Уллы ойшыл бабамыз Абу Наср Фарабий "Пазыл адамлар қаласы" шығармасында "Бахыт-ығбалға ерисиў жолында барлық адамларды бирлестириўши ҳәм жәмийетти раўажландырыўшы жоқары фактор илим ҳәм кәсип-өнер болып есапланады", деп бир неше әсирлер алдын бүгинги күнниң принципин белгилеп берген еди. Яғный Шығыс Ренессансының бул алтын қағыйдасы ҳәзирги ўақытқа келип жаңа Өзбекстан мәмлекетшилик стратегиясының фундаменталлық тийкарына айланды.

Елимизде Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў улыўма миллий идея ҳәм стратегиялық ўазыйпа етип белгиленген дәслепки күнлерден-ақ инсан капиталын раўажландырыў мәмлекетлик сиясаттың ең орайлық ҳәм маўасасыз бағдары сыпатында жүзеге шыға баслады.

Мәмлекетимиз басшысының "Билимлендириў – тараўлар ишинде ең әҳмийетлиси, оқытыўшылық кәсиплер арасында ең уллысы болып есапланады" деген қатаң, тийисли ҳәм концептуаллық жуўмағы жәмийеттиң барлық қатламын сергекликке шақырды, узақ жыллар даўамында турғынлық көлмегинде қалып кеткен тараўларды түп-тийкарынан ояныўға түртки болып хызмет етти.

Бөлекленген көзқараслар

Узақ жыллар жәмийетимиздиң санасында, ата-аналар ҳәм жаслардың көзқарасында техникумлар ҳаққында оғада аўыр, унамсыз ҳәм кемситиўши стереотип қәлиплесип қалған еди. Бул орынлар тийкарынан жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кире алмаған, белгили бир турмыслық таянышы ҳәм тәртиби төмен болған, бир сөз бенен айтқанда, "мәжбүрий бәнтлик" ушын ўақтынша ҳәм өз ҳалына таслап қойылған мәкемелер сыпатында көрилетуғын еди. Жәмийетте "колледж оқыўшысы" деген түсиник интеллектуал потенциалдан узақ, тек физикалық мийнетке мөлшерленген қатлам сыпатында қабыл етилиўи системаның ең үлкен трагедиясы еди.

Усы дәўирлерде материаллық-техникалық базаның руўхый ҳәм физикалық жақтан пүткиллей ескиргени, оқыў бағдарламаларының реал өндирислик кәрханалар ҳәм заманагөй базар талапларынан кеминде 20-30 жылға артта қалғаны, лаборатория ханаларының қурғақ ҳәм әмелияттан жырақ қағазлардан ибарат екенлиги тараўды басы берк көшеге ийтерип қойған еди. Студентлер оқыў жылы даўамында билим алыўдың орнына түрли ҳәкимшилик жумысларға, аўыл хожалығы мийнетине системалы түрде тартылыўы ақыбетинде кәсиплик билимлендириў өз функциясын пүткиллей жоғалтқан еди. Педагог кадрлардың мийнети қәдирсизленгени, айлық мийнет ҳақылардың оғада төменлиги себепли ең қәбилетли қәнигелер ҳәм инженерлер системаны пүткиллей тәрк еткен, қалғанлары болса тек ғана бюрократиялық қағазпазлық ҳәм керексиз есабатлар дәрьясында жүзиўге мәжбүр етилген еди.

