Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында елимиздеги барлық ул-қызларды байрам менен қызғын қутлықлады.

- Биз реформалардың дәслепки күнлеринен баслап жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыўды мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири етип белгиледик,-деди Президент.

Кейинги жылларда бул тараўда принципиаллық жақтан жаңа система жаратылды. Ҳәр бир мәҳәлледе жаслар жетекшилери жумысы жолға қойылып, жигит-қызлардың басламаларын қоллап-қуўатлаў, бәнтлигин тәмийинлеў, билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ҳәм исбилерменлик жумысын баслаўы ушын кең имканиятлар жаратылды. Ҳәр ҳәптениң пийшемби күни "Жаслар күни"не айланып, жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешиўге министрликлер ҳәм уйымлардың күшлери мобилизацияланбақта.

Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде "Жаслар дәптери" арқалы 1,5 миллион жастың машқалалары шешилди. Жас исбилерменлердиң саны 5 есеге көбейип, 287 мыңнан асты. Шет тиллерин интенсив үйренип атырған ул-қызларымыздың саны 3,5 миллионға жетти. Қәбилетли мектеп оқыўшылары ҳәм студентлер абырайлы халықаралық пән олимпиадаларында 434, жас спортшылар халықаралық жарысларда 2 мың 245 медальды қолға киргизди.

Мәмлекетимиз басшысы бүгинги глобал бәсеки шараятында мәмлекетлердиң үстинлиги, бәринен бурын, билим, технология ҳәм инсан капиталы менен белгиленетуғынына итибар қаратты.

- Билип қойың, енди мәмлекетлер аймақлар емес, билимлер, халық саны емес, технологиялар, тәбийғый байлықлар емес, инсан капиталы менен бәсекилеседи. Билим, илим ҳәм интеллектуаллық потенциалға тийкарланған жаңа "билимлер экономикасы" шешиўши күшке айланбақта, - деди Президент.

Мәмлекетимиз жетекшиси жасларды уллы ата-бабаларымызға мүнәсип мийрасхор болыўға, Жаңа Өзбекстанда Үшинши Ренессанс тырнағын жаратыўға шақырды.

Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы футбол бойынша Өзбекстан сайланды командасының жәҳән чемпионатындағы қатнасыўына да тоқтап өтти. Күшли қарсыласлар менен өткерилген ойынлар футболшыларымызға үлкен тәжирийбе арттырыў имканиятын берген болса, Аббос Файзуллаев ҳәм Элдор Шомуродовтың жәҳән чемпионатындағы дәслепки голлары халқымызға үлкен қуўаныш бағышлағаны атап өтилди.

- Орынсыз сезимлерге берилип, Ўатанымыздың абырайын қорғаған сайланды команда ағзаларын сынға алыў, айыпкерлерди излеў халқымызға тән емес. Керисинше, оларды қоллап-қуўатлаў, руўхландырыў бүгин ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли, - деди Президент.

Алдымызда еле үлкен жеңислер бар екени атап өтилди. Буның ушын балалар футболына итибарды күшейтиў, бул спорт түрин улыўма миллий ҳәрекетке айландырыў зәрүр. Келеси жылы январь айында Саудия Арабстанында болып өтетуғын Азия кубогине таярлық ҳәзирден басланады.

Президентимиз жаслардың турмыста мүнәсип орын ийелеўи ушын ең тийкарғы сүйениш сыпатында билим, кәсип ҳәм заманагөй технологияларды атап өтти.

Усы мақсетте "Келешек билимлери" экосистема иске қосылып, ҳәр жылы 500 мың жигит-қыз заманагөй кәсип-өнерге оқытылады. Оқыў орайларын ашпақшы болған жасларға жеңиллетилген шәртлер тийкарында жер майданлары ҳәм мәмлекетлик объектлер бериледи, мәмлекет есабынан зәрүр инфраструктура шөлкемлестириледи, бундай орайларды қурыў ҳәм үскенелеў ушын кредит процент ставкасы қаплап бериледи.

