Ашылыў мәресиминде Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов, Мектепке
шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Эъзозхон Каримова, Халықаралық
информатика олимпиадасының президенти Сун Тек Тан, халықаралық шөлкемлер ҳәм IT тараўының
ўәкиллери, устазлар ҳәм олимпиада қатнасыўшылары қатнасты.
Мәресим шеңберинде IOI 2026 қатнасыўшы мәмлекетлериниң
делегациялары тамашагөйлерге салтанатлы түрде таныстырылды. Ҳәр қыйлы
мәмлекетлерден жас программистлердиң бир сахнаға шығыўы олимпиаданың
халықаралық екенин және бир мәрте көрсетти.
Мәресимде шығып
сөйлеген Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов IOI 2026 қатнасыўшыларын
қутлықлап, олимпиаданың Өзбекстанда өткерилиўиниң өзине тән символикалық
мәнисин атап өтти.
"Бул
олимпиада Өзбекстан ушын не ушын әҳмийетли? Себеби соңғы жыллары мәмлекетимизди
IТ ҳәм жасалма интеллект орайына айландырыўға үлкен итибар қаратпақтамыз.
Өзбекстан, бәринен бурын, бай илимий ҳәм тарийхый мийрасы менен белгили. Улли
бабамыз Мухаммед ал-Хорезмий аты "алгоритм" атамасына тийкар болды,
оның алгебраға тийисли шығармалары бул пән раўажланыўына үлкен үлес қосты.
Соның ушын бүгин
илимниң раўажланыўына үлкен үлес қосқан ата-бабаларымыздың Ўатанында дүньяның
ең талантлы жас программистлерин қабыл етип атырғанымыз айрықша рәмзий мәниге ийе.
Сизлерди Өзбекстан тарийхы, ата-бабаларымыздың илим ҳәм технологияларды
раўажландырыўға қосқан үлеси менен тереңирек танысыўға мирәт етемен", -
деп атап өтти министр.
Халықаралық
информатика олимпиадасының президенти Сун Тек Тан жарыстың Өзбекстанда өткерилиўи,
оның қатнасыўшылар ҳәм халықаралық жәмийетшилик ушын әҳмийетли екенлигин атап
өтти.
" IOI шөлкемлестирилгенде
оның ўазыйпасы әпиўайы, бирақ терең мазмунға ийе еди: талантлы жасларды
анықлаў, оларды информатика тараўында жоқары жетискенликлерге умтылыўға
илҳамландырыў, олар бир-биринен үйрениўи мүмкин болған халықаралық платформаны
жаратыў. Бүгин бул ўазыйпа ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли.
Технологиялық
раўажланыўдың артында бәринен бурын талантлы инсанлар турады. Келешек тек ғана
тез компьютерлер ямаса күшли алгоритмлер менен белгиленбейди. Оны қыйын
ўазыйпаларды шешиўге умтылатуғын жаслардың дөретиўшилиги, излениўшеңлиги,
ҳадаллығы ҳәм исенимлилиги қәлиплестиреди.
Соның ушын да IOI
сыяқлы жарыслар үлкен әҳмийетке ийе. Олар жасларды өз алдына үлкен мақсетлер
қойыўға, өз имканиятларын сынап көриўге, жетикликке умтылыўға шақырады. Буннан
тысқары, олар ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң жасларын бирлестирип, информатиканың
раўажланыўына үлес қосатуғын, жәмийеттиң абаданлығына хызмет ететуғын
халықаралық жәмийетшиликти қәлиплестиреди", - деп атап өтти Сун Тек Тан.
Ашылыў мәресими
даўамында мийманлар ҳәм қатнасыўшылар ушын Өзбекстанның миллий мәденияты ҳәм
көркем өнерин заманагөй технологиялар менен бирлестирген музыкалы ҳәм сахналық
шығыўлар шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ,
тамашагөйлерге программаластырыў процесин сәўлелендириўши визуал анимация
көрсетилди. Мәресим 38-Халықаралық информатика олимпиадасының рәсмий басланыўы
болды.
IOI 2026
шеңберинде ҳәр қыйлы мәмлекетлерден келген жас программистлер программаластырыў
ҳәм алгоритмлеў тараўындағы билим ҳәм көнликпелерин көрсетеди.
Олимпиада тек
ғана жас қатнасыўшылардың интеллектуаллық потенциалын көрсетиў майданы емес, ал
тәжирийбе алмасыў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм дүнья IТ
жәмийетшилигин беккемлеў ушын әҳмийетли платформаға айланады.