Усындай қыйын шараятта мәмлекетимиз басшысы тәрепинен миллий раўажланыў дәўириниң тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында алға қойылған төртинши бағдарлама — тәбиятқа ҳәм суўға қатнасты түп-тийкарынан өзгертиў басламасы әйне пайдалы болды.

Қала орайларында жасыллықты кеминде 30 процентке жеткериў, мектеп, бақша ҳәм емлеўханалардың әтирапын жәмийеттиң қол қатылмас байлығы сыпатында қорғаў ўазыйпасы бүгинги дәўирдиң қатаң талабы болып есапланады.

Бул уллы мақсетлерди орынлаўда жыллар даўамында қәлиплескен ески система қәтелерине жол қойып болмайды. Миллион-миллион нәл егилгени ҳаққындағы бәлентпәрўаз есабатлар артынан қуўыў әмелияты өз әҳмийетин пүткиллей жоғалтты. Кампанияпазлық ақыбетинде бәҳәрде шаўқымласып егилип, жазда қараўсызлықтан қуўрап шөпке айланып атырған нәллердиң тәғдири экологиялық жуўапкершиликти жаңаша тийкарда шөлкемлестириўди талап етпекте. Жәмийетке қурғақ санлар орнына тамыр жайып, өмир шынжырын тиклейтуғын тереклер зәрүр.

Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 21-сентябрь күни "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарын жаңа басқышқа алып шығыў, мәҳәллелерде халық ушын қолайлы экологиялық орталық жаратыў ҳәм инновациялық шешимлерди енгизиў бойынша презентация менен танысты. Енди көклемзарластырыў жумысларының нәтийжелилиги тек ғана егилген нәллердиң бир, үш ҳәм бес жылдан кейинги реал жағдайы тийкарында баҳаланады. Бул талап тараўға мүнәсибетти түп-тийкарынан өзгертип, бир күнлик мәўсимлик илажлардың орнын узақ мүддетли күтим системасы ийелеўин тәмийинлейди. Бурын есабатларда тийкарғы сан сыпатында көрсетилген нәллер саны өз қәдирин жоғалтып, нәллердиң сақланыўы ҳәм тәбийғый өсиўи тийкарғы нәтийже өлшемине айланады.


Жаңа системаның тийкары тиккелей жерди таярлаў процеси менен байланыслы. Бунда аймақтың өзине тән климаты, топырақ қурамы ҳәм суў имканиятлары алдыннан толық үйрениледи. Нәл егиў мүддетлери тараў илимпазларының усыныслары ҳәм ҳаўа-райы шараятынан келип шығып белгиленеди. Тийкарғы үстинлик жергиликли климаттың суўық ҳәм ыссы температураларына, сондай-ақ, суў жетиспеўшилигине шыдамлы терек түрлерине бериледи. Ең әҳмийетлиси, жерге егилген ҳәр бир нәл кеминде үш жыл даўамында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўда үзликсиз тәрбияланады.

Бул бағдарда шөлкемлестирилип атырған "жасыл карталар" режелестириў жумысларын санластырыўға хызмет етеди. Бул санлы ҳүжжетлерде нәлдиң түри, егилетуғын мәнзили ҳәм суўғарыў системалары анық сәўлелендириледи. Нәтийжеде ҳәр бир теректиң қай жерде ҳәм қандай шараятта өсиўи алдыннан жойбарластырылады. Ҳәрекеттиң тиккелей мәҳәллелер ишине кирип барыўы теректиң тәғдирин оны сақлаўшы анық ийесине тапсырыў тилеги менен түсиндириледи. Әйне усы мақсетте жолға қойылып атырған "Жасыл мәҳәллем" бағдарламасы экологиялық жуўапкершиликти ҳәр бир пуқараның күнделикли турмысына жақынластырады.

