Оның иске қосылыўы миллий гидрометеорологиялық бақлаўлар системасын
раўажландырыў ҳәм атмосфера жағдайын үйрениў имканиятларын кеңейтиўде әҳмийетли
басқыш болды.
Аэрологиялық шарда орнатылған метеорологиялық зонд реал ўақыт режиминде
ҳәр қыйлы бийикликлерге көтерилиў ўақтында тийкарғы метеорологиялық
көрсеткишлерди өлшейди ҳәм жер үсти станциясына жеткерип береди. Атап айтқанда,
ҳаўаның температурасы ҳәм ығаллығы, атмосфера басымы, самалдың тезлиги ҳәм
бағыты жазып алынады.
Алынған мағлыўматлар қәнигелерге түрли бийикликлердеги атмосфера ҳалатын
анализлеў ҳәм бул мағлыўматлардан синоптикалық анализ өткериўде пайдаланыў
имканиятын береди.
Ҳаўа райы
прогнозларының анықлығын арттырыўда, қәўипли гидрометеорологиялық ҳәдийселерди
өз ўақтында анықлаўда аэрологиялық бақлаўлар айрықша әҳмийетке ийе.
Атмосфера ҳалаты
ҳаққындағы мағлыўматлар авиация, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм экономиканың
басқа да әҳмийетли тараўларын метеорологиялық мағлыўматлар менен тәмийинлеў
ушын да зәрүр.
Бухара ўәлаятында
биринши мәрте аэрологиялық шардың табыслы ушырылыўы атмосфераны бақлаў
системасын жетилистириў ҳәм Өзбекстан гидрометеорология хызметине заманагөй
технологияларды енгизиў ушын қосымша имканиятлар жаратады.
Аэрологиялық
бақлаўлардың раўажланыўы атмосфера жағдайы ҳаққында анық ҳәм оператив мағлыўмат
алыў имканиятын беретуғыны күтилмекте, бул болса климат өзгериўи ҳәм қәўипли
ҳаўа-райы ҳәдийселериниң көбейиўи шараятында айрықша әҳмийетке ийе.