Усы жәҳән чемпионатында 2028-жылы Лос-Анджелес қаласында болып өтетуғын жазғы Олимпиада ойынларында қатнасыў ушын биринши лицензиялар таңлап алыныўы бул жарысқа айрықша әҳмийет бағышлайды.

Жарыстың тәртип-қағыйдаларына муўапық, олимпиада жолламаларын жеке тәртипте ҳәм топарлық шынығыўларда биринши үш орынды ийелеген спортшы ҳәм командалар алады.

Жәҳән чемпионатының медальлары ҳәм Олимпиада жолламалары ушын Өзбекстан сайланды командасының 7 ўәкили гүреседи.

Жеке бағдарлама:

Тахмина Икромова.

Топарлық шынығыўлар:

Эвелина Атальянц;

Мумтоза Исхокзода;

Амалия Мамедова;

Ясмина Мкртичева;

Юлия Валеватая;

Тамиля Зиганшина.