Мәмлекетимиз басшысы соңғы жыллары Сергели районында үлкен өзгерислер болғанын атап өтти. Жақынға шекем Сергели районы пайтахттың шетки аймағы есапланып, оның халқы мийнет етиў, дәрамат табыў, дем алыў, медициналық хызметлерден пайдаланыў ушын қала орайына барыўға мәжбүр еди.

Бүгин болса районда орталық, адамлардың турмыс тәризи түп-тийкарынан өзгерди. Кейинги он жылда бул жерде 30 мың квартиралы жаңа турақ жайлар, жәми 2 миллион квадрат метрлик санаат, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери қурылды.

Исбилерменлердиң саны 2,5 мыңнан 6 мың 200 ге көбейди. Районда қәлиплестирилип атырған бюджет түсимлери 382 миллиард сумнан 2 триллион 200 миллиард сумға, яғный 5,5 есеге артқан. Халық ушын 5 ири дем алыў орны ҳәм дем алыў бағлары иске қосылды.

Ташкент ўәлаятынан өткен 13 мәҳәлле есабынан Сергели районының аймағы 1 мың 800 гектарға кеңейип, 5,6 мың гектарға жеткен. Районды басқа аймақлар ҳәм қала орайы менен байланыстырыўшы 9 километр жол, 8 бәндиргили жаңа метро жөнелиси қурылды.

Мектеплердеги орын 25 мыңнан 38,5 мыңға, бақшалардағы орын 7,5 мыңнан 15,5 мыңға көбейди. 50 мәмлекетлик ҳәм жеке меншик клиника шөлкемлестирилди.

Соның менен бирге, транспорт, жол, энергетика, суў ҳәм канализация инфраструктураларын жақсылаў бойынша еле шешимин күтип турған мәселелер көп екенлиги атап өтилди.

Халықты дизимге алыўдың дәслепки нәтийжелери Сергели районындағы ҳақыйқый жағдайды айқын көрсетти. Алдын район халқының саны 181 мың деп көрсетилген болса, халықты дизимге алыў жуўмақлары бойынша бул жерде ҳақыйқатында 236 мыңға шамалас халық жасайтуғыны мәлим болды. Жақын жылларда Сергелиде халықтың саны 300 мыңнан артыўы күтилмекте.

Сол себепли, басшылар ҳәзирден-ақ турақ жайлардың көлемин, бақша, мектеп, поликлиника ҳәм жумыс орынларын халықтың өсиўине қарап арттырыў бойынша анық реже ҳәм бағдарламаға ийе болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Усы жылы Сергели районын раўажландырыў ушын бюджеттен 173 миллиард сум, банклер арқалы 2 триллион 200 миллиард сум ресурс ажыратылды. Район ҳәкими ҳәм жуўапкерлерге бул қаржылардан нәтийжели пайдаланып, қосымша қунды 2-3 есеге арттырыў бойынша режелерди әмелге асырыў ўазыйпасы қойылды.

Усы жылы пайтахт районларында улыўма баҳасы 9 миллиард долларлық инвестициялық жойбарлар әмелге асырылыўы керек. Сергели районының өзине өткен бес айда 236 миллион доллар инвестиция тартылған. Жылдың ақырына шекем 60 жойбарды иске қосыў арқалы және 750 миллион доллар тартыў режелестирилген.

Пайтахт шараятында санаат жойбарларын жайластырыўға тийкарғы тосқынлық жер мәселеси болып атырғаны көрсетип өтилди. Соның ушын "Жаңа әўлад" санаат зонасынан пайтахтымыздың 12 районы ушын майдан ажыратыў, инвестиция, санаат, жумыс орны, экспорт ҳәм бюджетке түсим көрсеткишлерин жойбар баслаған районға бириктирип қойыў системасын енгизиў бойынша тапсырма берилди.

Мәжилисте жер үсти метро линиялары астында саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин шөлкемлестириў тәжирийбеси де көрип шығылды. Онда мәмлекет жерден пайдаланыў ҳуқықын аукционға шығарады, жойбар ҳәм инфраструктураны таярлайды, кейинги жумысларды исбилерменлер орынлайды.

