Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы тәрепинен Бухара ўәлаятының 2017-2025-жыллардағы социаллық-экономикалық раўажланыў динамикасы бойынша шолыў ҳәм инфографика таярланды.

2017-2025-жылларда Бухара ўәлаятының жалпы аймақлық өними 17,1 триллион сумнан 86,6 триллион сумға, оның реал көлеми болса 47,4 процентке артқан. Халықтың жан басына жалпы ишки өним 10,5 миллион сумнан 41,4 миллион сумға көбейди. Усы дәўирде ўәлаят халқының саны 12,6 процентке өсип, 2,1 миллион адамды қурады.

Санаат потенциалынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жаңа заманагөй өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириў нәтийжесинде санаат өниминиң көлеми 6,4 триллион сумнан 53,5 триллион сумға артып, оның реал өсиўи 36,7 процентти қураған. Бул аймақ экономикасының турақлы раўажланыўына үлкен үлес қосты. Нәтийжеде, ўәлаяттың жалпы ишки өним структурасында санаат ҳәм қурылыстың үлеси 21,6% тен 31,1% ке артты.

Заманагөй ҳәм турмыслық хызметлерге өсип баратырған талапты қанаатландырыўға қаратылған илажлар нәтийжесинде базар хызметлериниң көлеми 8,1 триллион сумнан 42,7 триллион сумға артып, реал өсиўди 88 процентке көрсетти.

Аўыл хожалығын реформалаў ҳәм агробизнес ушын қолайлы шараятлар жаратылыўы нәтийжесинде аўыл хожалығы өнимлериниң көлеми реал көлемде 32 процентке артып, 48,3 триллион сумға жетти.

Сыртқы саўданы либералластырыў, исбилерменлердиң экспорт жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў нәтийжесинде кейинги тоғыз жылда ўәлаяттың экспорт көлеми 53 процентке артып, 414 миллион долларға жеткен.

Бул дәўирде исбилерменлик орталығын буннан былай да жақсылаў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў илажлары ўәлаятта 20 миллиард доллар инвестицияны өзлестириў имканиятын берди. Нәтийжеде жумыс алып барып атырған кәрханалардың саны 25,1 мыңға жетти, дерлик 278 мың жаңа жумыс орны жаратылды.

Халықтың турмыс шараятын жақсылаў мақсетинде кейинги тоғыз жылда ўәлаятта 7,1 мың километр автомобиль жоллары, 404,6 километр газ ҳәм 2 мың 350 километр ишимлик суўы тармақлары пайдаланыўға тапсырылды.

Жаңа социаллық инфраструктура объектлерин қурыўға айрықша итибар қаратылды. Ўәлаятта 10,1 миллион квадрат метр турақ жай пайдаланыўға тапсырылды, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде 19,1 мың орын, мектеплерде 42 мың оқыўшы орны ҳәм 16 мың емлеўхана орны жаратылды.