Илаж «Samarkand Marathon Expo»ны ашып береди, кейинги күни 2 км ҳәм 5 км жуўырыў, 2 км скандинав пияда жүриси, инклюзив жуўырыў, сондай-ақ, балалар арасында Kids Run жарыслары болып өтеди.
Тийкарғы марафон қатнасыўшылары 42,2 км, ярым марафон қатнасыўшылары 21,1 км аралықты басып өтеди.
Регистан майданында старт бериледи. Қатнасыўшылар тарийхый қаланың дыққатқа ылайық орынлары бойлап жуўырып өтеди.
«Samarkand Marathon» шеңберинде шөлкемлестириўшилер тәрепинен "Бурынғыдан таза" экологиялық бағдарламасы басланбақта. Бағдарламада пластиктен пайдаланыўды қысқартыў, көп мәрте пайдаланыўға болатуғын материалларға өтиў, шығындыларды бөлек-бөлек жыйнаў ҳәм қайта ислеўди енгизиў, экобаллар системасы арқалы қатнасыўшылардың экологиялық мәдениятын арттырыў нәзерде тутылған.
Бағдарламаның бағдарларынан бири - плоггинг болып, онда қатнасыўшылар жуўырыўды шығынды жыйнаў менен бирге алып барады. Бул акция үшинши мәрте өткерилмекте.
Спорт илажы өткерилетуғын күнлерде «Samarkand Marathon» лекциялары, қала бойлап азанғы жуўырыў ҳәм кешки концерт бағдарламалары өткерилиўи режелестирилген.
Дәстүрге бола, марафон қайырқомлық характерине ийе болады. Жыйналған қаржылар серия стартлары өткерилетуғын аймақларда балалар спорт майданшаларын қурыўға бағдарланады.
«Samarkand Marathon» сериясының кураторы, марафонларды өткериў бөлиминиң баслығы Мирхан Сагитовтың атап өтиўинше, быйылғы жылы илажға сырт елден қызығыўшылық артқан. Онда 63 мәмлекеттен 1,5 мыңнан аслам қатнасыўшы дизимнен өткен.
"Биз ушын бул марафон Өзбекстаннан тысқарыда да барған сайын танылып атырғаны ҳәм тек ғана жарысларда қатнасыў емес, ал Самарқандтың бай мәдений мийрасы менен танысыўды қәлеўши жуўырыўшыларды тартып атырғанының тастыйығы болып есапланады", - деди ол.
Шөлкемлестириўшилер «Samarkand Marathon»ты халықаралық спорт илажы сыпатында раўажландырыў, соның ишинде, Самарқандты Орайлық Азияның жетекши марафон бағдарына айландырыўды мақсет еткен.
«Samarkand Marathon» дүркиминде усы атамадағы «Bukhara Night Race», «Sky Camp Бостанлык», «Zaamin Ultra» ҳәм «Aral Ultra» марафонлары бирлестирилген.