Енди мәҳәллелердиң өз буйыртпалары тийкарында аймақларға сапалы нәллер, органикалық төгинлер ҳәм суўды үнемлейтуғын заманагөй суўғарыў қураллары системалы түрде жеткерип бериледи. Тереклерди ҳәр қыйлы кеселликлер ҳәм зыянкеслерден қорғаў бойынша арнаўлы хызметлер көрсетиў жолға қойылады. Халыққа нәл таңлаў, дурыс егиў ҳәм тәрбиялаў сырларын үйретиў ушын ҳәр бир мәҳәллеге өз алдына тоғайшы устазлар бириктириледи. Үйлер, мектеплер ҳәм бақшалар аралығындағы бос майданларда жаратылатуғын киши терекзарлықлар және жәмийетлик парклер жергиликли жәмийетшиликтиң улыўма, қол қатылмас мүлки сыпатында ўатанласларымыздың саламат турмыс орталығын қәлиплестиреди.


Процессте нәтийжелиликти анық қадағалаў мақсетинде мәҳәллелердиң "жасыл рейтинги" енгизилмекте. Онда жасыл майданлардың үлеси, халық санына салыстырғанда тереклердиң саны, жаңа нәллердиң тутып кетиў дәрежеси ҳәм пуқаралардың белсендилиги тийкарғы баҳалаў өлшемлери болады. Ең жоқары нәтийже көрсеткен мәҳәллелерди жергиликли бюджеттен қосымша қаржы және экологиялық жойбарлар ушын арнаўлы микро грантлар менен хошаметлеў системасы жолға қойылмақта.

Жәҳән тәжирийбесинде сыналған "3-30-300" принципиниң миллий әмелиятқа енгизилиўи жасыл орталықты инсан мәплери көзқарасынан баҳалаў имканиятын береди. Бул қағыйдаға бола, ҳәр бир пуқара өзи жасайтуғын, жумыс ислейтуғын ямаса оқыйтуғын орыннан кеминде үш теректи көре алыўы шәрт. Сондай-ақ, елатлы пунктлердиң кеминде 30 проценти толық тереклер саясы менен қапланыўы зәрүр. Ең тийкарғысы, ең жақын жасыл дем алыў орны ямаса жәмийетлик бағ ҳәр бир шаңарақтан узағы менен 300 метр аралықта жайласыўы нәзерде тутылмақта. Бул санлар тийкарында әпиўайы инсан турмысы, күнделикли қолайлықлар, балалар саламатлығы ҳәм пияда жүриў ушын сәйкес болған саламат орталық жаратыў мақсети жәмленген.

Бул системаның және бир әҳмийетли тәрепи барлық аймақлар ушын бирдей, дәстүрий қәлиплерден пүткиллей ўаз кешилгенинде көринеди. Өзбекстанның ҳәр бир мүйеши өзине тән климат, топырақ ҳәм суў имканиятларына ийе болып, қала қурылысы шараятлары парықланады. Сол себепли жойбарлар тиккелей аймақтың өзгешеликлерине бейимлестирилди. Ташкент қаласының Янгиҳаёт районы, Бухара ўәлаятының Алат ҳәм Самарқанд ўәлаятының Ургут районлары ушын айрықша ислеп шығылған шешимлер бул пикирди толық тастыйықлайды.

Мысал ушын, санаат кәрханалары тығыз жайласқан Янгиҳаёт районында тийкарғы итибар ҳаўа сапасын жақсылаў ҳәм шығындыларды азайтыўға қаратылған. Бул жерде мәҳәлле ҳәм жәмийетлик парклер менен бирге, өндирис зоналары әтирапында арнаўлы жасыл белбеўлер қурылмақта. Сизот суўларын жыйнап қайта суўғарыўда пайдаланыў, органикалық шығындылардан компост таярлаў технологиялары енгизилмекте.


Қатаң шөл климаты ҳәм суў жетиспеўшилиги бар болған Алат районында болса суўды минимал дәрежеде талап ететуғын өсимликлер есабынан жасыл қаплама кеңейтилмекте. Аймақта жергиликли нәлшилик хожалықлары, дузға ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы тереклер өсирилетуғын дендрология бағлары жаратылып, автомобиль жоллары ҳәм каналлар бойлап күшли қорғаў терекзарлықлары системасы шөлкемлестирилмекте.

Таў ҳәм таў алды екосистемаға ийе Ургут районында бар тәбийғый имканиятлардан үнемли пайдаланылмақта. Санаат ҳәм темир жол тармақлары әтирапындағы жасыл аймақлардан тысқары Аманқутан миллий тәбият бағында жергиликли терек ҳәм пута туқымлары тийкарында тәбийғый өсимлик қапламасын тиклеў илажлары көрилмекте.

