Ушырасыўда Өзбекстанда аўыр атлетикани раўажландырыў, оның ғалабалығын арттырыў, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў, жоқары маманлықтағы спортшыларды таярлаў бойынша әмелге асырылып атырған системалы жумыслар додаланды.

Кейинги жыллары бул спорт түри менен шуғылланыўшылардың саны барған сайын артып атырғаны, спортшыларымыз абырайлы халықаралық жарысларда жоқары нәтийжелерге ерисип атырғаны тараўдағы реформалардың әмелий нәтийжеси екени атап өтилди.

Халықаралық аўыр атлетика федерациясының спортты глобал дәрежеде раўажландырыў, ҳадал бәсеки принциплерин беккемлеў, допингке қарсы гүресиў механизмлерин жетилистириў ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў бағдарындағы жумысы жоқары баҳаланды.

Сондай-ақ, Халықаралық ҳәм Азия аўыр атлетика федерацияларының Өзбекстан менен нәтийжели бирге ислесиўи, мәмлекетимизде аўыр атлетикамызды раўажландырыў, халықаралық жарысларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириўге қосып атырған үлеси айрықша атап өтилди.

Сөйлесиўде усы жылдың 7-14-август күнлери Ташкент қаласында аўыр атлетика бойынша Азия чемпионаты ҳәм Азия аўыр атлетика федерациясы Атқарыў комитетиниң мәжилиси өткерилиўиниң әҳмийетине айрықша итибар қаратылды.

Бул абырайлы илажлар спорт тараўында халықаралық бирге ислесиўди және де кеңейтиў, жасларды спортқа тартыў, тәжирийбе алмасыў ҳәм Өзбекстанның халықаралық спорт майданындағы абырайын арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан менен Халықаралық ҳәм Азия аўыр атлетика федерациялары арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, ири халықаралық жарысларды өткериў ҳәм елимизде аўыр атлетикалық спортты кеңнен ғалаба ен жайдырыў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерди избе-из даўам еттириў бойынша пикир алысылды.

Ушырасыў шеңберинде Муҳаммад Жалуд ал-Шаммарийге "Өзбекстан Республикасының ҳүрметли пуқарасы" атағын бериў ҳаққындағы гүўалықты салтанатлы түрде тапсырыў мәресими болып өтти.

Мийманлар Сенаттың Ҳүрметли мийманлар китабына қолтаңба жазып қалдырды.