Сонлықтан, мәмлекетимиз басшысы белгилеп берген ўазыйпалар бойынша тараўды коррупциядан жырақ етиў, мәмлекетлик хызметлерди пуқаралар ушын қолайлы жағдайға келтириў ҳәм заманагөй санлы технологияларды кеңнен енгизиў Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги жумысының тийкарғы бағдарына айланған. Кейинги жылларда бул бағдарда ерисилген нәтийжелер, атап айтқанда, "Ашық-айдын қурылыс" миллий мәлимлеме системасына жайластырылған бир қатар ири санлы платформалар, жасалма интеллект тийкарындағы шешимлер ҳәм бирден-бир электрон экосистеманың қәлиплестирилиўи тараўдың бүгинги көринисин түп-тийкарынан өзгертип жиберди.

Өткен жылы 30-декабрьде Президентимиз Жаңа Ташкент аймағында жайласқан Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлигиниң жаңа имаратын барып көрди. Мәмлекетимиз басшысы сапар даўамында министрлик қурамындағы Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў республикалық орайының жумысы ҳәм "Ашық-айдын қурылыс" миллий мәлимлеме системасы тийкарында иске қосылған платформалар менен де жақыннан танысты. Орай тәрепинен системаның ҳәзирги имканиятлары, тараўға қосқан экономикалық ҳәм басқарыў нәтийжеси және келешектеги режелер ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Президентимиз тараўды санластырыў бойынша исленген жумысларды унамлы баҳалап, жасалма интеллект технологияларын кеңнен енгизиў, мәмлекетлик хызметлерди бир айда көрсетиў ҳәм қурылыстың ҳәр бир басқышында ашық-айдынлықты тәмийинлеў бойынша анық тапсырмалар берген еди.

Мәмлекетимиз басшысы орай хызметкерлери менен жасалма интеллект технологиялары ҳәм олардың қурылыс тараўындағы келешеги ҳаққында қызғын сәўбетлескен еди. Сөйлесиў ўақтында мен де Президентимизге өзбек тилинде ислейтуғын, жергиликли норма-стандартлар ҳәм тараўлық билимлер тийкарында оқытылған миллий жасалма интеллект жәрдемшисин жаратыў бойынша усынысларымды усындым.

Бул қатнастың мәниси соннан ибарат, қурылыс тараўына байланыслы қурамалы ҳуқықый ҳүжжетлер, техникалық нормалар ҳәм мәмлекетлик хызметлер бойынша пуқараларға тиккелей өзбек тилинде жуўап беретуғын жәрдемши система жаратыў турмыслық зәрүрликке айланған. Бул тек ғана технологиялық жетискенлик емес, ал миллий санлы суверенитет ҳәм мәмлекетлик тилдиң санлы орталықтағы абырайын беккемлеў жолы болып табылады.

Мәмлекетимиз басшысы бул идеяны унамлы қабыл етип, жасалма интеллект мәмлекетимиз ушын тек ғана нәтийжелиликти арттырыў қуралы емес, ал жаңа Өзбекстан басламасының орайлық сүйенишлеринен бири, раўажланған мәмлекетлер қатарына қосылыўымыздың әҳмийетли шәрти екенин атап өтти. Әне усы қатнасқа бола миллий шешимлер, мағлыўматлар ҳәм миллий инфраструктура тийкарында ислейтуғын жасалма интеллект экосистемасын жолға қойыў тийкарғы ўазыйпамызға айланған.

Сол сөйлесиўден басланған басламалар бүгин анық әмелий нәтийжелерге айланбақта. Орай тәрепинен shaffofai.uz платформасы иске қосылды. Бул қурылыс тараўында жасалма интеллект шешимлери ушын бирден-бир миллий хаб ўазыйпасын атқарып атырған экосистема. Платформа шеңберинде енгизилген "Шаффоф эксперт" жәрдемши боты қурылыс тараўы хызметкерлери, жойбарлаўшылар ҳәм пуқараларға нормативлик ҳүжжетлер, мәмлекетлик хызметлер ҳәм тараў әмелиятына байланыслы сораўлар бойынша өзбек тилинде оператив ҳәм анық жуўаплар бермекте. Бот жергиликли инфраструктурада жайластырылған, тараўлық мағлыўматлар базасына тийкарланған ҳәм күн сайын жаңа сораў-жуўаплар менен билим көлемин кеңейтип бармақта. Бул Өзбекстанда мәмлекетлик тараўға әйне өзбек тили ҳәм миллий контекст ушын жаратылған жасалма интеллект жәрдемшисиниң биринши әмелий үлгиси сыпатында үлкен әҳмийетке ийе.

Буннан тысқары, қурылыс тараўында жасалма интеллект биринши мәрте 2025-жылы қала қурылысы ҳүжжетлерин экспертизалаў процесинде қолланылды. Бул модул 103 мыңнан аслам жойбар ҳүжжети тийкарында оқытылған болып, бүгин 93 процент анықлықта жуўмақ қәлиплестирмекте. Бул қағазпазлықты қысқартыў, экспертиза мүддетлерин тезлестириў ҳәм инсан факторының қатнасыўын минималластырыўда әҳмийетли жетискенлик болып есапланады.

Және бир тийкарғы жойбар имарат ҳәм объектлердиң сыртқы көринисин өзгертиў процесине Computer Vision (компьютер көриўи) технологиясын енгизиў. Ҳәзир фасад өзгертиў бойынша мүрәжатларды көрип шығыў мүддети созылмақта ҳәм экспертлердиң субъектив баҳалаўына байланыслы болып қалмақта. Жаңа система фотосүўрет ҳәм жойбар материалларын жасалма интеллект арқалы автомат түрде таллап, мәмлекетлик мәлимлеме системалары ҳәм географиялық мәлимлеме мағлыўматлары менен өз-ара байланыстырып, нормаларға муўапықлығын баҳалайды. Нәтийжеде көрип шығыў мүддети кескин қысқарады, субъективлик ҳәм коррупция қәўпи жоғалады, қаланың архитектуралық пүтинлиги болса автомат тәризде мониторинг арқалы қорғалады.

Бул жойбарлар тийкарында бир тийкарғы мақсет жатады: қурылыс тараўын және де ашық-айдын етиў ҳәм коррупцияның алдын алыў. Инсан факторының қатнасыўы азайған, процесслер автоматластырылған ҳәм ҳәр бир қарар санлы жолға қойылған системада коррупцияға орын қалмайды. Себеби жасалма интеллект тек ғана жаңа технология емес, ал ҳадал ҳәм әдил басқарыўды тәмийинлеўши қурал, пуқара ҳәм мәмлекет арасындағы исенимди беккемлеўши механизм болып есапланады.

Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги және Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў республикалық орайының хызметкерлери алдында еле үлкен ўазыйпалар тур. Бүгинги күнге шекем ерисилген нәтийжелер 24 ислеп турған платформа, триллионлаған сум үнемлеў, онлайн хызметлер ҳәм жасалма интеллект тийкарындағы жаңа флагман жойбарлар бул жол дурыс таңланғанынан, исеним менен әмелге асырылып атырғанынан дәрек береди.

Жаңа Өзбекстанның санлы қурылыс дәўири енди басланбақта ҳәм бул дәўир ашық-айдынлық, ҳадаллық ҳәм инновация принциплерине тийкарланған дәўир болады.

Дилмурод РАҲМАТОВ,

Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў

республикалық орайы бөлим баслығы