Президентимиздиң қатаң ҳәм узақты гөзлеген сиясий ерк-ықрары бул көзқараслар шынжырын пүткиллей үзип таслады. Колледж ҳәм техникумлар түсиниги мазмун жағынан байытылып, халықаралық стандартларға сәйкес келетуғын кәсиплик билимлендириў басқышына өткерилди. Мәмлекетимиз басшысы баянатларының биринде пүткиллей ҳақылы түрде былай деп атап өткен еди: "Сапалы билимлендириў системасы арқалы ғана жаңа технологияларға, жаңа хызметлерге ҳәм раўажланыўға ерисе аламыз! Басқа ҳеш қандай жолымыз жоқ ҳәм болыўы да мүмкин емес!". Усы концептуаллық қатнас нәтийжесинде бүгин кәсиплик билимлендириў системасы жасларды тек ғана ўақытша бәнт етиў қуралы болыўдан шықты. Ол бүгин ири кәрхана ҳәм санаат кластерлери, текстиль холдинглери және трансмиллий сырт ел инвестициялық жойбарлары ушын ең жоқары технологиялық, "ақыллы" ҳәм бәсекиге шыдамлы кадрлар жеткерип бериўши әҳмийетли интеллектуаллық базаға айланды. Техникум питкериўшиси бүгин мийнет базарында жоқары мағлыўматлы қәниге менен теңдей бәсекилесе алатуғын, ҳәттеки оннан да көбирек әмелий көнликпеге ийе ҳақыйқый өндирис драйвери болып есапланады. Ең әҳмийетлиси, бул табыслардың тийкарғы ҳәрекетлендириўши күши сыпатында оқытыўшы, устаз ҳәм инженер-педагоглардың социаллық статусын көтериў, оларды материаллық жақтан мисли көрилмеген дәрежеде хошаметлеўдиң жетик механизмлери енгизилди.

Педагогтың қәдир-қымбаты: әмелге асқан үмитлер

Менеджмент пәниниң алтын қағыйдаларынан бири соны аңлатады, ҳәр қандай системаның сапасы ҳәм ақырғы нәтийжеси төменги буўында, яғный тиккелей тутыныўшы менен ислейтуғын хызметкердиң ишки кейпияты ҳәм социаллық қәтержамлығына байланыслы. Билимлендириў системасына енгизилгенде, егер сабақ оқыў ханасына кирип атырған, устаханада қурамалы станок жанында шәкирт таярлап атырған устаздың көзлеринде от, қәлбинде мақтаныш ҳәм қалтасында мүнәсип дәраматы болмаса, оннан дүньяны таң қалдыратуғын ойлап табыўшы ямаса тәжирийбели инженер жетистириўди талап етиў әдалатсызлық болып есапланады. Муғаллимди экономикалық тәшўишлер қоршап алған системада ҳеш қашан сапа ҳаққында айтыў мүмкин емес.

Буны Кәсиплик билимлендириў агентлиги системасында енгизилген анық санлар ҳәм нормалар мысалында терең талқылайық. Бүгин сырт ел ҳәм улыўма билим бериў пәнлеринен миллий ҳәм халықаралық тән алынған абырайлы сертификатларға ийе педагог кадрлардың базалық тариф ставкаларына 50 процент муғдарында үстеме қолланылмақта. Бул системалы өзгерис тек ғана айлық мийнет ҳақыны механикалық түрде арттырыў емес. Бул мәмлекет тәрепинен өз үстинде тынымсыз ислейтуғын, илимниң ең соңғы тенденцияларынан хабардар, турақлылыққа қарсы инновациялық гүресип атырған муғаллимге берилген жоқары ҳүрмет ҳәм экономикалық хошамет болып есапланады. Муғаллим енди тек ғана класстағы мәжбүрий саатын өтип кететуғын "атқарыўшы" емес, ол өз үстинде ислеп, халықаралық майданда өз билимлерин дәлиллеген ҳәм буның есесине мәмлекеттен мүнәсип сыйлық алатуғын "академиялық шерик"ке айланды. Бул система басқа педагогларды да өз үстинде ислеўге ийтермелейтуғын саламат хошаметлеў шынжырын жаратты.

Ҳәзирги дүнья экономикасының ең әҳмийетли талабы тил билиў ҳәм технологиялар трансферин тиккелей әмелге асырыў қәбилети болып есапланады. Бизге енди тек ғана локализацияланған, тек ғана бир тилдеги сабақлық пенен шекленген оқытыўшы ямаса қәниге керек емес. Бизге Германия, Япония, Қубла Корея ямаса АҚШта ислеп шығарылған ең заманагөй станоклар, робототехника системалары ямаса мәлимлеме технологиялары қолланбаларын шет тилде тиккелей оқып, шәкиртлерине үйрете алатуғын универсал педагоглар зәрүр. Әне усы мақсетте арнаўлы пәнлерди шет тилде оқытқан педагоглардың лаўазым мийнет ҳақысына миллий ҳәм халықаралық тән алынған “В2” сертификаты ушын 50 процент, “С1” сертификаты ушын болса 100 процент муғдарында ҳәр айлық үстеме енгизилди. Бир ғана тил сертификаты ушын педагогтың айлығын еки есеге арттырыў дүньяның санаўлы мәмлекетлеринде ғана бар болған революциялық хошаметлеў модели болып есапланады. Бул — муғаллимниң социаллық абаданлығы, жәмийет фронтындағы мақтанышы ҳәм өз кәсибине шексиз муҳаббатының материаллық ҳәм ҳуқықый кепили. Муғаллим өз билими арқалы бай ҳәм абадан жасай алатуғынын жаңа Өзбекстан өз әмелиятында дәлиллеп берди.

