Президент Шавкат Мирзиёев Наманган ўәлаятына сапары ўақтында бул кәрхананың жумысы менен де танысты.

Коммерциялық банктиң 50 миллион доллар қаржысы есабынан 121 гектар майданда Венгрияның «Aviagen» компаниясынан сатып алынған 60 мың бас нәсилли таўық интенсив усылда бағылады. Кәрхананың дәстүрий хожалықлардан тийкарғы абзаллығы санаат циклин толық өзлестириў - инкубациядан таяр гөш өнимлерин ислеп шығарыўға шекем.

Бул жерде енгизилген нәсилшилик бағдарындағы заманагөй генетикалық технологиялар ҳәр күни 60 мың дана жоқары сапалы мәйек алыў, инкубаторларда 50 мың шөже жетистириў имканиятын береди.

Жойбар шеңберинде жаратылған гөш ислеп шығарыў линиялары да жоқары экономикалық нәтийжелилиги менен ажыралып турады. Ҳәр бири 100 мың бас қусқа мөлшерленген комплекслерде 45-50 күн даўамында бройлер бағылып, бир айланыста 120 тоннаға шекем таўық гөши алынады.

Бул тәжирийбе тийкарында келешекте Мингбулоқ, Наманган, Норин, Поп, Уйчи, Чуст ҳәм Чортоқта жаңа қусшылық комплекслерин қурыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Нәтийжеде ўәлаяттағы қуслардың улыўма бас саны 12 миллионға, жойбар шеңберинде жаратылатуғын қосымша жумыс орынларының саны 500 ге жетеди, кеңейтилген кооперацияны есапқа алған ҳалда жәми 1 мың жаңа жумыс орны жаратылады.

"Уйчи парранда" кәрханасы тәрепинен қәлиплестирилген толық өндирис шынжыры тек ғана Наманган ўәлаятында емес, ал пүткил Ферғана ойпатлығы базарларында таўық гөши ҳәм мәйек баҳасының турақлылығын тәмийинлеў имканиятын береди. Жойбар толық қуўатлылық пенен иске қосылғаннан соң, сыртқы базарларға жеткерип бериў көлеми де артады.

Мәмлекетимиз басшысы усы жерде ўәлаяттың жетекши дийқан, фермер ҳәм исбилерменлери менен ушырасты.

Буннан тысқары, Наманган ўәлаятында бос турған жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, Поп районында жаратылған 100 гектар супер интенсив бағ бойынша жойбарлардың презентациясы өткерилди.

Баҳасы 20,7 миллиард сум болған бағ Поп районының тәбийғый-климат шараяты ҳәм топырағының өзгешелигинен келип шығып жаратылған. Ең әҳмийетлиси, усы жойбардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде узақ жыллар даўамында егилмеген, суў тәмийнатында қыйыншылықлар болған жерлер турақлы дәрамат дәрегине айландырылды.

Бағ аймағына 66,6 мың түп зүрәәтли мийўели терек нәллери егилген. Онда базарда өтимли мийўелердиң түрине айрықша итибар қаратылды. 60 гектар майданда 40 мың түп ерик, 25 гектарда 16,6 мың түп шабдал, 15 гектарда 10 мың түп шийе нәли жетистирилмекте.

Заманагөй суўғарыў ҳәм тәрбиялаў усылларының нәтийжесинде бул жерде ҳәр гектардан орташа 20 тоннадан сапалы өним алыў мөлшерленген. Бул көрсеткиш әпиўайы бағлардың өнимдарлығынан бир неше есеге көп.

Бул жерде енгизилген кооперация системасы шеңберинде 300 кәмбағал шаңараққа 30 сотих жер ажыратып берилди. Бундай қатнас мүтәж шаңарақларды турақлы дәрамат дәреги менен тәмийинлеў имканиятын береди.

Усы тәризде Наманган ўәлаятында пайдаланылмай атырған жерлерди экономикалық айланысқа тартыў жумыслары избе-из даўам еттирилмекте.

Мәселен, ўәлаятта 2019-2024-жыллары 38 мың 900 гектар жер аўыл хожалығы айланысына қайтарылған болса, тек ғана 2025-жылдың өзинде және 7 мың 28 гектар жер пайдаланыўға киргизилген. Бул стратегиялық баслама шеңберинде 2028-жылға шекем 18 мың гектар бос турған жерлерди басқышпа-басқыш өзлестириў нәзерде тутылған.