Kazinform” халықаралық мәлимлеме агентлигиниң жазыўынша, ишки ислер министриниң буйрығы менен ППХ хызметкерлери сырт ел пуқаралары, сондай-ақ, дипломатиялық ҳәм оларға теңлестирилген ўәкилханалардың хызметкерлери менен тек ғана өз хызмет ўазыйпалары шеңберинде байланысқа кирисетуғыны белгиленген. Бул, соның ишинде, ҳуқықбузарлықларды сапластырыў, транспорт ҳәрекети кестеси бойынша мағлыўмат жәрдемин көрсетиў, мийманханалар ҳәм улыўма аўқатланыў объектлериниң жайласыўы ҳаққында мәлимлеме бериў ҳаққында болып табылады, деп жазбақта “Дунё” МА.

Буннан тысқары, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың ҳүжжетлерин тексериўде полицияшылар сырт ел паспорты, жасаў ушын рухсатнама ямаса пуқаралығы болмаған шахс гүўалығының әмел етиў мүддети, виза ҳәм Қазақстан аймағында болыўдың нызамлылығын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлердиң бар екенлигине итибар қаратады. Ҳуқықбузарлықлар анықланған жағдайда, полиция хызметкерлери Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы кодекске муўапық илажлар көриўи шәрт.

Өзгерислер менен патруль-пост хызметиниң айырым функцияларына да анықлық киргизилди. Атап айтқанда, ППХ хызметкерлери миграция хызмети бөлимлерине сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды мәмлекетлик шегарадан өткериў пунктлерине шекем шығарып салыўда жәрдемлеседи.

Сондай-ақ, сырт ел пуқарасы жолаўшы поезды ямаса самолёттан артта қалыў жағдайлары, сондай-ақ, сырт елли пуқаралар қатнасыўындағы ҳуқықбузарлықлар, нызамсыз миграция жағдайлары ҳәм нызамсыз мигрантларды өткериўдиң белгили бағдарлары ҳаққында да полиция хызметкерлери нәўбетшилик бөлимине тезлик пенен мәлим етиўи шәрт.

Усы сыяқлы өзгерислер елатлы пунктлерде ҳәм қала сыртындағы автомобиль жолларында жәмийетлик тәртипти ҳәм жол қәўипсизлигин тәмийинлеўде патруль-пост хызметин өтеў бойынша инструкцияға да киргизилди.