"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтта жаўын-шашын болмайды. Самалдың тезлиги 3-8 м/с, 12-14 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 33-35°.

Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы күтиледи. Ташкент, Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятларының таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел-суў өтиўи мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди.