Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң "Ҳайўанат дүньясы объектлерине
жеткерилген зыянды қаплаў, сондай-ақ, сийрек ушырасатуғын ҳәм жойтылып кетиў
қәўпи астында турған жабайы ҳайўанларды қорғаў илажлары ҳаққында"ғы
343-санлы қарарында усыған байланыслы норма нәзерде тутылған.
Ҳүжжетке бола, қадаған етиў 2026-жыл 1-августтан 2028-жыл 1-январьға
шекем әмел етеди ҳәм дизимлери қарардың 1-қосымшасында келтирилген жабайы
ҳайўанлардың түрлерине қолланылады.
Онда, фермер хожалықлары, питомниклер, инкубаторлар, балықшылық ҳәм ҳәўиз
хожалықларында сақланып атырған ямаса жетистирилип атырған ҳайўанларға,
сондай-ақ, олардан илимий ҳәм медициналық мақсетлерде пайдаланыў жағдайларына
шеклеўлер қолланылмайды.
Сондай-ақ, жабайы
ҳайўанларды тутыў ушын квоталарды қәлиплестириў ҳәм бөлистириўде аўланыўы
шекленген, аз ушырасатуғын ҳәм жоқ болып кетиў қәўпи астында турған
ҳайўанлардың дизимине киргизилген түрлерге квота ажыратыў қадаған етилмекте.
Қарардың қабыл
етилиўи Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 30-январьдағы
"Өзбекстан - 2030" стратегиясын “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм
"жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик
бағдарлама ҳаққында"ғы ПП-16-санлы Пәрманының орынланыўына, сондай-ақ,
ҳайўанат дүньясы объектлерин қорғаў, биологиялық көп түрлиликти сақлаў ҳәм экосистемалардың
турақлылығын тәмийинлеўге байланыслы илажларды күшейтиўге қаратылған.