаны қайта ислеп
шықты ҳәм актив шаўқымды бастырыўды жақсылады: компанияның мәлим етиўинше, оның
нәтийжелилиги AirPods 4
пенен салыстырғанда 50% ке артты.
Қулақлықлардың үлкен версиясында даўыслықты аяқшасы
бойынша жылыстырыў арқалы өзгертиў имканияты жаратылды. Актив шаўқым бастырыў
иске түскенде автоном ислеў ўақты бес саатқа жетеди.
AirPods 5
тийкарғы версиясы 129 доллар, сымсыз қуўатландырыў қутысына ийе модели 149
доллар турады. Буйыртпалар алдыннан қабылланып атыр, наушниклер 18-сентябрь
күни сатыўға шығарылады.
Apple
смартфонларының алдынғы әўлады 2025-жылдың сентябрь айында таныстырылған еди.
Сол ўақытта компания iPhone
17, iPhone Air, iPhone 17 Pro ҳәм iPhone 17 Pro Max ты
ислеп шығарды.