Кадастр мәселеси кейинги жыллары жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайларды сатып алыўда ең әҳмийетли тәрепке айланды. Жақсы нийет пенен пул жыйнап, квартира сатып алған инсан гилтти қолына алып, сол үйде жасай баслайды. Бирақ сорап көрсеңиз, елеге шекем кадастр паспорты, яғный квартира оған тийисли екенин тастыйықлайтуғын ҳүжжети жоқ. Онда мәселе кадастр ҳүжжетиниң жоқлығында емес, ал қурылған көп қабатлы квартира тийисли талапларға жуўап бермегени себепли пайдаланыўға тапсырыўға руқсат берилмегени менен байланыслы болып шығады.
Қызығы сонда, пуқара турақ жай сатып алыўдан алдын объекттиң кадастр ҳүжжетин көрген болады. Гәп сонда, әмелде, бәринен бурын, улыўма объект ушын кадастр паспорты қәлиплестирилген. Оннан кейин объектти мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм басқа да талаплар тексерилгени себепли, көп қабатлы жай қурып питкерилгеннен кейин де пайдаланыўға тапсырыўдан бас тартыў жағдайлары көп бақланған. Яғный үйдиң кадастр ҳүжжети бар, бирақ еле мәмлекетлик дизимнен өтпеген. Адамлар болса, мине, усы кадастрға исенип, жай сатып алған. Егер объектте нызамсыз қурылыс әмелге асырылған болса, улыўма дизимнен өтпеўи де мүмкин. Буннан болса исбилермен де, пуқаралар да зыян көреди. Ҳәзирги күнге шекем мыңлаған ўатанласларымыз кадастр ҳүжжетин ала алмай сергиздан болып жүргениниң себеби сонда.
Бундай жағдайларға шек қойыў, қалаберсе, көп қабатлы жайларды пайдаланыўға қабыл етиў процесслерин толық санластырыў мақсетинде Президентимиздиң тийисли пәрманы менен жаңа система ислеп шығылып, 2026-жыл 1-июньнен әмелиятқа енгизилди. Оған бола, көп квартиралы турақ жайларды пайдаланыўға қабыл етиў, кадастр паспортларын рәсмийлестириў ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткериў процесслери UZKAD мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады.
Енди көп квартиралы турақ жайлар ушын кадастр ҳүжжети пайдаланыўға қабыл етиў рухсатнамасы берилгеннен кейин ғана рәсмийлестириледи. Бул кейин ала квартира сатып алған адамларға кадастрларын қәлиплестириўде де машқала болмайды, дегени. Пайдаланыўға тапсырыў талапларына толық жуўап бермейтуғын, атап айтқанда, жер участкасы мәмлекетлик дизимнен өтпеген объектлер болса кадастр ала алмайды. Бул адамлардың алданып қалыў итималын азайтып, мүлклик ҳуқықларын қорғаўға хызмет етеди.
- Бул системаға талап барған сайын артып баратырған еди, - дейди Мәмлекетлик кадастрлар палатасының баслығы Моҳир Валиев. - Себеби кейинги жыллары көп квартиралы турақ жайларды қурыў көрсеткишлери бир неше есеге артып, тараўда исбилерменлер сезилерли көбейди. Тилекке қарсы, олардың ҳәммеси де нызам шеңберинде жумыс ислемейди, нәтийжеде усы бағдарда көплеген пуқаралар алданып атырғаны сыр емес. Өткен жылы елимиз бойлап барлық аймақларда нызамсыз қурылыслар бойынша топарлар дүзилип, үйрениўлер өткерилди. Процессте қурылысқа рухсат алмай турып пуқараларға жай сатылғаны ҳәм адамлар жасап атырғаны, нызамсыз түрде қосымша қабатлар қурылған көплеген жағдайлар анықланды. Бир ғана мысал, Наманган ўәлаятында 100 квартиралы 2 көп қабатлы жай қурылған ҳәм ол жерде 250 шаңарақ жасамақта. Бирақ объект еле пайдаланыўға қабыл етилмеген, адамлардың кадастр ҳүжжети жоқ. Яғный олар бул үйлерде дизимнен өтпестен жасап келмекте. Бундай мысаллар көп ҳәм олардың шешими сыпатында тараў санластырылып барылмақта. Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 24-февральдағы "Халықты турақ жай менен тәмийинлеў жумысларын жеделлестириў ҳәм көп квартиралы жайлар қурылысын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы менен ашық-айдын ҳәм әпиўайыластырылған жаңа мәлимлеме системасы иске қосылды. Усы тийкарда "Көп квартиралы үй" бирден-бир реестри де ислеп шығылды. Онда ҳәр бир объекттиң мағлыўматлар базасы қәлиплестирилип, бир мәлимлеме системасына киргизиледи.
Тәртиби қандай?
Демек, енди көп квартиралы турақ жайларды пайдаланыўға қабыл етиў толық санлы система арқалы әпиўайыластырылған түрде әмелге асырылады. Процесс бес басқыштан ибарат. Дәслеп қурылыс жумысларын жуўмақлаған қурылысшылардың арзалары my.gov.uz порталы ямаса Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы қабыл етиледи ҳәм автоматикалық түрде UZKAD системасына жибериледи. Жаңа тәртипке бола, көп квартиралы турақ жай жайласқан жер участкасы алдын мәмлекетлик дизимнен өткерилген болыўы шәрт. Бул талап қурылыс ҳәм мүлкти рәсмийлестириў процесслериниң нызамлылығын тәмийинлеўге хызмет ететуғыны айтылмақта.
Арзаға қосымша етилетуғын басқа ҳүжжетлер де толық болыўы керек. Болмаса арза бийкар етиледи. Сондай-ақ, тастыйықланған жойбар ҳүжжетлеринен шетке шыққан, қосымша қабатлар ямаса квартиралар қурылған, улыўмалық мүлклер көрсетилмеген ҳәм жер участкасы шегарасынан тысқарыда қурылмалар бар болған жағдайлар да арза бийкар етилиўине себеп болады. Алдынлары арзаны бийкарлаў жағдайлары кадастр ҳүжжетлери қәлиплестирилгеннен кейин болған. Енди мине усы процесстиң избе-излиги өзгертилип, кадастр паспортын бериўден алдынғы жағдайға өткерилди. Яғный, көп қабатлы жай пайдаланыўға тапсырыў талапларына толық жуўап бермесе, оған кадастр ҳүжжети рәсмийлестирилмейди. Бирақ арзаның бийкар етилиўи объект пүткиллей пайдаланыўға жарамсыз екенлигин аңлатпайды. Қурылысшы кемшиликлерди дүзетип, қайта арза бериўи мүмкин.
Арза қабыл етилгеннен соң кейинги басқыш - UZKAD системасында санлы инвентаризация әмелге асырылады. Онда кадастр инженерлери объектке шығып, жер майданы, турақ жай ҳәм турақ жай емес блоклар, квартиралар және улыўма пайдаланыў орынлары бойынша өлшеў жумысларын орынлайды. Имаратлардың сызылмалары электрон картада сәўлелендириледи ҳәм барлық мағлыўматлар бирден-бир реестрге киргизиледи. Итибарлы тәрепи, бул процессте де арза бийкар етилиўи мүмкин. Яғный жойбар ҳүжжетлеринен тысқары қурылмалар болған жағдайларда процесс тоқтатылып, арза бийкар етиледи.
Техникалық инвентаризация толық өткерилгеннен кейин ғана көп квартиралы турақ жай ушын бирден-бир кадастр паспорты қәлиплестириледи. Бул процесстиң үшинши басқышы болып, онда үй қурамындағы барлық блоклар, квартиралар, турақ жай емес жайлар ҳәм улыўмалық мүлклер ҳаққындағы мағлыўматлар жыйналады. Қәнигелердиң түсиндириўинше, ҳәзир бул процесс те бираз әпиўайыластырылған.
— Ески тәртипте квартиралар, турақ жай емес жайлар ҳәм улыўмалық мүлк объектлери өз алдына есапқа алынып, ҳәр бир объект ушын өз алдына кадастр паспорты, кадастр номери берилетуғын еди, - дейди Моҳир Валиев. — Енди бир имарат қурамындағы объект түрлеринен ғәрезсиз, атап айтқанда, квартиралар, турақ жай емес ҳәм улыўмалық мүлклер бир ўақыттың өзинде рәсмийлестирилип, бирден-бир кадастр паспорты қәлиплестириледи. Улыўма объект ҳаққындағы барлық мағлыўматлар бир ҳүжжетте жәмленеди. Бул адамлар ушын да қолайлы, бир неше ҳүжжетти көрип шығыўына туўра келмейди, барлық параметрлер менен бир кадастр паспорты арқалы танысады.
