Мине, усы зәрүрликтен келип шығып, мәмлекетимизде кәсиплик билимлендириў системасын раўажландырыў, профессионал билимлендириў мәкемелериниң жумысын жетилистириў, жасларды заманагөй кәсиплерге таярлаў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Соның ишинде, жасларды кәсип-өнерге қызықтырыў, маман орта буўын кадрларын таярлаў ҳәм олардың мийнет базарында мүнәсип орын ийелеўине жәрдемлесиўге қаратылған "Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери" кәсиплик шеберлик миллий таңлаўының шөлкемлестирилиўи үлкен социаллық әҳмийетке ийе баслама болды. Усы жылы биринши мәрте өткерилген бул таңлаў жаслардың тек ғана билим ҳәм көнликпелерин көрсетиўине емес, ал өз кәсибине болған мүнәсибетин және де беккемлеўге, мийнет арқалы жоқары шеклерге ерисиў мүмкин екенлигин аңлаўына хызмет етиўи нәзерде тутылған.
Ҳақыйқатында да, мәмлекетимизде кәсип ийелерине болған итибар ҳәм ҳүрметтиң жаңа басқышқа көтерилип атырғанын көрмеў, аңламаў қыйын. Себеби, қай жерде инсан өз мийнети менен жәмийет ушын пайдалы екенин сезсе, сол жерде раўажланыў, баслама ҳәм дөретиўшилик орталығы қәлиплеседи. "Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери" таңлаўы мине, усы мақсетке хызмет етпекте. Ол жасларды өз үстинде ислеўге, кәсиплик шеберлигин арттырыўға, жаңа шеклерге умтылыўға шақырмақта.
Таңлаўдың дәслепки басқышларында қатнасыўшылардың саны оғада жоқары болғаны да бул басламаға болған қызығыўшылықтың көлеминен дәрек береди. Усы жылдың 26-майынан 10-июньине шекем республикамыз бойлап өткерилген район ҳәм қала басқышларында 270 мыңнан аслам жас қатнасыў тилегин билдирди. Қатнасыўшыларға өз имканиятларын сынап көриў, қәбилетин көрсетиў ҳәм жаңа шеклерге қәдем таслаў ушын майдан жаратылды.
Таңлап алыў басқышларының жуўмақларына бола 6733 ең ылайықлы қатнасыўшы кейинги басқышқа жоллама алды. Аймақлық басқышларда мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан келген жаслар өз шеберлигин көрсетти. Олардың ҳәр бири өз бағдары бойынша пуқта таярлық көргенин, әмелий көнликпелерге ийе екенин көрсетти.
Республикалық басқышта болса 700 ең күшли қатнасыўшы қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди. 13-22-июль күнлери Самарқанд ҳәм Бухара ўәлаятлары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ташкент қаласы кәсиплик шеберлик сынақлары орайына айланды. Бул басқышта 610 жас 10 әҳмийетли кәсип бағдары бойынша өз билим ҳәм шеберлигин сынақтан өткерди. Электромонтаж, кепсерлеў технологиясы, сантехника, мода технологиялары, автомобильлерге техникалық хызмет көрсетиў, компьютер графикасы ҳәм дизайн, шаштәрезлик, аспазлық, қурылыс ҳәм сыбаў жумыслары, медициналық ҳәм социаллық ғамқорлық бағдарларында өткерилген жарыслар жаслардың қаншелли үлкен потенциалға ийе екенин көрсетти.
Ҳақыйқатында да, ҳәр бир кәсиптиң өзине тән жуўапкершилиги ҳәм жәмийетлик турмыстағы орны бар. Мәселен, қурылыс тараўындағы қәнигелер заманагөй қалалардың көринисин жаратыўда қатнасса, техникалық бағдардағы қәнигелер өндирис процесслериниң үзликсизлигин тәмийинлейди. Хызмет көрсетиў тараўы ўәкиллери болса инсанлардың күнделикли турмысын және де қолайластырыўға хызмет етеди. Усы мәнисте, "Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери" таңлаўы тек ғана жаслардың кәсиплик шеберлигин көрсететуғын жойбар емес, соның менен бирге жәмийетимизде барлық ҳадал мийнет түрлерине болған ҳүрметти күшейтетуғын әҳмийетли баслама болып есапланады.
Таңлаўдың ашық ҳәм әдил өтиўин тәмийинлеў мақсетинде барлық зәрүр шөлкемлестириў илажлары көрилди. Ҳәр бир бағдар бойынша маман қәнигелер, тәжирийбели экспертлер тартылды. Жәми 50 миллий эксперт қатнасыўшылардың жумысларын баҳалап барды. Буннан тысқары, қатнасыўшылардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў мақсетинде апелляция комиссияларының жумысы жолға қойылды. Жәми 60 ағзадан ибарат бул комиссиялар келип түскен мүрәжатларды белгиленген тәртипте көрип шықты. Қызғын ҳәм маўасасыз беллесиўлер жуўмағында ҳәр бир бағдар бойынша ең мүнәсип қатнасыўшылар анықланды. Жуўмағында 120 жас таңлаў жеңимпазы ҳәм сыйлы орын ийеси сыпатында тән алынды.
