Усы бағдарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес
Баслығының орынбасары Р.Нуразизов сырт еллерде миграцияда болып, билим алып ҳәм
жумыс ислеп атырған жаслар менен видеобайланыс арқалы ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда жаслар Өзбекстан Республикасының сырт
мәмлекетлердеги елшиханалары, оқыў ҳәм жумыс орынларынан онлайн түрде қатнасты.
Онда дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары соңғы
жыллары ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен Қарақалпақстанда әмелге
асырылып атырған кең көлемли дөретиўшилик жумыслары, халқымыздың ийгилиги
жолында турмысқа енгизилип атырған реформалар ҳәм әмелий илажлар ҳаққында атап
өтти.
Сондай-ақ, жаслардың ҳәм олардың жақынларының
турмысында ушырасып атырған машқалалары тыңланды.
Жақыннан пикирлесиў тәризинде өткерилген ушырасыўда
жаслар өзлериниң пикир-усынысларын айтты ҳәм ҳәр бир көтерилген мәселе белгилеп
алынып, тез пурсатта унамлы шешимин табыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар
берилди.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.