Пәрманға бола, 2026/2027-жылғы жылытыў мәўсиминде 2026-жыл ноябрь айында төмендегилерге 1 млн сумнан бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратылады:

Социаллық реестрге (Реестр) киргизилген шаңарақларға;

"мәҳәлле жетилиги" жуўмағы тийкарында Реестрге киргизилмеген, бирақ социаллық-экономикалық жағдайы бойынша Реестрге киргизиў нормаларына сәйкес келетуғын шаңарақларға, соның ишинде:

шаңарақтағы жан басына дәраматы минимал тутыныў қәрежетлериниң 2 есесинен аспаған шаңарақларға;

орайласқан ысытыў системасына жалғанған көп қабатлы турақ жайларда жасайтуғын шаңарақларға. Онда бул шаңарақлардың ҳәр бир ағзасына туўра келетуғын орташа айлық дәраматы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда минимал тутыныў қәрежетлериниң 2 есесинен ҳәм Ташкент қаласында 3 есесинен артпаўы керек;

турақлы жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў бойынша район (қала) штабларының қарарына муўапық ҳәр бир шаңарақ ағзасына туўра келетуғын орташа айлық дәраматы жоқарыда нәзерде тутылған нормалардан асқан айырым жәрдемге мүтәж шаңарақларға;

Басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз жасаўшы ҳәм жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахслардың реестриндеги пуқараларға, сондай-ақ, жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар жасап атырған шаңарақларға.