Бир миллионнан аслам халықты ишимлик суўы менен
тәмийинлеп атырған, ҳәзирги ўақытта жедел модернизациялаўды талап етип атырған
"Үргенш-1" ири насос станциясына айрықша итибар қаратылды.
Зәрүр модернизациялаў ҳәм жаңалаўды талап ететуғын
және бир объект - бир миллионнан аслам халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеп
атырған "Үргенш-1" ири насос станциясы болып есапланады,-деди Саида
Мирзиёева.
Сапар етиў жуўмағында ўәлаят ҳәм районлардың басшылары
қатнасыўында жуўмақлаўшы мәжилис өткерилип, аймақтағы әҳмийетли машқалалар ҳәр
тәреплеме көрип шығылды.
Көтерилген барлық мәселелер тез пурсатта шешилиўи
керек екенлиги атап өтилди.
- Машқалалар ҳаққында ашық айтыў, биргеликте шешим
табыў ҳәм оларды тийкарғы түрде әмелге асырыў әҳмийетли, - деди Президент
Администрациясы басшысы.