Қарарға муўапық, 2026-жыл 1-июльден 2028-жыл 31-декабрьге шекем Жеңил
санаатты қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан:
терини қайта ислеўши ҳәм таяр тери ислеп шығарыўшы кәрханаларға ислеп шығарылған
ҳәм сатылған таяр териниң ҳәр бир квадрат дециметрине 350 сумнан субсидия
ажыратылады;
аяқ кийим ҳәм былғары-галантерея өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханаларға
ҳәр бир ислеп шығарыўға енгизилген жаңа модель ушын 1 миллион сумнан, бирақ бир
календарь жылы даўамында бир кәрхана ушын 50 миллион сумнан аспаған муғдарда
субсидия ажыратылады;
аяқ кийим ислеп
шығарыўшы кәрханалар тәрепинен өз мүтәжликлери ушын импорт етилген аяқ кийим
қадақлары баҳасының 50 проценти, бирақ Европа Аўқамы мәмлекетлери ушын бир
календарь жылы ушын 10 мың АҚШ долларынан ҳәм басқа мәмлекетлер ушын 5 мың АҚШ
долларынан көп болмаған муғдарда қаплап бериледи;
жеңил санаат
кәрханалары тәрепинен суў тазалаў қурылмаларында суўды тазалаў ушын сатып
алынған химиялық қураллар ҳәм реагентлер баҳасының 50 проценти белгиленген
нормалар шеңберинде қаплап бериледи.
2026-жыл
1-сентябрьден баслап:
мәмлекетлик сатып
алыўларда қатнасатуғын кәрханаларға өним ислеп шығарыўда жергиликли былғары
шийки заты ҳәм комплектлеўши бөлеклерден кооперация тийкарында пайдаланыў
дәрежесинен, жаратылған жумыс орынларының санынан, сондай-ақ, белгиленген
тәртипте дизимнен өткен товар белгиси ҳәм брендиниң бар екенлигинен келип шығып
қосымша балл бериў ҳәм 15 процентке шекем баҳа преференциясын бериў тәртиби
енгизиледи;
мәмлекетлик
буйыртпашылар ушын мәмлекетлик сатып алыўлардың электрон системасы арқалы сатып
алынатуғын арнаўлы аяқ кийимниң мәмлекетлик сатып алыў предметиниң
сыпатламасында муўапықлық сертификаты ҳаққындағы мағлыўматты жайластырыў талабы
киргизилмекте.