Мәмлекет басшылары Низамий Ганжаўий естелиги жанына нәл отырғызды.
Жетекшилерге университет комплексин қурыў процесслери, билимлендириў инфраструктурасы ҳәм кампусын раўажландырыў режелери ҳаққында мағлыўмат берилди.
Кампустың қурылысы 40 гектар майданда еки басқышта әмелге асырылмақта. Бул жерде 20 мың студентке мөлшерленген оқыў имаратлары, 5 мың орынлық жатақханалар шөлкемлестириледи.
Биринши басқышта 5 қабатлы 12 мың орынлық оқыў имараты, заманагөй лаборатория комплекси қурылды.
Президентлер кампуста жаратылған оқыў ҳәм илимий орталық, мәлимлеме-ресурс орайы, Низамий Ганжаўий мийрасына бағышланған музей экспозициясы менен танысты.
Музейде уллы әзербайжан шайыры ҳәм ойшылы Низамий Ганжаўийдиң өмири ҳәм дөретиўшилиги, оның бай руўхый мийрасы, өзбек ҳәм әзербайжан халықлары арасындағы көп әсирлик мәдений ҳәм әдебий байланыслар көрсетилген.
Мәмлекет басшылары билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларындағы байланыслар туўысқан халықларымызды және де жақынластырыў, жас әўладты улыўма руўхый қәдириятлар руўхында тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.