Бул ири комплекс Президентимиздиң қусшылықты қоллап-қуўатлаўға қаратылған 2024-жыл 28-июньдеги қарарына муўапық шөлкемлестирилген. Жойбардың улыўма баҳасы 7,8 миллион долларды қурайды. 21 гектар майданды ийелеген кәрхананың иске қосылыўы менен 70 жергиликли халық турақлы жумыс орнына ийе болды.

Кәрхананың жоқары өндирислик қуўатлылығы бир ўақыттың өзинде 200 мыңға шекем таўық бағыў имканиятын береди. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 130 мың таўық бағылады. Кәрхана 4,8 миллиард сум бюджет түсимин тәмийинлеп, район экономикасының раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта.

Комплекс аймағында жылына 27,5 миллион дана инкубация мәейги жетистириледи. Кейин ала бул өнимлер таўық ҳәм бир күнлик шөжелер түринде сатылады.

Кегейлиде бундай заманагөй комплекстиң қурылғаны жақсы нәтийже екени атап өтилди. Бундай жойбарлар тек ғана өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў емес, ал регионның азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Қусларды сапалы азық-аўқат пенен тәмийинлеў мақсетинде кәрханада өз өндириси шөлкемлестирилген. Бул жерде суткасына 100 тонна аралас жем ислеп шығаратуғын өз алдына завод қурылды. Барлық өндирис процесслери толық автоматластырылған.

Бурын Қарақалпақстанға таўық гөши ҳәм мәйек мәмлекетимиздиң басқа аймақларынан алып келинген. Бул кәрхана Аралбойы регионының усы өнимлерге болған талабын қанаатландырыў менен бирге, сырт елге экспорт етпекте.

Усы жылдың сентябрь айына шекем Аўғанстанға 1,1 миллион долларлық өним экспорт етилген. Жылдың ақырына шекем жеткерип бериў көлемин 1,5 миллион долларға жеткериў режелестирилген.

Усы жылдың ақырына шекем 8,5 гектар майданда 5 миллион долларлық және бир қусшылық кәрханасын иске қосыў режелестирилген. Бул жойбардың әмелге асырылыўы жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм өндирис көлемин арттырыў имканиятын береди.

Президентимиз келешекте бундай комплекслер ири қусшылық холдинглерине айланыўы, тек ғана жаңа емес, ал жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыўға хызмет етиўи керек екенлигин атап өтип, жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.