Онда Түркияның гастрономиялық туризм бойынша
тәжирийбеси, усы мәмлекеттеги гастрономиялық хызмет көрсетиўдиң стандартлары,
тағамлардың сапасына ҳәм қурамына қойылатуғын талаплар, тәжирийбени
Қарақалпақстанда енгизиў имканиятлары ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўматлар
берилди.
Түркиялы эксперт Қарақалпақстанда гастрономиялық
туризмди раўажландырыў имканиятлары ҳаққында да кең түрде тоқтап өтти.
DMO Karakalpakstan хызметкерлери ҳәм экспертлери,
республикамыздағы гастрономиялық бизнестиң ўәкиллери қатнасқан бул илаж
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы “QR Gastronomic Quality”
жәмийетлик фонды тәрепинен социаллық буйыртпа тийкарында әмелге асырылып
атырған жойбар шеңберинде болып өтти.
Үйренилген тәжирийбе ҳәм алынған билимлер ҳәзирги
ўақытта DMO Karakalpakstan қәнигелери тәрепинен ислеп шығылып атырған улыўма
аўқатланыў тараўларында хызмет көрсетиў стандартларын ислеп шығыўда
қолланылады.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.