Японияның Аичи – Нагоя қалаларында болып өткен V жазғы параазия ойынларында спортшыларымыз елимиздиң абырайын мүнәсип қорғап, мәмлекетимиз параспорты тарийхындағы ең жоқары нәтийжени көрсетти. Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимиз басшысы параатлетлеримизге қутлықлаў жоллады.

Мәмлекетимизде параспорт жылдан-жылға раўажланып бармақта. Буннан 3 жыл алдын Ханчжоуда болып өткен Параазия ойынларында өзбек параатлетлери 25 алтын, 24 гүмис ҳәм 30 бронза медаль менен 45 мәмлекет арасында 8-орынды ийелеген еди. Бул рет спортшыларымыз алдынғы жарыста күшли үшликти жуўмақлап қойған күншығыс ели ўәкиллерине де қатаң қарсылас екенин көрсетип қойды. Қатарына үш күн даўамында қытайлы параспортшылардан соң медаль топлаў бойынша Өзбекстан 2-орында беккем турды.

Өткен қысқа мүддетте өзбек делегациясы қандай жол картасын дүзгени, есесине артқан жетискенликлеримиздиң сырлары неде екенлиги бәсекилеслерди де, спорт дүньясы қәнигелерин де қызықтырды. Буның сырлы тәрепи жоқ, негизинде. Табысларымыз тийкарында мәмлекетимизде спортқа қаратылып атырған айрықша итибар, майыплығы болғанлардың имканиятын көрсетиўи ушын жаратылып атырған шараятлар жәмленген. Буннан руўхланған спортшыларымыз инсан қәдири ҳәр қашанғыдан да улығланып атырған елге мүнәсип перзентлик мақсети менен майданға шықпақта. Бесинши параазия ойынлары буны және бир мәрте дәлилледи. Усы мәниде де ол мәмлекетимиз спорты тарийхында өзине тән ўақыя сыпатында мөрленди.

Миллий командамыз 145 (45 алтын, 49 гүмис ҳәм 51 бронза) медаль менен Қытай ҳәм Япониядан кейин 3-орынды ийеледи. Бул алдынғы Параазия ойынларына салыстырғанда 5 текше жоқары нәтийже дегени. Спортшыларымыз жәҳән ҳәм Азия рекордларын жаңалаў менен бирге Параазия ойынларының рекордын да орнатты. Әлбетте, бул аңсат болмады. Шын мәнисинде мәртлик, шеберлик ҳәм ерк-ықрар көрсетилип, соңғы жыллары Өзбекстанда параспорт қаншелли раўажланғаны әмелде көрсетилди.

Күншығыс журты жеринде өзбек байрағының 45 мәрте жоқары көтерилгени көп санлы халқымызды, паралимпия ықласбентлерин толқынландырды. Спортшыларымыздың күш-ғайраты, мәртлиги соңғы минутларға шекем сөнбеди. Бир сөз бенен айтқанда, Япония параазия ойынлары өзбек паратлетлериниң жаңа командасын жаратты.

Руза Қўзиева (парапауэрлифтинг бойынша) жәҳән рекордын жаңалаған болса, Мадина Мухторова (ядро ҳәм диск ылақтырыў), Навруза Аҳмадова (ядро ҳәм диск ылақтырыў), Егор Болотов (100 метрге шалқасына жүзиў), Лола Кодирова (50 метрге еркин усылда жүзиў), Шаҳина Йигиталиева (найза ылақтырыў) күшли ерк-ықрары ҳәм мәртлиги менен Азия рекордын орнатты.

Ақидахан Ахтамова (парапауэрлифтинг), Маҳлиё Акрамова (клаб ылақтырыў), Қудратиллохон Маруфхўжаев (диск ылақтырыў), Достон Қаҳҳоров (400 метрге жуўырыў), Бобуржон Омонов (ядро ылақтырыў), Баротжон Бахтиёров (ядро ылақтырыў), Асила Мирзаёрова (узынлыққа секириў) сыяқлы спортшыларымыз болса Параазия ойынларының рекордшысы деген атқа миясар болды.

Ўәкиллеримиз арасынан Асила Мирзаёрованың Азия Паралимпия комитети спортшылар комитетиниң ағзасы етип сайланғаны да бәршемизди руўхландырды. Спортшымыз ҳаял-қызлар арасындағы Т11 класының узынлыққа секириў финалында 5,04 метр нәтийже менен алтын медальды қолға киргизип, Параазия ойынлары рекордын орнатты. Усы тәризде жарыстағы қатнасыўын бир алтын, бир гүмис ҳәм бир бронза медаль менен жуўмақлады.

- Президентимиздиң бизди бақлап баратырғанын еситип, командаласларымыз бенен шексиз руўхландық, — дейди Параазия ойынларының жеңимпазы Муслима Одилова. - Өзимниң бағдарымда алтын медальды қолға киргиздим. Жүзиў беллесиўинде 10 спортшы қатнастық ҳәм 30 ға шамалас медальға ийе болдық. Дурыс, бир жерде әўметиңиз келмеди, бир жерде ўақыт жетпеди. Кейинги сапар буннан да жақсы нәтийжелерге ерисемиз. Себеби, алдымызда Лос-Анжелес жарысы тур.

Бийикликке секириў бойынша беллесиўлерде қатнасқан Темурбек Ғиёсов ҳәм және көплеген бронза ҳәм гүмис медаль ийелери Лос-Анжелесте медалын алтынға айландырыў мақсетинде екенин исеним менен атап өтти.

Өз орнында усындай ерк-ықрар ҳәм мәртлик ийелерине спортты улығлаўшы халқымыз да үлкен жеңислер ушын миннетдаршылық билдирип, алғыслар айтпақта. Нәтийжеде, адамлар енди ең шетки аўыллардағы қәбилетлилер де көркем өнер, илим, спорттың артынан мине деген мәмлекетлерде биймәлел өзин көрсете алатуғынын түсинип жетпекте. Әсиресе, спорт инсанды пүткил дүньяға танытатуғыны қайта-қайта өз тастыйығын таппақта. Инклюзив билимлендириў, ҳәр тәреплеме айрықша ғамқорлық себепли майыплығы болған жигит-қызлар да жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўға умтылмақта. Атап айтқанда, параспортшыларымыз ерисип атырған үлкен-үлкен жеңислер буның айқын дәлийли болып есапланады.

Муножат МУМИНОВА,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы