Мәмлекетимиз басшысы бул жойбар Жаңа Өзбекстанның экономикалық қүдирети
ҳәм транспорт-логистика потенциалын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе екенин атап
өтти.
- Бүгин бул тараўда, әлбетте, жаңа дәўир басланбақта. Халқымыз ушын
раўажланыў ҳәм абаданлық тымсалына айланатуғын бул үлкен жойбардың басланыўы
менен қутлықлайман,-деди Президентимиз.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимиздиң экономикасы 3 есеге
өсти. Оның көлемин 2030-жылға шекем 240 миллиард долларға жеткериў мақсет етип
қойылды. Бул экономиканың өсиў пәтлерине сәйкес түрде жол-транспорт ҳәм
логистика инфраструктурасын раўажландырыўды талап етеди.
Бүгинги күнде
Өзбекстан аймағынан халықаралық әҳмийетке ийе 4 мың километр транзит жоллары
өтпекте. Олардың 30 проценти толық қуўатлылықта, және 25 проценти есабынан
артықша жүклеме менен ислемекте.
Қытай -
Қырғызстан - Өзбекстан темир жолы ҳәм Трансаўған магистралы пайдаланыўға
тапсырылғаннан соң, мәмлекетимиз Тыныш океаннан Европаға шекемги ең қысқа
қурғақлық коридорының әҳмийетли буўынына айланады. Пакистан портлары арқалы
Ҳинд океаны ҳәм Қубла Азия базарларына шығыў ушын да жаңа имканиятлар ашылады.
Есап-санақларға
бола, жылына қосымша 15-20 миллион тонна транзит жүклерди қабыл етиў 400-600
миллион доллар дәрамат алыў, логистика орайлары ҳәм терминалларын
шөлкемлестириўге 3 миллиард доллар инвестиция тартыў, 50 мың турақлы жумыс
орнын жаратыў имканиятын береди.
Усы мақсетте,
2030-жылға шекем Әндижанды Қоңырат пенен, Термизди Ташкент пенен
байланыстыратуғын 4 мың километр халықаралық жолларды жоқары талапларға жуўап
беретуғын заманагөй транзит коридорларына айландырыў режелестирилген.
"Ташкент - Самарқанд" жаңа жолы усы стратегиялық бағдарламаның әҳмийетли
бөлеги болады.
Соңғы он жылда 78
триллион сум есабынан 128 мың километр жолда қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге
асырылды. Енди елимизде биринши мәрте жоқары категориялы заманагөй
автомагистрал қурылмақта.
Улыўма узынлығы
282 километр болған 6 полосалы жолдың баҳасы дерлик 2,2 миллиард долларды
қурайды. Ол 2 миллионнан аслам халық жасайтуғын Ташкент, Сырдәрья, Жиззақ ҳәм
Самарқанд ўәлаятларының 13 районынан өтип, бул аймақлардың раўажланыўы ушын
жаңа имканиятлар ашады.
Жойбар шеңберинде
аўыл хожалығы ушын 92 көпир, 28 жол өткели, 60 туннелли өткел, жер асты жоллары
ҳәм суў өткериў имаратлары қурылады.
Жол қапламасы
аўыр ҳәм тез жүрер транспорт қураллары ҳәрекетине мөлшерленген беккем монолит
бетоннан таярланады. Тегис жерлерде ҳәрекет тезлиги саатына 150 километрге
шекем болыўы нәзерде тутылған.
Қәўипсизлик
тараўындағы заманагөй шешимлер, санлы ҳәм инновациялық технологиялар
жол-транспорт ҳәдийселериниң санын сезилерли дәрежеде азайтыў имканиятын
береди.
- Жойбар әмелге
асырылғаннан соң, жаңа жолдың абзаллығын ҳәр бир ўатанласымыз сезеди.
Ташкенттен Самарқандқа жетип барыў ўақты ҳәзирги 5 сааттан 2 ярым саатқа
қысқарады, - деди мәмлекетимиз басшысы.
Жаңа
автомагистральдың өткериў қуўатлылығы суткасына 60 мыңнан 80 мыңға шекем
транспорт қуралын қурайды. Иркинишсиз, тең өлшеўли ҳәрекет энергия жумсалыўын,
амортизациялық ҳәм техникалық қәрежетлерди азайтыў имканиятын береди.
Есап-санақларға
бола, жүк тасыўдың өзине түсер баҳасы 19-24 процентке азаяды. Бул, әсиресе, тез
бузылатуғын мийўе-овощ, гөш, сүт ҳәм басқа да өнимлерди базарларға тез ҳәм
сапалы жеткерип бериўде айрықша әҳмийетке ийе.
Жаңа жол Ферғана ойпатлығы
ҳәм мәмлекетимиздиң орайлық аймақларын қубла ҳәм батыс ўәлаятлар менен
байланыстырыўшы әҳмийетли буўын болады. Сондай-ақ, халықаралық транспорт
коридорларының нәтийжелилигин арттырады ҳәм Өзбекстанның Орайлық Азияның
транспорт-логистика орайы сыпатындағы абырайын беккемлейди.
Жәҳән банкиниң
таллаўларына бола, бундай инфраструктуралық жойбарларға жумсалған ҳәр бир
доллар экономикаға бес есе көп қайтпақта. Жаңа жол Ташкент қаласы, Сырдәрья,
Жиззақ ҳәм Самарқанд ўәлаятларының жалпы аймақлық өниминиң 3 процентке өсиўине
хызмет етиўи күтилмекте.
Автомагистраль
бойында логистика орайлары, қоймаханалар, санаат ҳәм агросанаат кәрханалары,
саўда ҳәм сервис объектлери, мийманхана ҳәм туризм инфраструктурасы
шөлкемлестириледи. Бул жаңа жумыс орынларының жаратылыўын, хызметлер базарының
раўажланыўын ҳәм жергиликли бюджетлерге қосымша түсимлерди тәмийинлейди.
Қурылыс
процесинде жергиликли кәрханалардың өнимлери ҳәм жергиликли компаниялардың
хызметлеринен кеңнен пайдаланылады. Бул үлкен буйыртпалар, жаңа өндирислик
қуўатлықлар ҳәм қосымша жумыс орынларын жаратыўды аңлатады.
Төрт ўәлаят
басшыларына "Бирден-бир коридор - бирден-бир стандарт" принципи
тийкарында жер майданларын ажыратыў, логистика, инженерлик ҳәм коммуникация
инфраструктураларын биргеликте режелестириў бойынша тапсырмалар берилди.
Автомагистраль
Европа, Түркия, Қытай ҳәм басқа да мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбеси
тийкарында жойбарластырылған. Биринши басқышта қытайлы шериклер менен
биргеликте EPC модели тийкарында жол қурылады, кейин ала оны басқарыў, сақлаў
ҳәм эксплуатациялаўдың заманагөй механизмлери енгизиледи.
Жойбар
халықаралық сапа, қәўипсизлик ҳәм экология стандартларына муўапық әмелге
асырылады. Автомагистральдың пайдаланыўға тапсырылыўы 2030-жылға мөлшерленген.
Мәмлекетимиз
басшысы бул жойбар мәмлекетимизде жол қурылысы бойынша кең көлемли
бағдарламаның бир бөлеги екенин атап өтти. Хийўа - Үргенш жолының қурылысы
даўам етпекте, Ташкент - Әндижан жөнелиси бойынша халықаралық тендер жуўмақланыў
алдында, Ташкент қаласын Бостанлық районы менен байланыстыратуғын жолды қурыў
ушын жеке меншик шерик анықланбақта.
- Бүгин Ўатанымыз
ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы алдында елимиздиң келешеги, оның экономикалық
турақлылығы ҳәм халқымыздың абаданлығы ушын және бир беккем тырнақ тасын қойып
атырмыз, - деди Президент.
Мәмлекетимиз
басшысы қытайлы бирге ислесиўшилерге, жергиликли ҳәм сырт елли қәнигелер,
инженерлер, жойбарлаўшы ҳәм қурылысшыларға табыслар тилеп, Өзбекстан тарийхында
биринши мәрте бундай "жасыл" ҳәм инновациялық жол қурылатуғынын
айрықша атап өтти.
Буннан соң
Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент - Самарқанд жаңа автомобиль жолының тырнағына
капсула қойды ҳәм оның қурылысына старт берди.