Бул үш түрли тәжирийбе алып келетуғын баслы жуўмақ биреў: шөл шараятында суўды үнемлейтуғын шешимлер, санаат аймағында ҳаўаны тазалайтуғын белбеўлер, таўлы аймақта болса тәбийғый флораны тиклеў тийкарғы ўазыйпа болып есапланады. Демек, нәтийжели көклемзарластырыў жумыслары, бәринен бурын, ана тәбияттың тилин ҳәм нызамлылықларын терең түсиниўден басланады.

Бүгин илим ҳәм заманагөй технологиялар процесстиң ажыралмас бөлегине айланбақта. Аймақларға сай саламат нәллерди көбейтиў мақсетинде «in vitro» лабораториялары ҳәм заманагөй нәлханалар шөлкемлестириў басламасы алға қойылды. Ҳәзирги ўақытта суўды көп талап ететуғын саяманлы шөплерди қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлер менен басқышпа-басқыш алмастырыў арқалы суў ресурсларына түсететуғын басымды азайтыў мақсет етилген.

Жаңа технологиялар арасында жасалма интеллект имканиятларына тийкарланған "Жасыл AI" модули айрықша орын ийелейди. Тәжирийбе түринде иске түсирилетуғын бул система топырақ, климат ҳәм суў тәмийнатын таллап, нәл егиў ушын қолайлы майдан ҳәм терек түри бойынша илимий тийкарланған усынысларды қәлиплестиреди. Санлы технологияның имканиятлары нәл таңлаў менен шекленип қалмайды. Тереклердиң қурыў қәўпи, суў жетиспеўшилиги, кеселлик ҳәм зыянкеслер қәўпин ерте анықлаў, жуўапкерлерди ескертиў ҳәм нәтийжелерди бирден-бир электрон картада бақлаў имканияты жаратылады. Бул система теректиң егилистен кейинги пүткил өмирин қадағалаўға хызмет етеди.

Экологлардың алдына қойылған ўазыйпалар шөллениўге қарсы гүресиў ҳәм деградацияға ушыраған жерлерди тиклеў менен тиккелей байланыслы болмақта. Шөл аймақларындағы жер ресурслары ҳәм дәрилик өсимликлер имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, жайлаўларда жеке меншик сектордың қатнасыўында қосымша қун жарататуғын жойбарларды жолға қойыў белгиленген. 2027-жыл 1-июльге шекем ҳәр бир аймақта мине усындай үлги жойбарлар толық әмелге асырылады. Бул қатнас тәбиятты қорғаў менен экономикалық имканиятларды жақынластырыўға хызмет етеди. Тикленген жер, нәтийжели пайдаланылып атырған жайлаў, көбейген өсимлик қапламы ҳәм жаңа инвестициялық жойбарлар бир пүтин процесстиң биргеликтеги нәтийжелери болып есапланады.

Усы жерде төртинши миллий бағдарламаның кең көлемли мазмуны айқын көринеди. Суўды үнемлеў, жасыл аймақларды кеңейтиў, мәҳәллелерде қолайлы орталық жаратыў ҳәм илим жетискенликлерин тартыў бир-биринен ажыралмас ўазыйпалар емес. Олар тәбият ҳәм инсан арасындағы қатнасты пүткиллей жаңа тийкарда қурыўға хызмет етеди.

Бүгин жерге егилген нәлдиң баҳасы оның есабатта атап өтилген саны менен өлшенбейди. Оның ҳақыйқый қуны жыллар өтип, сая бергени, ҳаўаны тазалатқаны, суўды үнемлеп өскени ҳәм көшелеримизге ҳақыйқый пайыз киргизгени менен көринеди. "Жасыл мәкан" жойбарының жаңа басқышы жәмийетте мине усындай саламат экологиялық көзқарасты қәлиплестирмекте. Тәбият ушын исленген мийнеттиң нәтийжеси бир мәўсим менен шекленбейди. Оның унамлы нәтийжеси жыллар даўамында инсан өмиринде сәўлеленеди. Келешек әўладқа қалатуғын саламат жасыл орталық болса бүгин қабыл етилип атырған ақылға уғрас қарарлардың ең узақ мүддетли ҳәм бийбаҳа нәтийжеси болып есапланады.


Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы