- Наўқасты аралықтан бақлаў, сөйлеў арқалы кеселликти анықлаў ҳәм дәри қәўипсизлигин қадағалаў бойынша жаңа шешимлер енгизиледи,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Бул шешимлер медицинада жасалма интеллекттен пайдаланыў көлемин кеңейтеди. Шыпакерлер жумысында жаңа технологияларды қолланыўға итибар күшейтиледи.

Ҳәр бир ўәлаятта "Ең жақсы ИТ операторы" ҳәм "Санлы медицинаның ең жақсы шыпакери" таңлаўлары өткериледи. Жеңимпазлар 100 миллион сумнан сыйлық алады.