Әне усындай алдыңғы басламалы жойбар Нөкис қаласында
биринши мәрте, үлгили тәжирийбе сыпатында жумыс баслады. Германия бирге ислесиў
шөлкеми жәрдеминде, Аралды Қутқарыў халықаралық қоры Атқарыў комитети Нөкис
филиалының буйыртпасы тийкарында пайтахтымыздағы «Көк өзек» мәкан пуқаралар жыйыны
аймағы 26-киши районда жайласқан көп қабатлы турақ жай имаратында энергия
нәтийжелилиги тийкарында модернизациялаў жумыслары баслап жиберилди.
Қурылыстың тендер баҳасы 5 миллиард 764 миллион сум
болып, жойбар шеңберинде имаратқа заманагөй ыссылық изоляциясы орнатылады.
Турақ жайдың төбеси ҳәм сыртқы фасады энергия үнемлеўши материаллар менен
қапланып, инженерлик – коммуникация тармақлары жаңаланады. Терезелер энергия
үнемлеўши түрлерине алмастырылады.
Бул халықаралық жойбардың мақсети – ыссылық энергиясы
жоғалтыўларын азайтыў, коммуналлық қәрежетлерди кысқартыў, көп қабатлы турақ
жай турғынлары ушын жылдың барлық мәўсиминде қолайлы микроклимат жаратыў ҳәм энергия ресурсларынан үнемли
пайдаланыў.
Қәнигелердиң пикиринше, энергия нәтийжелилигине қаратылған
бундай шешимлер, тек ғана тәбийый ресурсларды үнемлеп қоймастан, атмосфераға
шығатуғын зыянлы шығындыларды азайтыўға мүнәсип үлес қосады.
Ең итибарлысы, бул жойбар алдағы ўақытлары
республикамызда «жасыл экономика»ны жолға қойыў, заманагөй ҳәм қәўипсиз,
энергияны үнемлеўши турақ жайларды курыўда тәжирийбе хызметин атқарады.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.