Сергели районында және 8,5 километр метро линиясында усындай жумыслар жуўмақланса, 137 саўда ҳәм хызмет көрсетиў объекти пайда болады, 1-1,5 мың жумыс орны жаратылады, район бюджетине қосымша 20-25 миллиард сум түседи.

Улыўма етип айтқанда, Яшнабад, Сергели ҳәм Янгиҳаёт районларынан өткен жер үсти метросының 23 километрлик бөлегинде усындай жойбарлар әмелге асырылса, және 400 исбилермен өз бизнесин баслап, 3 мың жумыс орнын жаратыў имканиятына ийе болады.

Сергели районында жерлерди таяр пакет - қурылысқа рухсатнама, архитектура-режелестириў тапсырмасы ҳәм жойбар менен аукционға шығарыў бойынша жаңа тәжирийбе басланды. Мәмлекетимиз басшысы бул тәжирийбени тек ғана жер участкаларында емес, ал саўдаға шығарылып атырған мәмлекетлик объектлер ҳәм санаат зоналарында да қолланыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Буннан алты жыл бурын Ташкент ўәлаяты аймағынан Сергели районына қосып алынған 13 мәҳәлледе 14,5 мың шаңарақ болып, оларда 50 мыңнан аслам халық жасайды. Бирақ бул аймақлардың халқы елеге шекем қала орталығын толық сезинип жетпеген.

Бул мәҳәллелерде жақтыландырыў ушын 629 темир-бетон бағана орнатылып, кабель тартылған. Бирақ система елеге шекем иске қосылмағаны сынға алынды. Жуўапкерлерге бул мәселени он күн мүддетте шешиў бойынша тапсырма берилди. Сондай-ақ, жыл ақырына шекем бул мәҳәллелерди канализация тармағына толық жалғаў ўазыйпасы қойылды.

Сергели районында халық ҳәм исбилерменлер санының артқаны себепли бес жылда электр энергиясына жыллық талап 40 процентке артқан. Айырым мәҳәллелерде электр тармағының күшлениўи нормадан 1,5-2 есеге төмен екени атап өтилди.

“Шаҳаролди”, “Ўзгариш” ҳәм “Қумариқ” подстанцияларын пайдаланыўға тапсырыў ушын жәми 107 миллиард сум қаржы ажыратылған. Жуўапкерлерге усы объектлерди өз ўақтында иске қосып, халықты кепилликли электр энергиясы менен тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.

Улыўма етип айтқанда, пайтахтымыздың Бектемир, Мырза Улығбек, Сергели, Яшнабад ҳәм Янги ҳаёт районларына өткен 46 мәҳәлледе электр, суў, канализация ҳәм жоллар бойынша бирде-бир шешилмеген мәселе қалмаўы керек екенлиги атап өтилди.

Сергели ҳәм Янгиҳаёт районлары халқын қыйнап киятырған және бир мәселе - суў тазалаў имараты әтирапындағы жағымсыз ийис. Жуўапкерлерге 1-сентябрьге шекем ақаба суўларды қабыллаў имаратына заманагөй фильтр қурылмаларын орнатып, бул машқаланы сапластырыў бойынша тапсырма берилди.

Келеси жылдан Бирлескен Араб Әмирликлеринен келген шериклер менен биргеликте Төменги Шыршық районында 300 мың куб метр заманагөй суў тазалаў қурылмасының қурылысы басланады. Бул арқалы Сергелидеги суў тазалаў имаратына жүклеме кескин азаяды.

Усы жылы халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде Сергели районының тийкарғы 23 километр жолларында ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў жумыслары қайта көрип шығылмақта. Кесилиспелерде 455 "ақыллы" светофор орнатылады, 150 автобус бәндиргиси жаңаланады, 10 мың автомобиль турыў орны шөлкемлестириледи.

Келеси жылы Жаңа Сергели көшесинде автобуслар ушын 5,5 километрлик BRT жолын қурыў режелестирилген. Ол Шота Руставели көшеси менен байланысады. Сергели, Бектемир ҳәм Янгиҳаёт районларын пайтахтымыздың басқа да аймақлары менен байланыстыратуғын Ташкент айланба жолында жаңа көпир қурыў жумысларын жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жыл басынан берли Ташкентке дерлик 3 миллион сырт ел туристи келген. Олардың көпшилиги тарийхый естеликлер, парклер, базарлар, кафе, ресторанлар, туристлик мәҳәллелерге шекем қәўетерсиз пияда барыўды қәлейди.

Буның ушын жол көрсеткишлери, қолайлы маршрутлар ҳәм санлы карталар зәрүр. Жуўапкерлерге автобус бәндиргилери, вокзаллар, аэропорт ҳәм метро станцияларында туристлер ушын телефонға бийпул ҳәм аңсат жүклеп алыў мүмкин болған қала жөнелислери картасын енгизиў бойынша тапсырма берилди.

Сондай-ақ, пайтахт мийманлары ҳәм сейил етиўге шыққан халық ушын жәмийетлик ҳәжетханалардың жетиспеўшилиги атап өтилди. Бир ай мүддетте өз алдына бағдарлама ислеп шығып, усы жылдың өзинде ҳәр бир районда 15-20 дан заманагөй ҳәжетхана қурыў ушын жерлерди аукционға шығарыў бойынша тапсырма берилди. Сондай-ақ, шығынды қутыларын кескин көбейтиў илажлары көриледи.

Сергели районындағы айырым мектеплер өз қуўатлылығынан 1,5-2 есе артық жүклеме менен ислемекте. Мәжилисте оқыўшы орынларын 2 есеге арттырыў имканиятын беретуғын жаңа типтеги мектеплер қурыў жойбары усыныс етилди.

Жаңа жойбарға бола, спорт залы, асхана ҳәм устахана жер төледе жайласады, жоқары қабатлардан оқыў ханалары сыпатында пайдаланылады. Усы жылы Ташкент қаласының ҳәр бир районында биреўден мектеп ҳәм бақшаға усындай қатнасты енгизип, "пайтахт тәжирийбеси"н жаратыў бойынша тапсырма берилди.

Пайтахтта халық ҳәм туристлер ушын салқын ықлым жаратыў мақсетинде 12 жасалма көлди жаратыў жумыслары басланбақта. Соннан үшеўи Сергели районында - Қўшқўрғон, Султонобод ҳәм Фароғатли мәҳәллелеринде 22 гектар майданда шөлкемлестириледи.

Бул көллерди пайтахтымыздың ықлымын мүнәсип сақлаў, адамлардың дем алыўы ҳәм сейил етиўине хызмет ететуғын орынларға айландырыў ўазыйпасы қойылды. Сондай-ақ, "Жўн" каналының Сергели ҳәм Янгиаёт районларынан өткен 5 километр бөлегин бетонлаў жумыслары басланғаны атап өтилди. Усы районлардың ҳәкимлерине жыл ақырына шекем канал бойында сейил етиў ҳәм саламатлық жолын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты тәмийинлеў бойынша пайтахт үлгисин жаратыў мәселеси де көрип шығылды. Республика басшыларының пайтахт районларына бириктирилгени өз нәтийжесин берип атырғаны атап өтилди.

Алты айда алдын алыў мүмкин болған жынаятлар саны азайды. 230 мәҳәлледе жынаят жүз бермеген, 332 мәҳәлледе жынаятшылық кескин азайған. Машқалалы криминоген жағдайға ийе мәҳәллелер саны 60 тан 23 ке азайды. Бул қалада жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўде жаңаша қатнаслардың нәтийжелилигин көрсетеди.

Қәўипсиз орталықты жаратыў бойынша Сергели районында да унамлы нәтийжелерге ерисилгени атап өтилди. Бурын криминоген жағдайы аўыр деп баҳаланған 29 мәҳәлле "жасыл" категорияға өткерилди. 17 мәҳәлледе жынаят жүз бермеген. Бул бағдарда Сергели Ташкент қаласы районлары арасында ең жақсы нәтийжелерден бирин көрсетти.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге Ўзгариш мәҳәллесиндеги профилактикалық жумыслардың тәжирийбесин кеңнен ен жайдырыў, райондағы қалған 46 мәҳәллени "жасыл" категорияға өткериў, жасырын экономиканы қысқартыў, жаслар менен ислесиўде жаңаша қатнасларды енгизиў бойынша тапсырмалар берди.

Мәжилисте ҳәкимлер ҳәм жуўапкерлердиң мәлимлемелери тыңланды.