Узақ жыллар жоқары билимлендириў шөлкемлериниң хызметкерлери ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлери арасында бар болған жасалма интеллектуаллық ҳәм социаллық дифференциялаў, яғный "дәрежели кемситиў" жағдайлары толық сапластырылды. Ҳәзирги ўақытта техникумлардың илимий дәреже ҳәм атақларға ийе болған басшы, педагог ҳәм басқа да хызметкерлерине жоқары билимлендириў шөлкемлериниң сәйкес ҳәм түрлес лаўазымлары ушын белгиленген тәртипте мийнет ҳақы және үстемелер төлениўи жолға қойылды. Бул өзгерис илимниң тиккелей өндириске, техникум устаханаларына кирип барыўын тәмийинледи. Бүгин жетекши илимпазлар, илимий изертлеўшилер кафедралардан шығып, техникумларға умтылмақта. Себеби бул жерде ҳәм илим, ҳәм реал әмелият ҳәм ең тийкарғысы мүнәсип капиталластырылған дәрамат системасы толық кепилленген. Бул жоқары ҳәм профессионал билимлендириў арасындағы интеграцияны пүткиллей жаңа интеллектуаллық басқышқа алып шықты.

Заманагөй кәсиплик билимлендириў мәкемеси тек ғана мәмлекетлик бюджеттен берилетуғын айлық ҳәм коммуналлық төлемлерге қарап отыратуғын, интакерсиз ҳәм гөнерген ҳәкимшилик-бюрократлық структура болыўдан пүткиллей шықты. Бүгин техникум бизнес субъектлери, санаат кластерлери, сырт елли шериклер ҳәм илимниң өз-ара пайдалы корпоратив бирге ислесиў полигоны болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысының сөзи менен айтқанда, бизге билимлендириўде сан емес, сапа керек. Сапаға ерисиў ушын болса басқарыў усылын өзгертиў, сырт елдиң ең алдынғы менеджмент тәжирийбесин алып кириў зәрүр. Ҳәзирги жумыслар мине усы талаптың нәтийжеси болып табылады.

Әне усы көзқарастан, системада билимлендириў менеджменти ҳәм басшы кадрлар сиясаты пүткиллей жаңа, заманагөй принциплер тийкарында қайтадан қәлиплестирилди. Басшыдан тек ғана ҳәкимшилик қадағалаў емес, ал мәкемеге инвестиция тартыў, студентлерди жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм халықаралық брендлер менен бирге ислесиў орнатыў талап етилмекте.

Басқарыўдың сапасын арттырыў мақсетинде менеджерлик сертификатына ийе техникум директорына 50 процент, директор орынбасарына болса 30 процент айлық үстеме берилмекте. Бул система басшыларын заманагөй маркетинг, финанслық менеджмент ҳәм халықаралық байланысларды үйрениўге ийтермелейтуғын күшли экономикалық драйвер болып есапланады.

Халықаралық билимлендириў бағдарламалары енгизилген техникумларда басқарыў ҳәм педагог кадрлардың айлық мийнет ҳақысына 300 процентке шекем, Алдынғы кәсиплик шеберлик техникумларында болса 250 процентке шекем үстеме төленбекте. Бул өзгерис билимлендириў мәкемелери арасында ҳақыйқый, саламат академиялық ҳәм экономикалық бәсекини келтирип шығарды. 300 процентлик үстеме билимлендириў системасы тарийхында еле бақланбаған ҳәм педагогикалық мийнетти қәдирлеўдиң ең жоқары шыңы болып есапланады. Бул көрсеткишлер болса кәсиплик билимлендириў системасындағы пүткиллей жаңа басқарыў революциясынан дәрек береди.

