"Бир Ўатан, бир халық болып, жаңа турмыс ҳәм келешек жаратамыз!" сүрени астында өткерилип атырған бул ийгиликли басламалар Әмиўдәрья районында да қызғын басқышқа кирген. Районның барлық аймағында көшелер, мәҳәллелер, жәмийетлик орынлар, билимлендириў мәкемелери ҳәм шөлкемлердиң әтирапын абаданластырыў, көклемзарластырыў сыяқлы кең көлемли дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылмақта.
Илажлар тек ғана аймақларды және де абат етиў емес, ал халықтың саламат, таза ҳәм қолайлы жасаўы ушын абадан орталық жаратыўға хызмет етпекте. Атап айтқанда, тазалық ҳәм тәртипти тәмийинлеў илажлары көрилмекте. Шығындылар өз ўақтында алып шығылып, тереклер, саяманлы путаларға ислеў берилип, суўғарыў тармақлары тәртипке келтирилмекте.
Бул илажларда Әмиўдәрья районы санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминиң жәмәәти де белсене қатнаспақта. Бөлим хызметкерлери өзине бириктирилген аймақларда шембилик өткерип, имарат әтирапы ҳәм тутас аймақларды тәртипке келтирмекте. Жап ҳәм салмалар ылай ҳәм шығындылардан тазаланып, жабайы шөплер орып тасланбақта. Аймақлар абаданластырылып, таза ҳәм көркем орынға айландырылмақта.
Сондай-ақ, районлық спорт бөлими ҳәм Қыпшақ мәмлекетлик тоғай хожалығы хызметкерлери де улыўма халықлық абаданластырыў илажларында белсене қатнаспақта. Олар аймақларды тазалаў, жасыл майданларды тәрбиялаў, терек нәллерин егиў ҳәм жасыл аймақларды қәстерлеп сақлаўға мүнәсип үлес қоспақта. Түрли тараў ўәкиллериниң биргеликтеги ҳәрекетлери районда дөретиўшилик орталығын және де беккемлеп, халықтың экологиялық жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етпекте.
Бундай шембиликлер ана тәбиятқа меҳир-муҳаббат, байланыслылық ҳәм елдиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосыў сезимлерин және де күшейтеди. Неге дегенде, таза ҳәм абат мәҳәлле, таза көше және жасыл аймақлар - саламат турмыс тәризи, қолайлы турмыс ҳәм абадан келешектиң әҳмийетли факторы болып есапланады. Мине, усындай ийгиликли басламалардың әмелий көриниси сыпатында Әмиўдәрья районында да халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламлары, атап айтқанда, жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахслардың жағдайынан хабар алыў, жасаў шараятын жақсылаўға қаратылған системалы жумыслар жолға қойылды.
Соның ишинде, Әмиўдәрья районы "Инсан" социаллық хызметлер орайының жуўапкер хызметкерлери тәрепинен "Жалғыз кексе" реестрине киргизилген, турақлы итибар ҳәм ғамхорлыққа мүтәж пуқаралардың шаңарақларында шембилик жолы менен тазалық ҳәм абаданластырыў илажлары шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, районның Чайкөл аўылындағы жалғыз жасаўшы, майыплығы болған шахслар Рахима Жуманиязова ҳәм Тохта Сабурова, сондай-ақ, Уйшин мәҳәллесиниң тап сондай пуқарасы Шавкат Рахимбаевтың шаңарақлары тазаланды.
Процесс даўамында турақ жайлар ҳәм әтирапында жайласқан тереклердиң түплери ҳәкленип, әтирапқа форма берилди. Буннан тысқары, терең тазалаў жумыслары орынланып, ҳәўли ҳәм үй әтирапы ҳәр қыйлы турмыслық шығындылар, жабайы шөплерден тазаланды. Әҳмийетлиси, үй ийелериниң кеўли жарқынласты. Ақыры бундай илажлар тек ғана физикалық мийнет ямаса тазалаў жумысларынан ибарат емес. Жуўапкерлер бул пуқаралардың ҳалынан хабар алды. Олардың жасаў шараяты, денсаўлығы ҳәм руўхый жағдайы үйренилди. Олар менен қызғын сәўбет өткерилип, медициналық, психологиялық ҳәм басқа да түрдеги турмыслық-социаллық хызметлерге мүтәжлиги талланды. Усы тийкарда тийисли мәсләҳәт көрсетпелер берилди.
Бундай ийгиликли жумыслар мәҳәллелерде мийрим-шәпәәт, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршиликти және де беккемлеўге хызмет етпекте.
- Аймақлардағы кең көлемли абаданластырыў илажлары мәҳәллелердеги орталықты өзгертип атыр. Әҳмийетлиси, халық шембиликте белсене қатнасып, ең уллы ҳәм ең әзиз байрамымызға мүнәсип таярлық көрмекте. Абатлық кеўилден басланады, деп бийкарға айтылмаған. Шембилик хабары ўатанласларымыздың кеўлине нур алып кирди. Енди олар әтирапты тазалап, тәртипке келтириўге бел байлаған, - дейди Әмиўдәрья районы ҳәкиминиң орынбасары Жасур Яхшимов. - Районымыздың барлық аўыл ҳәм мәҳәллелеринде улыўмахалықлық шембиликлер қызғын даўам етпекте. Процессти және де жеделлестириў ушын аймақларға арнаўлы техникалар тартылып, аўыр қол мийнетин талап ететуғын жумысларда халыққа жақыннан жәрдем берилмекте.
Бүгин қарақалпақстанлылар үйин, жумыс орнын, әтирапын - Ўатанын тазалаўға кирискен. Олардың қәлбиндеги нур болса жүзинде де сәўлелениўин көриў мүмкин. Усының өзи-ақ халқымыз " Бир Ўатан, бир халық болып, жаңа турмыс ҳәм келешек жаратамыз!" деген уллы мақсет жолында бирлескениниң әмелий көриниси болып есапланады.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы