Бул жетекши қаржы институты менен стратегиялық шерикликти және де кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.

Өзбекстан избе-из алты жыл даўамында ЕТРБ қаржыларын региондағы ең ири алыўшысы болып келмекте. Жойбарлар портфели 7 миллиард доллардан артты, 2025-жылы операциялар көлеми биринши мәрте 1 миллиард доллардан артты.

Банктиң "жасыл" экономикаға қосып атырған үлеси жоқары баҳаланды: елимиздеги инвестициялардың дерлик 60 проценти усындай жойбарларға туўра келеди.

Электр тармақларын модернизациялаў, агроазық-аўқат тармағын раўажландырыў, банк тараўында меншиклестириў, Ташкент халықаралық финанс орайын иске қосыў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын алға қойыў сыяқлы бирге ислесиўдиң келеси жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарлары көрсетип өтилди.

Сырт ел инвесторлары кеңесиниң гезектеги мәжилисин 2027-жылы өткериўге таярлық мәселелери де көрип шығылды.