Усы Нызамды әмелге асырыў шеңберинде Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилген 10 уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетке ислам банклериниң жумысын тәртипке салатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Атап айтқанда, төмендеги бағдарларда ҳуқықый механизмлер жетилистирилди:

банклер ҳәм банк топарларында қәўип-қәтерлерди басқарыў системасы (рег. № 3427-2);

коммерциялық банклер тәрепинен көшпес мүлкти, басқа да мүлкти, сондай-ақ, юридикалық шахслардың устав капиталындағы үлеслерди (акцияларды) сатып алыў менен байланыслы талаплар (3441-2);

бир қарыз алыўшыға ямаса өз-ара байланыслы қарыз алыўшылар топарына, соның ишинде, банк пенен байланыслы шахсларға тәўекелшиликтиң ең жоқары муғдарын белгилеў (3283-3);

коммерциялық банклерде корпоратив басқарыўды шөлкемлестириў (3254-1);

Банклердиң аманатлар қамсызландырыў қорына төлемлерин төлеў тәртиби (3663-1).

Бул өзгерислер ислам банклериниң ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге хызмет етеди.