Азғана сабыр етиң,

Бул жер еле зор болады!

деп жырлағанда, елдиң келешеги ҳаққындағы болжаўының ырас болып шыққанын жаңа заман дәлилледи. Буннан 40 жыллар алдын шайыр суўсызлық ҳәм бийпәрўалық нәтийжесинде аянышлы жағдайға келип қалған ел ҳаққында күйинип сөз еткен ҳәм нурлы келешектен үмит еткен еди.

Ағамыз ўәлий екен. Кейинги он жыл ишинде Қарақалпақстанның келбети танып болмас дәрежеде өзгерди ҳәм жаңа, абат журтқа айланды.

Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапары ўақтында келеси жылларда бул жерде әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша үлкен, мисли көрилмеген режелер белгиленди.

Жеделлик пенен алға умтылып атырған бүгинги заманда раўажланыўды электр қуўатысыз көз алдымызға келтириў қыйын. Себеби, электр қуўаты санааттың ең әҳмийетли қурамлық бөлеги болып есапланады. Ҳәр күни үйимизге нур таратып турған әпиўайы лампадан баслап кән қазып шығарыўда қолланылатуғын үлкен үскенелерге шекем үзликсиз электр қуўаты талап етиледи. Елимизге инвестиция киргизиў тилегинде болған сырт елли инвесторлар да, биринши гезекте, болажақ кәрхананы қурып иске қосыў ушын электр тәмийнатының жағдайы қандай екенлиги менен қызықтырыўы тәбийғый.

Кейинги жыллары Қарақалпақстанда электр қуўатлылығын ислеп шығарыў көлеми кескин артты. Бул, биринши гезекте, самал генераторлары ҳәм қуяш панельлери жәрдеминде пайда етилип атырған қуўатлықларға тийисли. Келешекте, яғный 2030-жылларға барып бул жумыслардың көлеми және де кеңейеди ҳәм өндирис қуўатлылығын 3300 мегаваттқа жеткериў нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, улыўма қуўатлылықтың 76 проценти "жасыл" энергия есабынан ислеп шығарылады. Нәтийжеде миллионлаған куб метр тәбийғый газ ҳәм нефть өнимлери үнемленип, биз дем алып атырған ҳаўа мыңлаған тонна зәҳәрли газлерден қутылады. "Жасыл" энергия қуўатлылығын ислеп шығарыў жойбарлары ушын 2,5 миллиард АҚШ долларынан аз болмаған муғдарда инвестиция тартылады.

Президентимиз келеси жылы Нөкиске заманагөй тезжүрер поезд қатнаўының жолға қойылатуғынын мәлим еткенинде, залда отырғанлар бул жаңалықты гүўлеген қол шаппатлаўлар менен күтип алды.

Мәмлекетимиз басшысының тарийхый сапарынан бир күн алдын әййемги цивилизация ошағы болған Хийўа қаласында Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, "Өзсанаатқурылысбанк" ҳәм Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте мәмлекетимиз көлеминде өткерилген "Жаңа Өзбекстан поэзиясы"на барған едик. Әнжуман қатнасыўшылары тезжүрер поезддан түсип атырған сырт елли туристлердиң шөл қойнындағы әжайып қалаға таңланыў менен қарап атырғанын көрип, кеўлимиз: "Бул - Өзбекстан, көрип қойыңлар, бул бизиң Ўатанымыз!" деп мақтанышқа толып-тасқан еди. Несип етсе, Мойнақты көриўге асығып атырған туристлерди Нөкис вокзалында көретуғын күнлеримиз де алыс емес.

Қарақалпақстан халқы тез пәтлер менен өспекте. Егер алжаспасам, 1984-жылы бул елде бир миллионыншы перзент туўылып, Ибрайым ағамыз оған арнап "Миллионбай азаматқа" деген қосық жазған еди. Бүгинги күнге келип болса халықтың саны еки миллионнан асып кетти. Соған сәйкес түрде турақ жай ҳәм инфраструктура имаратларына талап та артты. Президентимиз бул мәселениң де шешимин алдыннан ойлап қойған екен. Нөкис қаласына тутас аймақта "Жаңа Нөкис" қалашасын қурыў басламасы қарақалпақстанлылар кеўлине үмит ҳәм қуўаныш бағышлады, десем әйне ҳақыйқатты айтқан боламан.

Заманлас шайырымыз: "Өзбек тек балам дейди, балам дейди", деп таўып айтқанындай, халқымыз әзелден балажан. Нөкистиң жанында барлық қолайлықларға ийе заманагөй турақ жайлардың қурылыўы өсип киятырған халқымыз ушын үлкен қолайлық ҳәм имканият болып есапланады.

Президентимиз Қарақалпақстан аймағында еле толық үйренилмеген жер асты ҳәм жер үсти байлықларының бар екенлигине айрықша итибар қаратты. Мәселен, Үстирт тегислигинде жайласқан Барсакелмес дуз кәни миллионлаған тонна резервке ийе. Егер жылына 100 мың тонна дуз қайта исленсе, қанша дәрамат келтирген болар еди! Қусхана таўындағы кәннен 50 мың тонна натрий сульфат қазып шығарыў мүмкин.

Буннан тысқары, еле толық пайдаланылмаған басқа да имканиятлардың көп екенлиги атап өтилди. Мәселен, тоқымашылық санаатын жолға қойыў, терини қайта ислеў, автомобиль қурылысы ушын зәрүр детальлар ислеп шығарыўды шөлкемлестириў сыяқлы бағдарлар бар. Қалаберди, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў, атап айтқанда, помидордан томат пастасын ямаса кептирилген помидор қақпағын таярлаў арқалы экспортқа жарамлы өнимлер жаратыў мүмкин екенлиги анық. Бундай жумысларды шөлкемлестириў ушын, бәринен бурын, ҳәкимлер ҳәм жуўапкер шөлкемлердиң басшылары жуўапкершиликти өз мойнына алыўы керек.

Қарақалпақ халқы мәмлекетимиз басшысының сапарын интизарлық пенен күткен еди. Буған бир ғана турмыслық мысал келтирип өтпекшимен.

Хийўа қаласындағы "Жаңа Өзбекстан поэзиясы"нан қайтып, Нөкистеги қаўын базарына Сирожиддин Саййид пенен бирге бардық. Шайырды көриўи мәттал қаўын сатып атырған дийқан ҳаялдың жүзи жадырап, былай деди:

- Сизди таныдым, сиз Президентимиз бенен бирге келгенсиз. Биз оны жақсы көремиз. Президентимиз бенен бирге бул елге қут-берекет келеди. Илтимас, усы сөзлеримди Президентимизге жеткерип қоя аласыз ба?

Бийкарға Бердақ бабамыз: "Қәдиримди халық билер", демеген екен.

Келеси жылы уллы қарақалпақ шайыры Бердақ Ғарғабай улы туўылған күниниң 200 жыллығы кеңнен белгилениўи атап өтилди. Бул, әлбетте, миллетке ҳәм әдебиятқа жоқары итибардың үлгиси.

Кеңесбай КАРИМОВ,

Өзбекстан халық жазыўшысы,

Қарақалпақстан халық шайыры