Тест сынақлары еки сменада өткериледи:
1-смена - 08:00 ден 11:00 ге шекем;
2-смена - саат 15:00 ден 18:00 ге шекем.
Бунда абитуриентлер тест сынақлары өткерилетуғын аймаққа өзи менен бирге
паспорт (ID-карта) ҳәм абитуриент рухсатнамасы менен
тест сынақлары басланыўынан кеминде бир ярым саат алдын келиўи керек. Буннан тысқары:
1-сменада саат 07:30 ға шекем тексериўден өтиў керек;
2-сменада 14:30 ға шекем тексериўден өтиў керек.
Тест сынақлары 2
қәнигелик ҳәм 3 мәжбүрий пән бойынша өткериледи.
Абитуриентлерге
ҳәр бир қәнигелик пәнинен 30 данадан, мәжбүрий пәнлерден 10 данадан, жәми 90
тест тапсырмасы бериледи.
Оларды орынлаў
ҳәм жуўаплар қағазына көшириў ушын 3 саат ўақыт ажыратылады.
Абитуриентлер
тест сынақларында қатнасыў ушын рухсатнаманы Билим ҳәм маманлықты баҳалаў
агентлигиниң my.uzbmb.uz сайты арқалы алыўы мүмкин.