“Report”тың жазыўынша, ол бул ҳаққында Анкарада (Түркия) болып өткен НАТО саммити шеңберинде журналистлерге айтқан.

"Мениңше, олар менен ислесиў ўақытты босқа өткериў. Өткен түнде Қурама Штатлар Иран объектлерине күшли соққы берди", - деп атап өтти ол.

Трамп "енди иранлылар менен ислесиўди қәлемейтуғынын" да қосымша етти.

Еслетип өтемиз, 17-июнь күни АҚШ ҳәм Иран арасында өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылған болып, онда еки мәмлекет арасындағы әскерий ҳәрекетлер тоқтатылған ҳәм 60 күн даўамында соңғы, турақлы тынышлық келисимине ерисиў ушын сөйлесиўлер алып барыў миннетлемеси белгиленген еди.

Ислам революциясы қорғаўшылары корпусының әскерий-теңиз ҳәм аэрокосмослық күшлери АҚШтың Иран әскерий объектлерине ҳүжимлеринен кейин жуўап ретинде соққы бергени ҳаққында хабар берилген еди.