Кәсип ийелеген, бирақ жаңа өнер үйрениўге умтылып атырған жаслар ушын "кәсипке ваучер" енгизиледи. Ҳәр жылы 50 мың жас әўлад ўәкиллерине заманагөй кәсип-өнерге оқытыў қәрежетлери процентсиз ссудалар есабынан қаплап бериледи. Және 85 мың жумыссыз, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ул-қызларына жеке меншик билимлендириў орайларында кәсип-өнерге оқытыў ушын бийпул ваучерлер бериледи. Усы жылдың өзинде бул система ушын 120 миллиард сум ажыратылады.

Техникумлардың жумысында жеке меншик сектордың қатнасы кеңейтилип, лицензия талаплары әпиўайыластырылады. Жаңа оқыў жылынан баслап кәсип-өнерге оқытыў ушын мәмлекетлик грантлар жеке меншик техникумларға да бериледи. Халықаралық профессионал таңлаўлардың жеңимпазлары ҳәм олардың устазлары ақшалай сыйлықлар менен хошаметленеди.

Мәмлекетимиздиң бай тарийхы, мәдений мийрасы, туризм ҳәм экспорт имканиятларын халықаралық майданда үгит-нәсиятлаўда шет тиллерин жақсы билетуғын 650 мыңнан аслам жаслардың потенциалын иске қосыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Усы мақсетте "санлы контент" платформасы иске қосылады ҳәм оны қаржыландырыў ушын жылына 20 миллиард сум ажыратылады.

Сырт елде билим алып атырған жаслар менен ислесиў бойынша да жаңа система жаратылады. Сырт елдеги жетекши жоқары оқыў орынларында билим алып атырған 14 мыңнан аслам жигит-қызларымыздың дем алыс дәўиринде елимиздеги министрликлер, ҳәкимликлер, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик компанияларда әмелият ҳәм стажировкадан өтиўи ушын өз-ара бирге ислесиўдиң санлы платформасы иске қосылады. "Эл-юрт умиди" қоры арқалы жасларды абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынларына оқыўға жибериў имканияты жеке меншик секторға да бериледи.

Президентимиз жоқары оқыў орынларының питкериўшилерин жумысқа қабыл ететуғын исбилерменлерге жас қәнигелерге дәрамат ҳәм социаллық салық ставкасы бир жыл даўамында 1 процент етип белгиленетуғынын мәлим етти. Бул илаж дерлик 200 мың питкериўшиниң бәнтлигин тәмийинлеўде әҳмийетли стимул болады.

Ата-анасының қарамағынан айырылған, әскерий хызметти өтеп, мийнет миграциясы ямаса жазаны өтеп қайтқан жасларды, физикалық имканияты шекленген жигит-қызларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде "Кепилленген биринши қәдем" пакети енгизиледи. Сондай-ақ, "Студент устаз" бағдарламасы шеңберинде жәмлеспеген жасларды қоллап-қуўатлаған студентлер хошаметленеди.

Буннан тысқары, "Жаслар минифраншизасы" бағдарламасы жолға қойылады. Жергиликли брендлердиң франшизасын сатып алған жигит-қызларға Жаслар исбилерменлиги қоры арқалы 300 миллион сумға шекем процентсиз кредит бериледи. Бул бағдарламаларды әмелге асырыў ушын 500 миллиард сум қаратылады.

Жасларға "бир айна" принципи тийкарында кәсип-өнер ҳәм шет тиллерин үйрениў, жумысқа орналасыў ҳәм исбилерменлик бойынша хызметлер көрсетиў имканиятын беретуғын Жаслар хаблары шөлкемлестириледи. Бул әмелият дәслеп Сурхандәрья ўәлаятында жолға қойылады, кейин басқышпа-басқыш басқа аймақларда да енгизиледи.