Аймақлар кесиминде ерисилген нәтийжелер де итибарға ылайық. Самарқанд ўәлаяты 25 сыйлы орын менен ең жоқары нәтийжени көрсетти. Сырдәрья ҳәм Бухара ўәлаятлары 13, Ташкент қаласы 12, Наманган ўәлаяты болса 11 нәтийже менен жоқары көрсеткишлерге еристи. Бул көрсеткишлер аймақларда жаслардың кәсиплик таярлығына, оларды қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўге қаратылып атырған итибардың әмелий нәтийжеси болып табылады. Әсиресе, таңлаўдың барлық қатлам ўәкиллерин қамтып алғаны оның әҳмийетли тәреплеринен бири болды. Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери арасында техникум оқыўшылары менен бир қатарда мәҳәллелерден қатнасқан, өзиниң еркин жолын излеп атырған 16-30 жастағы жаслар да бар. Бул болса кәсиплик шеберлик ҳәм талант ушын имканиятлар ҳәмме ушын ашық екенинен дәрек берип тур.
Бир сөз бенен айтқанда, бүгин жәмийетимизде мийнетке, кәсип-өнерге болған мүнәсибет жаңа мазмун менен байымақта. Себеби раўажланыў тек ғана жоқары мағлыўматлы қәнигелер ямаса илимий излениўлер менен емес, ал өз кәсибиниң шебери болған миллионлаған инсанлардың күнделикли мийнети менен жаратылады. Бир қарағанда әпиўайы көринген, бирақ үлкен жуўапкершиликти талап ететуғын кәсиплер мәмлекет турмысында шексиз әҳмийетке ийе. Яғный ҳәр бир кәсип артында жәмийет ушын зәрүр болған үлкен жуўапкершилик турады. Әне усы ҳақыйқатты жас әўладқа сиңдириў, мийнеттиң қәдирин аңлатыў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып есапланады.
Басқа тәрептен, бундай таңлаўлар жасларды кәсиплик жақтан раўажландырыў менен бирге оларда ўатансүйиўшилик, жуўапкершилик, тәртип-интизам ҳәм жәмәәтте ислесиў көнликпелерин де қәлиплестиреди. Ҳақыйқый қәниге тек ғана өз жумысын билетуғын емес, ал жәмийет алдындағы ўазыйпаларын да терең сезетуғын инсан болып табылады.
Сондай-ақ, заманагөй билимлендириў, жаңа технологиялар ҳәм халықаралық тәжирийбелер менен үйлескен кәсиплик таярлық оларға тек ғана мәмлекетимизде емес, ал халықаралық мийнет базарында да мүнәсип орын ийелеў имканиятын береди. Усы көзқарастан, "Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери" таңлаўы келешек ушын әҳмийетли инвестиция болып есапланады. Көплеген жаслар ушын ол жаңа мақсетлерге қарай жол ашты. Олар өз мийнети менен үлкен нәтийжелерге ерисиў мүмкин екенлигин, кәсипке меҳир ҳәм умтылыў инсанды жоқары шеклерге алып шығатуғынын әмелде сезди.
8-август күни Ташкент қаласындағы "Ҳумо Арена" комплексинде болып өткен сыйлықлаў мәресими мине усы мийнет ҳәм умтылыслардың мүнәсип тән алыныўы болды. Таңлаў нәтийжелери тийкарында қәлиплестирилетуғын Өзбекстан сайланды командасы болса мәмлекетимиз жасларының профессионаллық потенциалын халықаралық майданда көрсетиў ушын жаңа имканият жаратады. Команда ағзаларының “WorldSkills International” халықаралық чемпионатларында қатнасыўы мәмлекетимиздиң кәсиплик билимлендириў тараўындағы жетискенликлерин көрсететуғын әҳмийетли ўақыя болып есапланады.
Заманагөй экономиканың турақлылығы көп тәреплеме әмелий билим ҳәм көнликпелерге ийе қәнигелерге байланыслы. Өзбекстан да әне усы бағдарда избе-из ҳәрекет етпекте. Олар өз қәбилетин көрсетиў, билимин арттырыў ҳәм халықаралық дәрежеде бәсекилесиў ушын кең шараятларға ийе. Буның ушын болса олардан тек ғана умтылыс, мийнет сүйгишлик ҳәм турақлы излениў талап етиледи.
Жаңа Өзбекстанның келешеги де әне усындай жаслардың қолында. Өз кәсибин сүйген, өз үстинде ислеўден шаршамайтуғын, жаңалыққа умтылатуғын ҳәм Ўатан раўажланыўына байланыслылық сезими менен жасайтуғын әўлад ғана мәмлекетимизди және де жоқары шеклерге алып шығады. Сонлықтан "Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери" кәсиплик шеберлик миллий таңлаўын мийнетке ҳүрмет, кәсипке ҳүрмет, жасларға исеним ҳәм келешекке қаратылған үлкен итибардың айқын көриниси, десек алжаспаған боламыз. Жаңа Өзбекстанды өзиниң мийнети, билими ҳәм дөретиўшилик руўхы менен елимиздиң раўажланыўына үлес қосып атырған мине, усындай инсанлар қурады.
Азимжон ХУСАНОВ,
Кәсиплик билимлендириў агентлигиниң директоры