Иордания ғалаба хабар қуралларында жәрияланған материалларда хаттың мазмуны ҳәм әҳмийетине, онда сәўлеленген шаңарақлық қәдириятлар, жас әўладты тәрбиялаў, ағартыўшылық, Ўатанға муҳаббат ҳәм мәмлекеттиң келешеги менен байланыслы идеяларға айрықша итибар қаратылған, деп жазады "Дунё" МА.
Атап айтқанда, «Al-Saa» мәлимлеме агентлиги Өзбекстан Президентиниң ақлығына жоллаған хатын инсаныйлық ҳәм шын жүректен көрсетилген мийрим-шәпәәт көриниси сыпатында усынды. Материалда мәмлекетимиз басшысының әке ҳәм ата сыпатындағы меҳир-муҳаббаты, турмыслық тәжирийбеси, келешек әўладлар алдындағы жуўапкершилик сезими сәўлелендирилген.
Агентликтиң атап өтиўинше, хаттың жеке өзгешелиги менен бирге, онда кең сырт ел жәмийечилиги ушын әҳмийетли болған әҳмийетли тәрбиялық идеялар да бар.
Сондай-ақ, «Al-Raqam News» мәлимлеме порталында Президентимиздиң Иорданияға сапары даўамында өмирлик тәжирийбеси ҳәм жақсы тилеклери менен ортақласқан ақлығына мүрәжаты да сәўлеленген.
Атап айтқанда, хаттағы төмендеги пикирге итибар қаратылған: "Келешекте қандай кәсипти таңласаң да, Ўатаныңа, халқыңа пайда келтириўге ҳәрекет ет". Басылым елимиз жасларының тәғдири, оның келешеги ҳаққындағы пикирлерге итибар қаратты.
«Al-Anbat News» күнделикли сиясий газетасында жәрияланған мақалада хаттың тәрбиялық ҳәм руўхый мазмунына айрықша итибар қаратылған.
Атап айтқанда, басылым төмендеги сөзлерди атап өткен: "Алтын тат баспайды, деп бийкарға айтылмаған. Сондай-ақ, ҳақыйқый билим, ҳақыйқый ағартыўшылық ҳеш қашан өз қәдирин жоғалтпайды. Илимий ашылыўларды диққат пенен бақлап барың ҳәм олардың мәнисин түсиниўге ҳәрекет етиң.
Тилди билиў өзге халықты түсиниўге жол ашады, дейди. Соның ушын шет тиллерин үйрениўге қызығыўшылығыңды жоғалтпа!".
«Johina News» электрон басылымы Президент хатының араб тилиндеги версиясын басып шығарды. Басылым оны әпиўайы шаңарақлық мүрәжат емес, ал жас әўладты ўатансүйиўшилик, мийнет сүйиўшилик, илимге умтылыў руўхында тәрбиялаўға қаратылған өзине тән турмыс сабағы сыпатында таныстырды.
Президентимиздиң аўыр балалық жыллары ҳәм пахта атызларындағы мийнетлери, мәмлекет басшысы лаўазымына кирискеннен кейин балаларды пахта атызларынан мектеплерге қайтарыўды биринши гезектеги ўазыйпаларынан бири сыпатында еске алғаны китапта айрықша орын ийелейди.
Атап айтқанда, "Президент болып, ең дәслеп пахтадан балаларды мектеп парталарына қайтарып алдым" деген сөзлер хаттың әҳмийетли социаллық тәрепин көрсетеди. Солай етип, басылым тәлим-тәрбия мәселелерине, балалардың мәплерин қорғаў ҳәм келешек әўладқа имканиятлар жаратыўға айрықша итибар қаратты.
Итибарлы тәрепи, «NBN Jo» мәлимлеме порталы инглис тилинде мақала жәриялады. Бул болса хаттың мазмуны тек ғана араб тилинде сөйлеўши аудиторияға емес, ал инглис тилинде мағлыўмат алыўшы оқыўшыларға да жеткерилгенинен дәрек береди.
Портал хаттың толық текстин усынып, онда халық ушын хызмет етиў, перзент келешеги, билимлендириўдиң әҳмийети ҳаққындағы пикирлерди толық сәўлелендирди.
Сондай-ақ, Президентимиздиң "Дүньяда халқымыздың қайғы-ғамын жүректен өткериў, аўыр күнде адамларға жәрдем бериўден абырайлы жумыс жоқ" деген пикирлери де хаттың тийкарғы идеялары қатарына киреди.
«Twasl News» электрон басылымы да Өзбекстан Президентиниң ақлығына жоллаған хатын жәриялады. Материалдың усы портал бетлеринде жайластырылыўы оның Иордания мәлимлеме мәканында тарқалып атырғанының және бир дәлили болды.
Хаттың түрли форматта ҳәм бир неше тилде Иорданияның бир қатар ғалаба хабар қуралларында жәрияланыўы Өзбекстан Президентиниң жеке мүрәжаты халықаралық мәлимлеме майданында да қызығыўшылық оятқанынан дәрек береди.
Иордания басылымлары хатты, бәринен бурын, атамның ақлығына қаратылған, соның менен бирге, пүткил жас әўладқа қаратылған турмыслық сабақларды өзинде жәмлеген шын жүректен айтқан нәсиятлары сыпатында усынды.