Түркий дүньяның әййемги тарийхы, бай илимий ҳәм мәдений мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўдай оғада әҳмийетли жумысқа мүнәсип үлес қосып киятырған сиз, әзизлерди бүгинги халықаралық конгресстиң ашылыўы менен шын жүректен қутлықлайман.

Буннан жүз жыл бурын, 1926-жылы Баку қаласында өткерилген Биринши Тюркология қурылтай түркий халықлардың илими ҳәм мәдений турмысының раўажланыўында жаңа дәўирди баслап берген үлкен тарийхый ўақыя болды. Бул қурылтайда 11 белгили өзбек зыялысының қатнасқанын биз бәрқулла мақтаныш пенен еслеймиз.

Бүгин бул қутлы сәнени халықаралық жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында кеңнен белгилеймиз, бул әнжуман түркий халықларды бирлестирип турған уқсас қәдириятларға жоқары ҳүрмет белгиси болып есапланады.

Миллий ядымызда өшпес из қалдырған тарийхый қурылтай ҳаққында сөз еткенде, әлбетте, түркий дүнья жадидлериниң ең уллы хызметлерин және бир мәрте тән аламыз.

Ҳақыйқатында да, XIX әсирдиң ақыры ҳәм XX әсирдиң басларында уллы ағартыўшы Исмоил Ғаспирали “Тилде, пикирде, исте бирлик” деген ийгиликли идея тийкарында баслап берген үлкен жумыслар пүткил түркий дүньяда қүдиретли миллий ояныў ҳәрекетине айланды.

Бул ҳәрекет қатарларында Өзбекстаннан Маҳмудхожа Беҳбудий, Абдурауф Фитрат, Мунавварқори Абдурашидхонов, Абдулла Авлоний, Ишоқхон Ибрат, Абдулҳамид Шолпан ҳәм Абдулла Қадирий сыяқлы пидайы зыялылар белсене қатнасып, түркий халықлар арасында илимий-ағартыўшылық, тәлим-тәрбия ҳәм мәдений раўажланыў идеяларын кеңнен ен жайдырыўда айрықша жанкүйерлик көрсетти.

Олар жүдә қыйын шараятта мектеплер, газета ҳәм журналлар, музейлер, китапхана ҳәм театрлар шөлкемлестирип, өзлериниң сабақлықлары, оқыў қолланбалары, реформаторлық руўхы менен суўғарылған көркем шығармалары, жәмийетлик-сиясий жумысы менен түркий дүньяның кең мәканын жаңа, заманагөй нәпес пенен толтырды.

Тилекке қарсы, езиўши сиясат себепли бул қаҳарман ата-бабаларымыздың тийкарғы бөлеги аянышлы репрессиялардың қурбанына айланды. Бирақ олардың ийгиликли идеялары, илимий мийрасы ҳәм ағартыўшылық дәстүрлери биз ушын бүгинги күнде де ибрат мектеби болып хызмет етпекте.

Жаңа Өзбекстанда тарийхый әдилликти тиклеў, жадид ғайраткерлериниң мийрасын терең үйрениў, олардың илимий ҳәм әдебий шығармаларын кеңнен үгит-нәсиятлаў, теберик исмлерин мәңгилестириў ҳәм жас әўладты олардың руўхый мәртлиги руўхында тәрбиялаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Ҳүрметли конгресс қатнасыўшылары!

Уллы ата-бабаларымыздың бай илимий ҳәм руўхый мийрасы, олардың илим ҳәм ағартыўшылық, кең дүньяқарас, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар тийкарында еркин ҳәм абадан турмыс қурыўға қаратылған идеялары биз ушын ҳәзир де үлкен әҳмийетке ийе.

Түркий мәмлекетлер менен илим, мәденият, билимлендириў ҳәм инновация тараўларындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўда биз, әлбетте, өтмиштеги улыўма унамлы тәжирийбемизге де сүйенемиз.

Әлбетте, дүнья раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойып атырған ҳәзирги шараятта тюркология илиминиң алдында да жаңадан-жаңа әҳмийетли ўазыйпалар пайда болмақта.

Әсиресе, жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў, қолжазбаларды санластырыў, улыўма түркий электрон сөзликлер ҳәм тил корпусларын жаратыў, тарийхый дереклерди биргеликте изертлеў, жас тюрколог изертлеўшилерди қоллап-қуўатлаў ҳәм академиялық алмасыў бағдарламаларын кеңейтиў сыяқлы бағдарларда биргеликте жумыс алып барыўды заманның өзи талап етпекте.

Биз бул бағдардағы бирге ислесиў перспективаларын және де кеңейтиў мақсетинде биринши Тюркологиялық қурылтайының 100 жыллығы мүнәсибети менен түркий мәмлекетлердиң жетекши илимий орайларының қатнасыўында “Түркий дүнья ағартыўшылары” халықаралық илимий-энциклопедиялық жойбарын жаратыў және жадидшилик ҳәрекети ғайраткерлериниң барлық шығармалары ҳәм архив ҳүжжетлериниң бирден-бир санлы китапханасын қәлиплестириўди усыныс етемиз.

Бул халықаралық конгресс тюркология тараўындағы илимий бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў, нәтийжели изертлеўлер ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, түркий халықлардың дослығы ҳәм аўызбиршилигин беккемлеўде әҳмийетли тарийхый қәдем болатуғынына исенемен.

Мине, усындай оғада жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жумыста белсене қатнасып киятырған сиз, әзизлерге беккем денсаўлық, илимий ҳәм дөретиўшилик жумысыңызда жетискенликлер ҳәм әўметлер, конгресс жумысына болса табыслар тилеймен.

Бәршеңизди қутлы сәне - Биринши Тюркологиялық қурылтайының 100 жыллығы менен қутлықлайман.

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти