Дүньяда өмирде ҳеш қашан қан анализин тапсырмаған адамлар болмаса керек. Аш қарынға қан тапсырыў кереклиги ҳаққында еситкен де. Көбинесе аўқаттан сақланыў керек болған ўақыт та айтады. Бул шама менен 8 сааттан 12 саатқа шекем. Әдетте бул анализ ушын азанда ямаса түнде қан тапсырыў кереклигин аңлатады, себеби уйықлағанда аўқат жемеймиз-ғо!?
Қан анализи организмде қандайда бир патологиялық процесслер жүз берип атырғанын алдыннан болса да, түсиниўге жәрдем береди. Бирақ, қан көрсеткишлери патологияны емес, ал зат алмасыўындағы ўақтынша өзгерислерди көрсетиўи мүмкин, делинеди “nkj.ru” сайтында.
Бул өзгерислер биринши гезекте, аўқат пенен байланыслы ҳалда жүз береди. Усы мәнисте не ушын аш қарынға қан тапсырыўды сорайтуғыны түсиникли. Бирақ барлық қан көрсеткишлери аўқатланыўды сезе ме? Егер глюкоза, холестерин ҳәм май-триглицеридлер дәрежеси ҳаққында айтатуғын болсақ, олар ҳақыйқатында да аўқаттан кейин көтериледи, бул ҳәр қыйлы изертлеўлер менен тастыйықланған.
Бирақ қан тек углевод ямаса липид алмасыўын баҳалаў ушын берилмейди. Онда иммун клеткалар ҳәм тромбоцитлер саналады, онда гемоглобин ҳәм баўыр ферментлериниң активлиги өлшенеди, микроэлементлер муғдары, электролитлер дәрежеси ҳәм басқа да көрсеткишлер де баҳаланады.
Улсан университети ҳәм Қубла Кореяның басқа да илимий орайларының хызметкерлери Қубла Кореяның 670 емлеўханасында 100 мыңнан аслам адамнан алынған 10 миллионға шамалас түрли қан анализлерин таллады. Санларға қарап, наўқаслар бир неше мәрте қан тапсырғанын болжаў мүмкин. Бул болса бирдей адамлардың анализ мағлыўматларын салыстырыў имканиятын берди. Соның менен бирге, бирдей адам түрли жағдайларда ямаса әдеттегидей, яғный 8-12 саат, ямаса 12 сааттан артық, ямаса 8 сааттан кем аш болған. Статистикалық усыллардан пайдаланып, изертлеўшилер ҳәр қыйлы ашлық қан анализине, анығырағы, егер ҳәр бир анализ белгили бир бирикпе ямаса параметрди баҳалаўды нәзерде тутатуғын болса, 121 анализге қандай тәсир ететуғынын билиўди қәлемеди.
“JAMA Internal Medicine” мақаласында айтылыўынша, тек ғана он анализ ашлық даўамлылығына сезгир. Олардың арасында, күтилгениндей, глюкоза анализи де бар еди. Егер бир адам лабораторияға келиўден 8 саат алдын аўқатланған болса, оның дәрежеси орташа 10,8 процентке артқан. Сондай-ақ, бул жағдайда май-триглицеридлер муғдары 20,1 процентке, усы триглицеридлерди тарқататуғын сиңириў ферменти липаза 36,4 процентке, аминокислоталар алмасыўында қатнасатуғын гамма-глутамилтрансфераза ферменти болса 14,8 процентке артқан. Узақрақ аш болыў (яғный 12 сааттан артық) қан анализлериниң анықлығына ҳеш қандай тәсир көрсетпеди.
Аш қарынға қан тапсырыў зәрүрлиги оны тапсырыўшы ушын да, анализ қылыўшылар ушын да белгили бир қолайсызлықлар туўдырады – түсинип турғаныңыздай, медициналық лаборатория хызметкерлери азан менен жүдә бәнт болады. Бәлким, жоллама бериўде аўқатланыўдан үлкен тәнепис талап ететуғын ҳәм бундай тәнеписти талап етпейтуғын анализлерди ажыратыў керек. Айырым орынлардағы медицина мәкемелеринде тап усындай жол тутылатуғынын атап өтиў керек.