Мәмлекетлик басқарыўда жасларға исенимди беккемлеў мақсетинде 5 бағдар бойынша "ТОП-100" бағдарламасы әмелге асырылады. Жеңимпазлар сыйлықланады ҳәм басшылық лаўазымларына усыныс етиледи. Ҳәр бир министрлик ҳәм тармақ өз тараўындағы қәбилетли жасларды таңлап, халықаралық шөлкемлерге стажировкаға жибереди. Бундай әмелиятларға ҳәр жылы 2 мың жасты бағдарлаў бойынша реже ислеп шығылады.

Жигит-қызларды хошаметлеў ҳәм бир мақсет жолында бирлестириў мақсетинде "Өзбекстан жаслар лигасы" платформасы иске қосылады. Онда жаслардың оқыў, кәсиплик, исбилерменлик, илимий ҳәм жәмийетлик жумысы баҳаланады. Жоқары нәтийжелерге ерискенлерге грантлар, төлемли-контракт тийкарында оқыў ушын шегирмелер, кәсипке ваучер, жеңиллетилген кредитлер, сырт елде стажировка өтеў, кадрлар резервине киргизиў ҳәм ипотека бойынша жеңилликлер бериледи.

Банк-қаржы академиясы жаслар исбилерменлигин раўажландырыўда "ақыл орайы" сыпатында белгиленеди. Академия тыңлаўшылары аймақларда таяр бизнес жойбарларды қәлиплестиреди, Жаслар исбилерменлиги қоры оларды қолайлы шәртлерде жасларға усынады. Фонд жоқары дәрамат ҳәм көп жумыс орнын жарататуғын жойбарларға 5 миллиард сумға шекем инвестиция киргизеди. Бул система кеминде 300 мың жастың өз бизнесин баслаў имканиятын береди.

Инновациялық стартапларды қоллап-қуўатлаў бойынша да жаңа ўазыйпалар белгиленди.

- 2030-жылға шекем экономиканың көлемин 240 миллиард доллардан арттырыўды режелестиргенбиз. Оның ушын барлық тараўларға жаңа идеялар алып келетуғын инновациялық стартаплар зәрүр, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Кейинги тоғыз жылда жергиликли стартап экосистемасының 15 есеге өсип, 4 миллиард доллардан артқаны, 1 мың 200 ден аслам перспективалы стартап жойбарлар пайда болғаны атап өтилди. Енди ҳәр бир министр, тараў басшысы ҳәм ҳәким "Жаслардан 1 мың машқалаға - 1 мың шешим" жойбарын әмелге асырады. Жаслар ислери агентлиги бизнес, мәлимлеме технологиялары ҳәм креатив экономика тараўларындағы 100 ең жақсы жойбарға 1 миллиард сумға шекем инвестиция киргизеди.

Жаслардың мәлимлеме технологиялары ҳәм жасалма интеллект тараўындағы имканиятлары кеңейтиледи. "Санлы ҳүкимет" орайында дәслепки суперкомпьютер кластери иске қосылып, оның қуўатлылығы келеси жылы 3 есеге арттырылады. Усы жылы 20 жоқары оқыў орнында жасалма интеллект лабораториялары шөлкемлестириледи. Жаслар бул имканиятлардан бийпул пайдаланып, аймақлар ҳәм тармақлардағы машқалаларға шешим ислеп шығады.

Жаңа IT-парклерди шөлкемлестириў есабынан жаслар ушын 20 мыңнан аслам жоқары дәраматлы жумыс орынлары жаратылады. "Мениң биринши компьютерим" бағдарламасы шеңберинде жәрдемге мүтәж шаңарақлардың 10 мың жасына "ноутбук" сатып алыўда жәрдем бериледи.