Талантлылар экосистемасы

Жаңа Өзбекстанның кәсиплик билимлендириў системасы тек ғана теориялық билим беретуғын дәстүрий орын емес, ал ең алыс ҳәм шетки аўыллардағы әпиўайы, өнермент, техник ямаса IТ тараўына қызығыўшы жаслардың ишки потенциалын ашып, жәҳән көлеминдеги абырайлы жарыслар дәрежесине алып шығатуғын жетик ҳәм үзликсиз экосистема болып есапланады.

Уллы ойшыл Жалолиддин Румий инсанның ишки қүдирети ҳаққында "Сениң ишиңде пүткил шексиз әлем жасырынған, өзиңди ҳеш қашан киши бир дене деп ойлама", деген еди. Бүгин система мине усы ишки космосларды ашыў, олардағы жасырын талант ҳәм дийқан ямаса жумысшы шаңарағының перзентинен халықаралық көлемдеги профессионал инженер жаратыў майданына айланды. Жасларымыз енди өз келешегин тек ғана диплом алыўда емес, ал ҳақыйқый алтын қолы өнер ийеси болыўда көрмекте. Бул талантлар экосистемасында устаз ҳәм шәкирт қатнасықлары мәмлекет тәрепинен қатаң, ҳуқықый ҳәм экономикалық қорғаўға алынған.

Белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын халықаралық ҳәм республикалық көлемдеги спорт және ғалабалық денетәрбия илажларының жеңимпазларын таярлаған педагогларға ҳеш қандай бюрократиялық тосқынлықларсыз, жыллар даўамында күтилетуғын қағазпазлық ҳәм ашыўландырыўларсыз, тиккелей маманлық категориялары берилмекте. Бул әмелий нәтийже берген муғаллимге мәмлекеттиң әдалатлы, оператив ҳәм қалыс тән алыўы болып есапланады. Устаз шәкиртиниң жеңисинен соң өз атағын тастыйықлаў ушын айлап мәкемелерде нәўбет күтпейди, мәмлекет оның сыйлығын үйине апарып береди.

"Жаңа Өзбекстан қурылысшылары" кәсиплик шеберлик миллий таңлаўының жеңимпазларын таярлаған педагог кадрларға базалық есаплаў муғдарының 100 есесине шекемги пул сыйлығы бериледи. Бул хошамет муғаллимниң жәмийеттеги абырайын кескин арттырып, оны өз аймағында ҳақыйқый профессионал қаҳарманға айландырмақта. Бул ақшалай сыйлық муғаллимниң айлық дәраматынан тысқары берилетуғын, дөретиўшилик ҳәм кәсиплик ықласын жалынлататуғын үлкен инвестиция болып есапланады.

Президентимиз тәрепинен кәсиплик билимлендириў системасында жаратылған бул шараятлар, революциялық жеңилликлер ҳәм үлкен материаллық бағдарламалардың тийкарғы негизинде тек ғана экономикалық есап-санақлар ямаса стратегиялық прогнозлар жатқан жоқ. Буның артында терең ҳәм шексиз адамгершилик, халыққа пидайылық, зыялыларға жоқары исеним ҳәм миллет келешеги ушын тийислилик сезими тур. Өйткени, муғаллим ҳәм устазлар жаңа Өзбекстанды қурыўда, халқымыздың интеллектуаллық потенциалын арттырыўда ең үлкен күш ҳәм таяныш.

Халқымыз жыллар даўамында әрман еткен, бирақ бюрократия ҳәм экономикалық турғынлық себепли ерисе алмаған сол әдалатлы, муғаллимди улығлайтуғын, илимге инвестиция киргизетуғын мәмлекет моделин бүгин өз көзимиз бенен көрип, онда тиккелей қатнасып атырмыз.

Мәмлекетимизде инсан капиталына, атап айтқанда, кәсиплик билимлендириў системасына тикилген бул перспективалы инвестиция жақын келешекте жаңа Өзбекстан тийкарын әсирлер даўамында беккем услап туратуғын, ең күшли, ең турақлы ҳәм ең жарқын интеллектуаллық тийкар болып хызмет етеди.

Илҳам ХОЛМУРОДОВ,

Кәсиплик билимлендириў агентлиги директорының

мәнаўият ҳәм мәмлекетлик тил мәселелери бойынша кеңесгөйи