XXI әсир ақырына келип, Антарктиданы есапқа алмағанда, пүткил Жер курғақлығының
40 проценттен асламын қурғақ аймақлар ийелеўи мүмкин. Бул ҳаққында жумыс Environmental Research Letters (ERL) журналында басып шығарылған илимпазлар мәлим
етти.
Изертлеўшилер қурғақшыл аймақлардың тарқалыўын баҳалаў ушын
1960-2023-жыллардағы климат модельлери ҳәм метеорологиялық мағлыўматлардан
пайдаланды. Ҳәзир, олардың есап-санақларына бола, олар қурғақлықтың шама менен
38,6 процентин ийелейди. 2071-2100-жылларға келип, бул үлес ыссыхана газлери эмиссиясы
көлемине қарап 39,3 - 40,3 процентке шекем өсиўи мүмкин.
Ең жаман
сценарийде қурғақ аймақлар майданы шама менен 2,37 миллион квадрат километрге
артады, бул Алжир майданына тең. Әсиресе, Австралия ҳәм Бразилияда, сондай-ақ,
Африканың айырым аймақларында сезилерли өзгерислер күтилмекте. Экстремал қурғақ
климатлы аймақлар ең тез кеңейиўи мүмкин, деп хабар берди lenta.ru.
Илимпазлар
аймақлардың және де қурыўы суў жетиспеўшилиги, экосистемалар деградациясы ҳәм
шөллениўди күшейтиўи мүмкин, деп ескертпекте. Соның менен бирге, карбонат
ангидрид концентрациясының артыўы бул процессти бираз пәсейтиўи мүмкин: СО2
дәрежеси артқанда, өсимликлер жапырақлар арқалы кемирек суў жоғалтады. Бирақ,
болжаўларға бола, бул қурғақшылық аймақларының глобал кеңейиўин тоқтатыў ушын
жетерли болмайды.