Мәденият Мойнақтан басланады. Мәмлекетимиз жетекшиси бул пикирди жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша дәслепки қәдемлер тасланған күнлерде айтқан еди. Қысқа ўақыт ишинде бул әрман әмелге асты. Бүгин Мойнақ экономикалық өсиўге бет бурып, социаллық раўажланыўға ерисе баслады. Улыўма алғанда, елимиздеги алыс аўылларға жаңаланыў нәпеси бирдей кирип барды. Буны Қарақалпақстан мысалында да көриў мүмкин.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында шөлкемлестирилген "Янги Ўзбекистон" ҳәм "Правда Востока" газеталары күнлери шеңбериндеги илажда қатнасқанлар буны және бир мәрте атап өтти.

Илажда "Янги Ўзбекистон" ҳәм "Правда Востока" газеталары редакциясының бас редакторы Салим Дониёров, бас редактордың орынбасары Абу Бакир Ўрозов, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Татлымурат Атамуратов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы Кенесбай Кәримов, қарақалпақстанлы дөретиўшилер ҳәм институттың профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Онда шығып сөйлегенлер миллий медиа мәканымызда "Янги Ўзбекистон" ҳәм "Правда Востока" газеталарының орны ҳәм әҳмийети ҳаққында сөз етти. Әсиресе, редакцияның заманагөй талапларды толық үйренип, өзлестирип жумыс алып баратуғыны атап өтилди. Соның ишинде, газеталардағы мақалаларды редакцияның рәсмий веб-сайты, социаллық тармақлардағы бетлери арқалы да оқыў имканияты бар. Бул жаслар арасында да бүгинги сиясий-жәмийетлик ўақыялар ҳаққындағы терең таллаўлы мақалалар менен танысып барыў имканиятын береди. Және бир әҳмийетли тәрепи, "Янги Ўзбекистон" газетасы мақалаларды қарақалпақ тилинде де берип барады. Бул да қарақалпақстанлы оқыўшылар ушын үлкен имканият екени атап өтилди.

- "Янги Ўзбекистон" газетасында басып шығарылған мақалаларды дыққат пенен оқып барамыз, - дейди Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Татлымурат Атамуратов. - Газета бетиндеги ҳәр бир мақала жанлы, әпиўайы тилде жазылғаны менен оқыўшыны өзине тартады. Бул бизге мәмлекетимиздеги реформаларды терең аңлаўымызға жәрдем береди. Соның менен бирге, жаңаланыўлар әпиўайы адамлардың турмысында қаншелли өзгерислерге себеп болып атырғаны менен де жақыннан танысамыз. Бүгин мине усындай абырайлы редакция бас редакторы дөретиўшилик жәмәәти менен келип, биз оқыўшылар менен пикир алысыўы бизди оғада қуўандырды.

Тап усындай ушырасыў Мойнақ районындағы 2-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде де болып өтти. Онда елимиздиң ең шетки районында жасап дөретиўшилик пенен шуғылланып атырған дөретиўшилер, мойнақлы оқытыўшы ҳәм оқыўшылар қатнасты.

Илажда шығып сөйлегенлер соңғы жыллары Мойнақтағы түпкиликли реформалар ҳаққында пикир билдирди. Сондай-ақ, бул өзгерислердиң "Янги Ўзбекистон" ҳәм "Правда Востока" газеталары редакциясы жәмәәти тәрепинен кеңнен сәўлелендирилип атырғаны атап өтилди. Илаж соңында қатнасыўшылар пайтахттан келген мийманларға өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы.