Мәмлекетимизде экономикалық өсиў, сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм экспортты кеңейтиў бойынша белгиленген мақсетлерге ерисиў ҳәр бир аймақтың имканиятларын толық иске қосыўды талап етеди. Наманган ўәлаятында жоқары технологиялар, заманагөй санаат ҳәм хызметлер арқалы жедел раўажланыў ушын үлкен потенциал бар екени атап өтилди.
Усы жылдың жуўмағы бойынша ўәлаятқа тартылған сырт ел инвестицияларының көлеми 5,4 миллиард долларды, экспорттың көлеми болса 1,2 миллиард долларды қураўы күтилмекте. Келеси жылы ўәлаят экономикасының 9,5 процентке өсиўин тәмийинлеў, сырт ел инвестицияларын 7-8 миллиард долларға, экспортты 1,3 миллиард долларға жеткериў имканияты бар екенлиги атап өтилди.
Бул мақсетлерге ерисиў ушын улыўма баҳасы 5,4 миллиард доллар болған жаңа инвестициялық усыныслар пакети қәлиплестирилген. Мәмлекетимиз басшысы оларды анық жойбарға айландырып, инвесторларға зәрүр шараят жаратыў, ҳәр бир басламаның орынланыўын қатаң қадағалаўға алыў ўазыйпасын қойды.
Мәжилисте ўәлаятта қурылып атырған ҳәм жақын жылларда пайдаланыўға тапсырылыўы мөлшерленген ири объектлер таныстырылды. Атап айтқанда, Наманган халықаралық аэропортын кеңейтиў ҳәм модернизациялаў шеңберинде саатына 1 мың 200 жолаўшыны өткериў қуўатлылығына ийе жаңа терминал ҳәм жылына 21 мың 200 тонна жүк тасыў имканиятына ийе жүк инфраструктурасы қурылмақта.
Чуст районында тоқымашылық бояўларын ислеп шығарыў бойынша 260 миллион долларлық, шығындыдан электр энергиясын ислеп шығарыў бойынша 150 миллион долларлық, базальттан ыссылық өткермейтуғын материаллар таярлаў бойынша 125 миллион долларлық санаат жойбарлары әмелге асырылмақта. Пап районында гүмис концентраты, Жаңа Наманганда фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылықларын шөлкемлестириў режелестирилген.
Санлы экономика тараўында кадрлар таярлаў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде Янги Наманган қалашасында заманагөй IТ-парк имаратын қурыў нәзерде тутылған. Онда онлаған технологиялық компаниялар жайласыўы режелестирилген.
Қурылыс ҳәм қала қурылысын раўажландырыў бағдарламалары да додаланды. Атап айтқанда, Жаңа Наманган қалашасында 50 мың квартиралы турақ жайлар, социаллық инфраструктура ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин қурыў жойбары әмелге асырылмақта.
Аўыл хожалығында таяр өним ислеп шығарыўдың толық циклин қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылды. Ўәлаяттағы 183 мың гектар жер имканиятынан нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы өнимлерин терең қайта ислеўди раўажландырыў, агросанаат кооперациясын беккемлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бул бағдарда Тўрақўрғон районында 70 мың басқа мөлшерленген заманагөй қойшылық кластериниң жумысы, бир қатар районларда қусшылық комплекслерин раўажландырыў мәселелери көрип шығылды. Сондай-ақ, Косонсой районында 25 мың бас қарамалға мөлшерленген ири шарўашылық комплекси қурыў режеси додаланды.
Чуст районының Алмас қалашасында дийқаншылық мектебин шөлкемлестириў басламасы да айрықша көрип шығылды. Оның шеңберинде Агроакадемия, Агроинновация орайы, Агросанаат парки, агрологистика ҳәм агротуризмди бирлестириў, сырт елли бирге ислесиўшилер менен жоқары зүрәәтли картошка сортларының туқымгершилигин, экспорт етилетуғын палыз өнимлерин жетистириўди ҳәм нәсилли шарўашылықты раўажландырыў усыныс етилди.