IT ҳәм жасалма интеллект бағдарында оқып атырған студентлер ушын дуал билимлендириў системасы кеңейтиледи. Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы мәмлекетлик стипендия, қәбилетли қызлар ушын "Инженер қызлар" стипендиялары шөлкемлестириледи. Халықаралық олимпиадалардың жеңимпазлары ушын нәзерде тутылған 1 миллиард сум муғдарындағы ақшалай хошаметлеў халықаралық жасалма интеллект олимпиадаларының жеңимпазларына да енгизиледи.

Жасларда миллий өзликти аңлаўды күшейтиў ҳәм санлы мәканда миллий контенттиң үлесин арттырыў мақсетинде IT-парклерде компьютер ҳәм мобиль ойынларын ислеп шығарыўшылар ушын инквация орайлары ашылады. Ҳәр жылы миллий руўхта кеминде 20 компьютер ҳәм мобиль ойынларын ислеп шығыў бойынша мәмлекетлик буйыртпа бериледи.

- Жасларға жаратып атырған имканиятларымыздан ҳеш бир жигит-қыз шетте қалмаўы керек, - деди Президент.

Усы мақсетте "Ўатанға муҳаббат - социаллық басламалар" таңлаўы ҳәм социаллық қәўипли топардағы балаларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған "Қанат" жойбары жолға қойылады. "Жаслар басламалары марафоны" шеңберинде алға қойылған идеяларды әмелий жойбарларға айландырыў мақсетинде "Басламалар офиси" шөлкемлестириледи. Бул илажлар ушын 50 миллиард сум ажыратылады.

Сондай-ақ, ушырасыўда нәшебентлик ҳәм психотроп қураллардың нызамсыз айланысы менен байланыслы жынаятлар жаслардың келешеги ҳәм миллет генофондына үлкен қәўип туўдырып атырғаны атап өтилди.

- Биз бул иллеттиң жасларымыз арасында тарқалыўына ҳеш қашан жол қоймаймыз, оны пүткиллей жоқ етпегенше тоқтамаймыз. Нәшебентлик адамды ең қымбатлы нәрселерден - денсаўлық, ерк-ықрар, ақыл, арзыў-нийет, турмыслық мақсетлерден айырады. Умытпаң, инсанға өмир бир мәрте бериледи. Бул иллетке маўасасыз болып, өмириңиздиң ҳәр бир минутын жақсылыққа бағышлаң! - деди мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиз ата-аналарға мүрәжат етип, перзенттиң ҳәр тәреплеме раўажланыўы ҳәм айдын келешеги ушын беккем тийкар, бәринен бурын, шаңарақта жаратылатуғынын атап өтти. Мәмлекетимиз басшысы бүгинги тез өзгерип атырған қыйын шараятта ата-аналарды перзент тәрбиясында және де итибарлы ҳәм жуўапкершиликли болыўға шақырды.

Ушырасыў даўамында жаслар менен ашықтан-ашық сөйлесиў болды. Жигит-қызлар өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы жасларды үлкен-үлкен мақсетлерге исенимли умтылып, билим, кәсип-өнер ҳәм заманагөй технологияларды қунт пенен ийелеўге шақырды.

- Сизлердиң күш-ғайратыңыз, билимге болған умтылысыңыз ҳәм умтылысыңыз мени бәрқулла илҳамландырады. Үлкен мақсетлерге ерисиў, оқыў, жаңа билим, заманагөй кәсип ҳәм технологияларды ийелеў, қыйыншылықлардан қорықпаў ҳәм мийнеттен қашпаў ушын мәртлик пенен ҳәрекет етиң! Арқаңызда сизлерди үлкен үмитлер менен тәрбиялап камалға келтирген ата-ана, билим, тәрбия ҳәм кәсип берген устаз-тәрбияшылар бар екенин умытпаң. Сизлерге бәрқулла сүйениш болатуғын, сизлерге исенетуғын ҳәм бәрқулла қоллап-қуўатлайтуғын Президентиңиз бар, - деди Президент Шавкат Мирзиёев.