Иордания Патшасы мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, дос Өзбекстан халқына тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Сөйлесиўде Самарқандта болып өткен мазмунлы сөйлесиўлер ҳәм олардың жуўмағында ерисилген әҳмийетли келисимлер еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыўында жаңа бет ашқаны айрықша атап өтилди.

Еллеримиз арасындағы парламентлераралық байланыслар, исбилерменлик кооперациясы ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жетекшилер сиясий сөйлесиўди даўам еттириў, саўда-экономикалық бирге ислесиўди және де тереңлестириў, сондай-ақ, болажақ жоқары дәрежедеги илажларға пуқта таярлық көриў әҳмийетли екенин атап өтти.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.