Флорида штатындағы Кеннеди атындағы космос орайында қәнигелер “Space Launch System” (SLS) оғада аўыр ракетаның элементлерин жыйнаў ҳәм үскенелерди болажақ пәрўазға
таярлаўды баслады.
NASA мағлыўматларына бола, мобиль старт
платформасында қатты жанылғыда ислейтуғын тезлеткишлердиң тийкарғы сегментлери
орнатылған. Параллел рәўиште ракетаның басқа компонентлери ҳәм экипажды Жер
әтирапындағы орбитаға алып шығатуғын “Orion” космослық кемесиниң интеграциясы даўам етпекте.
2027-жылға
мөлшерленген “Artemis III” миссиясының жаңаланған режесине муўапық, төрт
астронавт “Orion” кемесинде Жер әтирапындағы орбитада
бир қатар сынақларды өткериў ушын жолға шығады. Тийкарғы ўазыйпа “SpaceX” ҳәм “Blue
Origin” компаниялары тәрепинен ислеп шығарылып атырған перспективалы айға
қондырыў аппаратлары менен тутастырыўды үйрениў болады. Бул сынақлар Ай бетине
кейинги басқарылатуғын экспедициялар ушын зәрүр болған тийкарғы технологияларды
сынақтан өткериў имканиятын береди.
NASAда атап
өтилиўинше, бундай схема “Artemis” бағдарламасының кейинги басқышы алдынан
техникалық қәўиплерди азайтыў имканиятын береди, оның шеңберинде адамларды Айға
түсириўди қайта тиклеў режелестирилмекте. Алынған мағлыўматлар жаңа космослық
системалардың узақ космостағы қурамалырақ ўазыйпаларды орынлаўға таярлығын
баҳалаўға жәрдем береди.
Соның менен
бирге, қәнигелер болажақ миссияны модельлестириў, пәрўазды басқарыўдың жердеги
хызметлерин таярлаў ҳәм үскенелерди сынақтан өткериўди жуўмақламақта. Буннан
тысқары, байланыс қуралларын жетилистириў бойынша жумыслар даўам еттирилмекте: “Orion” кемеси ушын Жер менен мәлимлеме алмасыўдың әдеўир жоқары тезлигин
тәмийинлейтуғын мағлыўматларды жеткерип бериўдиң заманагөй лазер
терминалларынан пайдаланыў режелестирилген.
“Artemis”
бағдарламасы соңғы жыллардағы ең ири халықаралық космослық жойбар болып
есапланады. Онда NASAдан тысқары Европа космос агентлиги (ESA), сондай-ақ, бир
қатар коммерциялық компаниялар ҳәм халықаралық шериклер қатнаспақта. Келешекте
бул бағдарлама Айды өзлестириў ушын турақлы инфраструктура жаратыўды
тәмийинлеўи ҳәм Марсқа басқарылатуғын экспедицияларды таярлаў ушын тийкар
болыўы керек.