Процесстиң төртинши басқышында ҳүжжетлер электрон тәризде Қурылыс қадағалаў инспекциясына жибериледи. Инспекция тәрепинен объектти пайдаланыўға қабыл етиўге рухсат берилгеннен кейин, енди ҳәр бир квартира, турақ жай емес ҳәм улыўмалық мүлк объекти ушын кадастр паспорты қәлиплестирилип, мәмлекетлик дизимнен өткериледи. Яғный көп квартиралы турақ жай барлық талапларға жуўап берип, пайдаланыўға қабыл етилгеннен кейин өз-өзинен ондағы квартираларға кадастр ҳүжжети бериледи ҳәм адамларды бул мәселе артықша қыйнамайды. Қалаберди, жаңа системаның иске қосылыўы нәтийжесинде мағлыўматлардың ҳәр қыйлы платформаларда өз алдына жүргизилиўи, артықша қағазпазлық ҳәм инсан факторы менен байланыслы кемшиликлер сапластырылады.
Барлық мағлыўматлар бирден-бир системада
Мәмлекетлик дизимнен өткериў процесинде объекттиң ҳәр бир бөлеги есапқа алынады. Ҳәттеки, енди көп қабатлы турақ жайлардағы улыўма пайдаланыўдағы орынлар, атап айтқанда, кириў жоллары, лифтлер де турақ жай мүлк ийелерине мәмлекетлик дизимнен өткерилип бериледи. Бурынғы тәртипте олардың ҳуқықый ийеси белгиленбеген. Улыўмалық мүлк ушын кадастр паспорты қәлиплестирилмеген. Нәтийжеде олардың есабы да жүргизилмеген.
- Бул фактор мағлыўматларды жыйнаў ҳәм рәсмийлестириўде айырым анықсызлықларды жүзеге келтирип атырған еди, - дейди М.Валиев. - Себеби ески системада улыўма мүлктеги орынлар нәзерде тутылмаған, оларды кимге рәсмийлестириў бойынша анық механизм исленбеген. Жаңа системадағы жаңалықлардан бири болса мине усы тәреп пенен байланыслы. Енди көп квартиралы турақ жайлардағы ҳәр бир квадрат метр жайдың анық ийеси, есабы болады. Тараўда толық санластырыўға өтип атырғанының себеби де сонда.
Көп квартиралы жай ҳәм оның қурамындағы барлық объектлер бирден-бир системада толық есапқа алынады. Турақ жай ҳәм турақ жай емес орынлардан баслап улыўмалық мүлк ҳәм автомобиль турыў орынлары ҳаққындағы барлық мағлыўматлар бир орайласқан база - UZKAD мәлимлеме системасы арқалы жүргизиледи. Анық мағлыўматлар базасының қәлиплестирилиўи системадағы ашық-айдынлықты ҳәм нызамлылықты тәмийинлеў, пуқаралардың мүлклик ҳуқықларын қорғаўға хызмет етеди.
Жаңа системаны енгизиўден гөзленген тийкарғы мақсет те сол - ўатанласларымыздың турақ жай сатып алыўда алданып қалмаўы, нызамлы ҳуқықлары кепиллениўи, өз үйлерине ийе болыў ушын жыллап сергиздан болмаўы керек. Машқала кадастр ямаса қурылыста болыўына қарамастан, бул адамлардың ҳуқықлары ҳәм тынышлығына тиймеўи зәрүр. Жаңа система усы тәрепке хызмет етеди.
Енди көп қабатлы квартираларды қурыўшыларға кадастр ҳүжжетлерин алыў аңсат болмайды. Бул айырым исбилерменлерге унамаўы мүмкин. Бирақ ҳадал ислейтуғын қурылысшылар ушын бул машқала емес, керисинше, ашық-айдын ҳәм санлы система әдеўир қолайлық жаратады. Оларды артықша ўақыт ҳәм әўерегершиликтен қутқарады.
Солай етип, усы жыл 1-июньнан баслап көп қабатлы турақ жайларды пайдаланыўға тапсырыў бойынша арзаларды жаңа тәртипте қабыллаў басланды.
Ирода ТОШМАТОВА,
“Янги Ўзбекистон” хабашысы