Буннан тысқары, интенсив ҳәм органикалық бағшылықты кеңейтиў, Поп районындағы таў алды жерлерди өзлестириў, илим жетискенликлери ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбесин аўыл хожалығына енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәжилисте жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, халықтың дәраматларын арттырыў мәселелери де орайлық орынлардан биринде болды. Ўәлаяттағы 786 мың жасты шет тиллери ҳәм заманагөй кәсип-өнерге оқытып, олардың ишки ҳәм сырт елге бәнтлигин тәмийинлеў арқалы потенциалын жүзеге шығарыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Ибрат атындағы шет тиллери институтында итальян тилин оқытыў орайының шөлкемлестирилгени унамлы баҳаланды. Италия компаниялары менен биргеликте аўыл хожалығы, электротехника ҳәм азық-аўқат санаатында жумыс орынларын жаратыў имканиятлары додаланды.
Жуўапкерлерге келеси жылы 10 мың жасты Япония ҳәм Германиядағы жоқары дәраматлы жумыс орынларына жайластырыў ушын тил ҳәм кәсип-өнерге қәнигелестирилген оқытыўды шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди. Сырт елден қайтқан пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, машқалаларын шешиўде санлы хызметлерден пайдаланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Президентимиз бул жумыслардың нәтийжеси адамлардың күнделикли турмысында, дәраматларында анық көриниси болыўы керек екенлигин атап өтти. Соннан келип шығып, ўәлаят халқының орташа дәраматын 9,6 миллион сумға жеткериў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Туризм тараўында Поп районында қурылып атырған "Арашан" көп тармақлы комплексиниң қурылысы ҳәм "Қамчиқ" таў курортының жойбары додаланды. "Арашан" комплексиниң биринши басқышын 2027-жылы пайдаланыўға тапсырыў мөлшерленген. Келешекте жылына 1 миллион 500 мың туристти тартыў нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, Янгиқўрғон, Косонсой ҳәм Чуст районларында жаңа туристлик зоналарды раўажландырыў, Чустта пышақ ҳәм тақыя, гүлалшылық ҳәм ағаш ойыўшылығы дәстүрлерин өзинде жәмлеген "Өнерментлер қалашасы"н шөлкемлестириў усынысы билдирилди. Бул жойбар шеңберинде 4 мыңнан аслам жумыс орнын жаратыў режелестирилген.
Саўда ҳәм хызметлер тараўын кеңейтиў ушын да қосымша имканиятлар бар. Ҳәзирги ўақытта күни-түни ислейтуғын 35 көшеде 5 мыңнан аслам халық дәрамат таппақта. Келеси жылы бундай көшелерди 50 ге жеткериў, Сырдәрья бойында дем алыў ҳәм сервис орынларын шөлкемлестириў, жол бойындағы хызметлерди жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Бул тараўларда маман кадрлар таярлаў ушын Австрияның Кремс әмелий илимлер университети менен биргеликте туризм ҳәм мийманхана менеджменти бойынша қоспа билимлендириў бағдарламаларын иске қосыў мәселелери көрип шығылды.
Алыс мәҳәллелердеги халық ушын хызметлердиң қолайлылығын арттырыў да дыққат орайында болды. Норин районындағы мәҳәлле мәлимлеме-хызмет көрсетиў орайы тәжирийбесин ўәлаяттың барлық районларында енгизиў, Корея Республикасы тәжирийбеси тийкарында "Ақыллы аўыл" жойбарларын раўажландырыў усынысы билдирилди.
Мәжилис жуўмағында ўәлаят ҳәкимлиги ҳәм реформалар штабына ири жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў, жаңа жумыс орынларын ҳәм турақлы дәрамат дәреклерин жаратыў, халықты қыйнап атырған мәселелерди мәнзилли шешиў бойынша тапсырмалар берилди.