Соны да айрықша атап өтиў керек, бул бағдардағы
жумыслар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 27-декабрь күни қабыл
етилген 2026–2028-жылларда инфраструктураны раўажландырыўға қаратылған арнаўлы
қарары тийкарында басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта.
Быйылғы жылы халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў
бойынша көрсеткишти және де арттырыў мақсетинде, жәми 12 жойбар әмелге
асырылмақта. Олардың улыўма баҳасы 90 миллиард сумнан аслам. Жойбар шеңберинде
158,8 километрлик ишимлик ҳәм ақаба суў тармақларын және 11 суў объектин
жаңадан қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылмақта.
Ҳәзирги күнде барлық жойбарлар бойынша қурылыс
жумыслары жеделлик пенен даўам етпекте. Ҳәзирги күнге шекем 136 километрлик суў
тармақлары тартылып, қалған жумыслар белгиленген режеге муўапық даўам етпекте.
Бул жойбарлар Әмиўдәрья, Бозатаў, Қанлыкөл, Хожели,
Шымбай, Шоманай, Қоңырат ҳәм Тақыятас районларында әмелге асырылмақта. Соның
ишинде, Тақыятас районында баҳасы 35,4 миллиард сумлық жойбар бойынша Айдынжол
мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан суў тазалаў объектин
реконструкциялаў ҳәм 4,4 километрлик суў тармақларын қурыў жумыслары әмелге
асырылмақта. Бул жумыслардың нәтийжесинде 57 мыңнан аслам адамның ишимлик суў
менен тәмийинлениўи жақсыланады, 11 мыңнан аслам адам биринши мәрте орайласқан
ишимлик суў менен тәмийинленеди.
Соның менен бирге, жергиликли бюджеттиң қаржылары
есабынан да қосымша жойбарлар әмелге асырылып, жаңадан қурылып атырған көп
қабатлы турақ жайлар ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары менен тәмийинленбекте.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң
арнаўлы қарары тийкарында, Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық
раўажланыў қорының қатнасыўындағы «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў»
жойбары шеңберинде республикамызда 20 жойбар әмелге асырылмақта. Бул жойбарлар
ушын 50,3 млрд. сум қаржы ажыратылып, 194,8 километрлик ишимлик ҳәм ақаба суў
тармақларын қурыў, сондай-ақ 12 суў объектин жаңадан қурыў ҳәм реконструкциялаў
белгиленген.
Ҳәзирги күнге шекем 31,6 млрд. сумлық қурылыс жумыслары
орынланып, 3 жойбар пайдаланыўға тапсырылды.
Улыўма алғанда, алып барылып атырған жумыслар халықтың
турмыс шараятын жақсылаў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм
инфраструктураны раўажландырыўға хызмет етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.