Мине усы себептен халық саламатлығы мәмлекеттиң раўажланыўында оғада әҳмийетли орын ийелейди. Физикалық саламатлық жәмийетте көтериңки кейпиятты, дөретиўшилик умтылысын күшейтеди. Сонлықтан, кейинги жыллары халқымыз, әсиресе, балалардың саламатлығын сақлаў бағдарында үлкен реформалар болып өтпекте.
Атап айтқанда, жуқпалы кеселликлерге қарсы профилактикалық шаншыў илажлары турақлы түрде кең көлемге ийе болды. Қарақалпақстанда да бундай жумыслардың нәтийжелилиги арттырылғаннан соң, бир қатар кеселликлер шегинди. Соның ишинде, мақсетли ҳәм системалы медициналық профилактика себепли ләң, дифма, столбняк сыяқлы кеселликлерди пүткиллей жоқ етиўге ерисилди. Бирақ усы нәтийже менен жумыслар тоқтап қалған жоқ. Себеби, медицина раўажланып атырған болса да, айырым түрдеги жуқпалы кеселликлер елеге шекем жәмийет саламатлығына, атап айтқанда, балалар саламатлығына қәўип туўдырыўы мүмкин. Сондай кеселликлерден бири А вируслы гепатит. Қәнигелердиң пикиринше, вируслы гепатитке қарсы гүресиўдиң ең нәтийжели ҳәм исенимли усылларынан бири профилактикалық шаншыў болып табылады. Бирақ бул түрдеги вакцинация тек ғана эпидемиялық көрсетпелерге тийкарланып өткериледи ҳәм ол Миллий емлеў календарына рәсмий түрде киргизилмеген. Халықтың, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж қатламның саламатлығын сақлаў мақсетинде елимизде әҳмийетли қәдемлер тасланбақта. Соның ишинде, 2025-жыл 27-январьда Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын айрықша пәрманы қабыл етилген еди. Пәрман тийкарында 2025-жылдың өзинде Қарақалпақстанда жасаўшы балалар ушын тийисли қаржы ажыратылып, 47 мың 220 доза вакцина сатып алынды. Жас көрсеткиши бойынша кеселлениў дәрежеси жоқары болған балаларда А гепатитине қарсы бийпул шаншыў өткерилди.
Нәтийжеде халықтың А вируслы гепатити менен кеселлениў көрсеткиши 2024-жылдағыға салыстырғанда 1,6 есеге, мақсетли топар балалары арасында кеселлениў жағдайлары 3,7 есеге азайды.
Усы жылы да Қарақалпақстанға бюджеттен 8 миллиард сум ажыратылып, арнаўлы вакциналар алып келинди. Соның есабынан мақсетли топардағы 45 мыңнан аслам баланы А вируслы гепатитине қарсы шаншыў бойынша тийисли илажлар әмелге асырылады.
Бул әҳмийетли препаратлар, биринши гезекте, 6 жастағы балаларды ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлерин бийпул шаншыў ушын бағдарланбақта. Медициналық-профилактикалық илажлар аймақлар бойлап избе-из өткерилип, сатып алынған вакциналар Әмиўдәрья районына да жетип келди.
- Вакциналар арнаўлы медициналық транспорт қураллары жәрдеминде райондағы 14 шаншыў пунктине қәўипсиз тәризде жеткерип берилди. Ҳәзирги ўақытта орынлардағы мәкемелерде 2019-жылы туўылған балаларды ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың перзентлерин режели түрде шаншыў баслап жиберилди, - дейди Әмиўдәрья районы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық бөлиминиң шыпакери Мирзабек Аманқулов. - Мәмлекетимиздеги бундай кең көлемли ҳәм жедел илажлар тек ғана эпидемиологиялық жағдайды турақлы сақлаўға емес, ал ертеңимиз ийелери болған балалардың саламат болып камалға келиўине де беккем тийкар жаратпақта.
Жүрек-қан тамыр кеселликлери пүткил дүньяда көп ушырасатуғын ҳәм инсан өмирине айрықша қәўип туўдыратуғын кеселлик болып есапланады. Сол себепли, елимизде бул кеселликке қарсы кең көлемли профилактика өткерилмекте. Әне усындай ийгиликли ҳәм әҳмийетли илажлардан бири Әмиўдәрья районында шөлкемлестирилди.
- Пайтахттан, атап айтқанда, Миллий медицина орайынан Әмиўдәрьяға жоқары маманлықтағы бир топар қәнигелер келди. Олар заманагөй үскенелер жәрдеминде жергиликли халықты тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерди. Тексериўде тийкарғы итибар халық арасында кардиоскрининг деп аталатуғын оғада әҳмийетли процесс, яғный коронарография әмелиятын орынлаўға қаратылды, - дейди Әмиўдәрья районы медицина бирлеспеси баслығының орынбасары Зокир Ўрозбоев. - Қәнигелер арнаўлы мобиль ангиограф аппараты жәрдеминде жүректиң коронар тамырларын анық ҳәм оператив тексерди.
Медицинада бул әмелият инфарктке шекемги жағдайларды ерте анықлаў ҳәм өлимге алып келетуғын аўыр жүрек соғыўларының алдын алыўда ең нәтийжели усыл есапланады. Миллий медицина орайы шыпакерлериниң шетки аймақларға барыўы болса бундай қурамалы тексериўлерди орайға бармастан, наўқаслардың тиккелей жасаў орнында өткериў имканиятын бермекте.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, коронарография жүректи азықландырыўшы қан тамырларының жағдайын арнаўлы контраст зат ҳәм рентген аппараты жәрдеминде тексериўдиң ең исенимли усылы болып есапланады.
- Бул тереңлестирилген медициналық тексериў ҳәм қурамалы диагностика әмелиятлары халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламлары ушын пүткиллей бийпул. Процессте, биринши гезекте, барлық напақа алыўшы пуқаралар, 1 ҳәм 2-топар майыплығы болған шахслар, социаллық реестрде кәмбағал шаңарақ сыпатында дизимге алынғанлар қамтып алынды, - дейди Зокир Ўрозбоев. - Олардан тысқары, аўған урысы ҳәм Чернобыль апатшылығы қатнасыўшылары да усы бийпул кардиоскрининг бағдарламасына киргизилген болып, зәрүрлик туўылғанда, оларға медициналық қамсызландырыў шеңберинде бийпул стент қойыў әмелияты да орынланыўы нәзерде тутылған. Бундай итибар ҳәм ғамқорлық халқымыз қуўанышына себеп болмақта.
Инсан саламатлығы бийбаҳа байлық. Өз ўақтында өткерилген дурыс ҳәм анық тексериўлер көплеген аўыр асқыныўлардың алдын алыўға хызмет етеди. Әмиўдәрья районында шөлкемлестирилген бул ретки медициналық акция шеңберинде жерлеслеримиз денсаўлығына итибарлы болыўға шақырылды. Ҳәзирги ўақытта бул халықтың саламатлығы жолында жаратылып атырған үлкен имканиятлардың және бир әмелий көриниси болды.
Минажиддин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы