Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў тараўындағы көп жыллық нәтийжели мийнети, парламент жумысын раўажландырыў, Жаңа Өзбекстанда демократиялық реформаларды избе-из әмелге асырыў бағдарындағы айрықша хызметлери, пидайы шөлкемлестириўши ҳәм интакер басшы сыпатында бай билим ҳәм тәжирийбеси, ўатансүйиўшилик пазыйлетлери менен миллий мәмлекетшилигимиздиң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў, инсан қәдирин улығлаўға қаратылған тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың орны ҳәм абырайын арттырыўға қосқан үлкен үлеси, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы ибратлы жумысы, елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында белсене қатнасып, сондай-ақ, туўылған күниниң 70 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Камаловна Нарбаева "Эл-юрт ҳурмати" ордени менен сыйлықлансын.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев