Бул талап енди тек ғана стационар радарларға тийисли. Өзгеристен мақсет сыпатында жол ҳәрекети қағыйдалары бузылыўларының санын азайтыў көрсетилген.
Министрлер Кабинети 29-октябрьдеги қарары менен мобил радарлардан пайдаланыўда "Радар" жол белгиси болыўы керек екенлиги ҳаққындағы талап бийкар етилди. Ол 2025-жыл 1-сентябрьден "Транспорт қуралларынан пайдаланыўда халыққа қосымша қолайлықлар жаратыў ҳаққында"ғы қарар менен енгизилген еди.
Буннан былай "Радар" белгиси тек ғана ҳәрекет тезлигин қадағалаўшы стационар радарлардың алдына орнатылыўы керек.
Жол ҳәрекети қағыйдалары белги радардан кеминде 250 ҳәм көби менен 500 метр қашықлықта жайласыўы керек екенлиги ҳаққындағы норма менен толықтырылды.
Өзгерислерден мақсет сыпатында қағыйдабузарлықларды фото ҳәм видеофиксациялаў қуралларынан пайдаланыўды жетилистириў арқалы ЖҲҚ бузыўшылықларының санын азайтыў көрсетилген.
Еслетип өтемиз, бул ҳүжжет пенен қәўипсизлик ременин тақпаў енди исбилерменлер тәрепинен орнатылған камералар арқалы да дизимге алыныўы белгиленген. Буннан тысқары, ЖПХ инспекторлары кесилиспеге шекем 50 метр ҳәм қайырылып алыўға шекем 20 метр аралықта тутас сызықты басыўды ендигиден былай ЖҲҚ бузыўшылығы сыпатында атап өтпеўи керек.